Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


www.ziyouz.com kutubxonasi Қурбаниязов Сәрсен


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet57/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   53   54   55   56   57   58   59   60   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

117
www.ziyouz.com kutubxonasi


Қурбаниязов Сәрсен
1918-1942
Сәрсен Курбаниязов — жаўынгер шайыр.
С. Курбаниязов 1918-жылы Төргкүл районындағы жақа 
Әмирабад аўылында туўылған.
Ол 1934-жылы Төрткүл педтехникумын питкерип, со- 
нынан газета редакцияларында хәм Каракалпакстан Жа- 
зыўшылар аўқамында жумыс ислейди.
Шайыр 1942-жылы фронтка атланады ҳәм сол жылы 
саўашта қаҳарманларша қайтыс болады.
Шайырдьщ дәслепки қосиғы баспа сөзде 1933-жылы 
жәрияланған. Урыстан алдынғы жыллары да оныц қаҳар- 
манлық руўхтағы қосыклары жергиликли баспа сөз бетле- 
ринде жийи-жийи көринип турды, әсиресе, онын “Атлан, 
халқым!” деген қосығы көпшиликке кеннен мәлим болды.
Шайырдын “Бахытлы жаслык косыкдары” (1939), “Хал- 
қым, қолына қурал ал!” (1941), “Саза” (1990) поэзиялык 
топламлары басылып шықты.
С. Курбаниязов 1939-жылдан Жазыўшылар аўкамыньщ 
ағзасы.
118
www.ziyouz.com kutubxonasi


Қурамбаев
Кәримбай
1942
Кәримбай Қурамбаев — әдебиятшы хәм сыншы.
Ол тийкарынан туўысқан халыклар әдебиятынын өз- 
ара байланыслары ҳәм тәсири мәселелери менен шуғыл- 
ланады.
К.Қурамбаев 1942-жылы 10-ноябрьде Түркменстан Респуб- 
ликасы, Ташаўыз районынын “Алтмыш” аўылында туўылған. 
1965-жылы Ташкент мәмлекетлик университетинин филоло- 
гия факультетин питкерип, 1965-1970-жыллары Ташаўыз рай- 
онындағы 2-орта мектепте муғаллим, мектеп директорынын 
орынбасары болып ислеген.
Кәримбай Курамбаев 1970-1977-жыллары ӨзР. И.А, А.С.- 
Пушкин (Ҳәзирги Әлишер Наўайы) атындағы Тил хәм әде- 
бият институтында дәслеп аспирант, сон сол институтта үлкен 
илимий хызметкер болған. Ол 1977-жылы ӨзР. И.А Прези- 
диумыньщ арнаўлы қарары ҳәм жолламасы менен Нөкис 
мәмлекетлик университетине өзбек тили ҳәм әдебияты ка- 
федрасы доценти лаўазымына жумыска жиберилген. 1978-1985- 
жыллары филология факультети деканынын окыў ислери 
бойынша орынбасары, өзбек тили ҳәм әдебияты кафедрасы- 
ныц баслығы, 1991-2001- жыллары Нөкис мәмлекетлик пе- 
дагогикалық институтынын филология факультети деканы 
болып иследи. Ҳәзирги күни усы жерде профессор оқытыў- 
шы болып ислейди.
Кәримбай Қурамбаев “Әдебиятлардыц өз-ара тәсири ҳәм 
жазыўшы дөретиўшилигиниц өзгешелиги” деген темада кан- 
Дидатлық (1972), “Миллий әдебиятлардыц раўажланыўында 
басқа әдебиятлар поэтикалықтәжирийбесинин роли” (1992) 
Деген темада докторлық диссертацияларын жаклады. Ол до- 
Цент (1981), профессор (1995) атакларына ийе.
119
www.ziyouz.com kutubxonasi


Кәримбай Қурамбаевтын “Хидир Деряев” (1977), “Өзбек- 
туркман адабий алоқалари” (1978), “Махтумқули шеърияти 
Ўзбекистонда” (1984), “Ҳамза хәм қаракалпақ әдебий орталы- 
ғы” (1989), “Кеўил-кеўилден суў ишер...” (1991), “Кўнгил бер- 
миш сўзимга” (1992), “Взаимное обогащение литератур” (1993), 
“Ғафур Ғулом ва адабий алокалар” (2006), “Адабий таъсирдан 
ижодий ўзига хосликка” (2007), “Таржимон ватаржима маъ- 
сулияти” (2007), “Адабий жараен, Ижод маъсулияти, Адабий 
алоқалар” (2009) деген китаплары Өзбекслан хәм Кдрақал- 
пақстаннын баспаларында басылып шыққан.
К.Курамбаев Өзбекстан Республикасынын “Ҳүрмет жар- 
лығы” (1994) хәм Өзбекстан Республикасы “Мустакиллығы- 
нын 10 жыллығы” (2001) нышаны менен сыйлыкланган. Ол 
“Өзбекстан Республикасы халык билимленлириў агласы” 
(1999).
К. Курамбаев 1995 жылдан Жазыўшылар аўкамынын 
ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   53   54   55   56   57   58   59   60   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling