Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары
www.ziyouz.com kutubxonasi Қасымова
Download 5.91 Mb. Pdf ko'rish
|
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)
110
www.ziyouz.com kutubxonasi Қасымова Мәрьям 1917-1976 Мәрьям Қасымова — шайыр хәм жазыўшы. М. Кдсымова 1917-жылы Хожели каласында туўылған. Ол дәслеп Хожелидеги педучилищени (1935), сонынан Төрткүлдеги муғаллимлер институтын питкергеннен сон (1940) муғаллим болып ислейди. 1945-жылдан баслап “ Қызыл Қарақалпакстан” газета- сында әдебий хызметкер, 1949-56-жыллары “ Қарақалпақ- стан” баспасында редактор, 1956-59-жыллары Өзбекстан Те- леграф агентлигинде ре-дактор, Қарақалпакстан мәденият министрлигинде бөлим баслық (1959-62), “Әмиўдәрья” жур- налында әдебий хызметкер (1962-65), ал сонғы жыллары өмиринин ақырына шекем баспа сөз тарқатыў орынларында жумыс иследи. Жазыўшынын “Қосыклар” (1955), “Қарақалпақ қызла- ры” (1957), “ Қурылысшы” (1959) деген топламлары басы- лып шыкты. Ол А. Мухтардын “Апалы-синлилер” (1976) романын, М. Пришвиннин гүрринлерин қарақалпақтилине аўдарды. М.Қасымова Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республи- касы Жоқарғы Қенесиниц Ҳүрмет жарлықлары менен сый- лықланды. М.Кдсымова 1957-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы. 111 www.ziyouz.com kutubxonasi Қәлимбетов Баекеш 1934 Баекеш К,әлимбегов — әдебият изертлеўшиси. Б. Кәлимбетов 1934-жылы 21-декабрьде Кегейли районы- нын Халқабад аймағында туўылған. Ол орта мектепти пит- кергеннен сон, мийнетжолын Нөкис полиграфкомбинатын- да чәрип териўши хызметинен баслаған. Б. Кәлимбетовтын биринши макаласы 1950-жылы “Кызыл Каракалпаксган” газегасында жәрияланған. 1951-55-жылла- ры Нөкис мәмлекетлик педаготикалык институтынын кара- калпақтили ҳәм әдебияты факультетинде окыйды. 1975-жылдан баслап хәзирги күнге шекем Өзбекстан Республикасы Илим- лер Академиясы Карақалпакстан бөлими Н.Дәўкараев атын- дағы Тил хәм әдебият институтында үлкен илимий хызмет- кер болып ислеп атыр. Б.Кәлимбегов 1982-жылы “Әжинияз лирикасьГдеген те- мада кандидатлык диссертациясын жаклады. Ол “Лирика Ажинияза” (1991), “XIX әсирдин акыры XX әсирдин басындағы қарақалпак әдебиятында реализмнин раўажла- ныўы” (2005) илимий китаплары ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплеринин 2,3,4,-класслары ушын окыў ки- тапларынын авторларыныц бири. Б. Кәлимбетов дүнья халыклары әдебиятынан “ Гатар халық ертеклери”н, орыс фантаст жазыўшысы А.А. Беляев- тын “Профессор Доуэлдин басы”романын қаракалпақ ти- лине аўдарған. Классик шайыр Әжинияздын “ Бир пәрий” (1993) китабын баспадан шығарды. Б. КәлимбетовЖурналистлераўкамынынҳәм 1995-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы. Download 5.91 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling