Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


www.ziyouz.com kutubxonasi Жумабаев


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet40/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

83
www.ziyouz.com kutubxonasi


Жумабаев
Турғанбай
1947
Турғанбай Жумабаев — шайыр.
Т. Жумабаев 1947- жылы 13-апрельде Тахтакөпир районы, 
Каракөл аўылында туўылған. 1969-жылы Нөкис мәмлекетлик 
пединститутынын карақалпак тили хәм әдебиягы факульте- 
тине кирип, оны 1973-жылы табыслы питкерип шығады. 1973- 
1975-жыллары Нөкис районындағы 35-санлы мектепте муғал- 
лим болып ислейди. Сон “Целинник Каракалпакии” газета- 
сында хабаршы (1975-76), “Еркин Каракалпакстан” газетасын- 
да хабаршы (1982-83), «Кдракалиакфильм» киностудиясында ре- 
дактор (1983-86), Каракалпакстан Республикасы Министрлер 
Кенеси жанындағы Баспа сөз мәмлекетлик сыр саклаў баскар- 
масы, “ Билим” хәм “Каракалпакстан” баспаларында редактор 
(1986-91), 1992-96-жылға шекем Нөкис мәмлекетлик педаго- 
гикалыкинститутындадеканнын орынбасары, оқытыўшы бо- 
лып иследи. Ол 2007-жылдан ҳүрметли дем алыста, дөретиўши- 
лик жумыслар менен шуғылланып атыр.
Т. Жумабаевтын қосыклары менен мақалалары 1965- 
жылдан баслап шыға баслады. 1980-жылы “Ағыс”, 1983- 
жылы “ Келешек”, 1987-жылы “Мезгил”, 1991-жылы “ Би- 
ринши сентябрь”, 1994-жылы “Ҳәркимнин өзжолы”, 2004- 
жылы “Бир данышпан жартас басында” қосыклар топламла- 
ры басылып шықты. 1992-жылы рус жазыўшысы С. Есенин- 
нин “ Менин жолым” атлы косык хәм поэмаларын 
қарақалпактилине аўдарды.
Ол 1995-жылдан Жазыўшылар аўкамынын ағзасы.
84
www.ziyouz.com kutubxonasi


Жумағулов
Сайлаўбай
1951
Сайлаўбай Жумағулов—юморист жазыўшы ҳәм драматург.
С.Жумағулов 1951-жылы 27-январьда Тахтакөпир райо- 
нында туўылады. 1968-жылы Нөкис қаласындағы Бердак 
атындағы орта мектепти тамамлайды.
Мийнет жолын Нөкис консерва заводында жай жумысшы 
болып ислеўден баслайды. 1970-1972-жыллары әскерий хыз- 
метте болады. 1976-1980-жыллары Т. Шевченко атындағы 
Нөкис мәмлекетлик университетинин каракалпак тили хәм 
әдебияты факультетин сырттан оқып питкереди.
С. Жумағулов өзинин дөретиўшилик ислерин мектепге 
"Жеткиншек” газетасына “Кишкенелер сөйлейди” деген 
ат пенен қысқа юморлар жазыўдан баслайды. Сон “ Це- 
линник Каракалпакии”, “Жеткиншек”, “ Еркин Қарақал- 
пақстан” газеталарында, “Әмиўдәрья”, “Арал қызлары” жур- 
налларында жуўаплы орынларда хызмег етеди. Ҳәзирги ўакытга 
К.аракалпакстан Республикасы Телерадиокомпаниясында ре- 
дакторлық лаўазымында ислеп киятыр.
С. Жумағулов “Сырымдаусы, шыным да ...” (1984), “Туф- 
лийдин нәли” (1990), “Балалығымнан бир елес” (1991), 
“Кырык жылдан сонғы бир күн” (1992), “ Менин хаялым 
жазыўшы” (1992), “ Билеттин жартысы кимде?”, (1995), 
“Адамлар калай бузылған?” (1997) атлы юморлық повесть 
хәм гүрринлер топламларынын авторы.
“Т екин тар в у з” атлы өзбек тилиндеги китабы 
<М.Нызанов пенен биргеликте) Ташкент каласында басы- 
лып шықты.
С. Жумағуловтын драматургия жанрында “ Күйеўинди 
бериптур” , “Экстрасенс”, “ Бултлы күнлер”, “Ғарры кыз-
85
www.ziyouz.com kutubxonasi


дын бахты” , “Сабыр түби, сары алтын” , “Ана кәбирин 
излеген жигит”, “ Қара шаян”, “Өтирик жинли” атлы 
пьесалары Карақалпакстан, Өзбекстан, Түркменистан ҳәм 
Кырғызстан театрларында қойылып келмекте. “Экстрд- 
сенс” пьесасы ушын Кзракалпақстан Жазыўшылар аўқамы- 
нын сыйлығынын лауреаты болды.
Ол 1993-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling