Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


www.ziyouz.com kutubxonasi Жақабаева


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet37/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

76
www.ziyouz.com kutubxonasi


Жақабаева
Нағыйма
1963
Нағыйма Жанабаева — жазыўшы.
Н. Жацабаева 1963-жылы 31-майда Шымбай районынын 
ҳәзирги “Таза жол” аўылында туўылды.
1980-жылы Хожели қаласындағы №4 А. П. Чехов атында- 
ғы орга мектепти тамамлап, 1981-86-оқыў жылларында Нөкис 
мәмлекетлик университетинин филология факультети қара- 
қалпақтили ҳәм әдебияты бөлимин питкереди.
Мийнетжолын 1987-2000-жыллары Шымбай районында- 
ғы 31-санльг мектепте қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пөни 
муғаллими болып ислеўден баслайды.
2000-жылдан ҳәзирги күнге шекем Шымбай педагогика- 
лық колледжинде қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни му- 
ғаллими ҳәм кафедра баслығы болып ислеп атыр.
Оныц биринши дөретпелери 1977-жылдан республика- 
лық, районлық баспа сөзде шыға баслады.
1990-жылы “Ана мехри”, 1993-жылы “Сәлем, муғаллим!”, 
1996-жылы “ Кд>фықбес минут” атамасында китаплары ба- 
сылып шықты.
Н. Жанабаева 2005-жылдан Жазыўшылар аўқамыныц 
ағзасы.
77
www.ziyouz.com kutubxonasi


Жапақов
Наўрыз
1914-1975
Наўрыз Жапақов — шайыр, алым хәм белгили жәмийетлик 
искер.
Н. Жапаков 1914-жылы Тахтакөпир районында туўыл- 
ған. Ол 1930-жылы Коммуна мектебин питкерип, Кетейли 
районында муғаллим болып ислеген, 1931-42-жыллары 
дәслеп әдебий хызметкер, сонынан “Жас Ленинши” газета- 
сынын жуўаплы хаткери, “Жеткиншек” газетасынын рс- 
дакторы лаўазымын атқарды ҳәм “Карақалпакстан әдебияты 
хәм искусствосы” журналында жуўаплы хаткер, “Кызыл Қара- 
калпакстан” газетасында бөлим баслығы болды.
Н. Жапақов 1942-жылдан баслап Областьлык Жаслар 
комитетининбиринши хаткери (1942-43), Областьлық партия 
комитетинин хаткери (1943-47), Карақалпакстан Республи- 
касы Министрлер Кенесинин баслығы (1947-52), 1952-55- 
жыллары Москвадағы Жокарғы партия мектебинде оқый- 
ды, 1955-жылы Кдрақалпақстан Республикасы Жоқарғы Ке- 
неси Президумынын Баслығы болып сайланды, ал 1956- 
59-жыллары Каракалпакстан Республикасы Министрлер Ке- 
несинин Баслығы болып иследи. Сонынан өмиринин акыры- 
на шекем Н. Дәўкараев атындағы Тарийх, тил ҳәм әдебият 
институтында сектор баслығы лаўазымын атқарады.
Н. Жапаков 1961-жылы “А. Мусаевтын творчествосы” 
деген темада филология илимлеринин кандидаты, 1967- 
жылы “ Кдракалпақ әдебиятында социалистлик реализм- 
ниц кәлиплесиў дәреклери” деген темада докторлық 
диссертацияларын жаклады.
Шайыр хәм алымныц 1930-жыллардын орталарынан 
баслап косыклары хәм макалалары жәриялана баслады. 
Онын көркем дөретпелери “ Қүн” (1940), “Қуўанышлы
78
www.ziyouz.com kutubxonasi


күн” (1946), “ Шайыр сөзи” (1949), “ Бахыт” (1951), “Дос- 
лык дәстаны” (1960), “Уллы рус халқына” (1954) деген 
топдамларына киргизилген. Онын көплеген шығармалары 
өзбек хәм рус тиллеринде топлам болып басылған.
Н. Жапақов әдебий мийрасларды жыйнаў ҳәм жазып 
алыўға белсене қатнасып, 30-жыллары “ Қоблан” дәстанын 
жазып алды х,әм бастырып 
шығарды. Ол қарақалпак 
фольклорынын жигирма томлығын бастырып шығарыўға 
жакыннан жәрдем бериў менен бирге оған басшылык етти.
Жазыўшы “Арал балықшылары” ( М. Мелькумов пенен 
бирликте) деп аталатуғын кинофильмнин, сценарийин жазды.
Н. Жапақовтын, “Аяпберген Мусаеғгьщ творчествосы” 
(1964), “Реализм жолында” (1967), “Революцияға шекемги 
карақалпақ әдебиятында реализм мәселеси” (1972), “Әде- 
биятымыз ҳақкында ойлар” (1974) деген илимий китапла- 
ры басылып шыкты. Соцғы жьшлары “Шығармаларынын 
еки томлығы” (1978-80), “Наўрыз Жапаков” (1990) деген 
ат пенен бир қатар илимий мийнетлери ҳәм ол туўралы 
еске түсириўлер басылды.
Жазыўшы ҳәм алым, үлкен жәмийетлик искер мәмле- 
кетлик орденлер ҳәм медальлар менен сыйлыкланған.
Ол Қаракалпақстан Республикасына мийнети сицген илим 
ғайраткери (1964), Өзбекстан Республикасына мийнети сицген 
илим ғайраткери (1974) ҳүрметли атакларды, Қарақалпақ- 
стан Республикасыныц Бердақ атындағы мәмлекетлик сый- 
лығын (1992)алыўға миясар болды.
Н. Жапақов бир неше мәртебе Өзбекстан ҳәм Қаракал- 
пақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниц депутаты бо- 
лып сайланды.
Н. Жапақов 1939-жылдан Жазыўшылар аўқамынын 
ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling