Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


www.ziyouz.com kutubxonasi Қайыпназаров


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet50/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

104
www.ziyouz.com kutubxonasi


Қайыпназаров
Байнияз
1916-2001
Байнияз Қайыпназаров — белгили шайыр.
Б. Кайыпназаров 1916-жылы 25-августта Шымбай райо- 
нында туўылған.
1939-жылы Төрткүлдеги муғаллимлер институтын питке- 
рип, өз аўылында муғаллим болады (1939-1941). Екинши жәҳән 
урысынын басланыўы менен фронтка атланады (1941-1944), 
жаракатланыўына байланыслы фронттан қайткан Б.Қайып- 
назаров муғаллимшилик жумысын даўам етти (1944-1946). Ол 
Жазыўшылар аўкамында мәсләҳәтши (1946-1947), радиоесит- 
гириў Комитетинде (1947-1948), мәмлекетлик баспада (1948- 
1951) редактор болып ислеген.
Б. Қайыпназаров 1951-1956- жыллары Москвадағы М.Горь- 
кий атындағы әдебият институтында окыды. Ал, 1956-1958- 
жыллары “Әмиўдәрья” журналынын бас редакторы, Жазыў- 
шылар аўкамында мәсләхәтши (1958-1963), “Әмиўдәрья” жур- 
налында бөлим баслығы, 1967-жылдан хүрмегли демалыска 
шыққанға шекем (1986) “ Кдрақалпакстан” басгшсында аға 
редактор болды.
Шайырдын дәслепки қосыкдары 30-жыллардын ортала- 
рында жарыкка шықты.
Онын “Қосықпар”(1940), “Халыкка хызмет кыламан” (1947), 
“Алтын гүз”(1959), “Куўаныш косықлары”(1950), “Бозжап бой- 
ында ”(1955), “Көк емен”(1956), “Кызыл гүл” (1958), “Сүйдо- 
стым”(1962), “МенинЎатаным”(1956), “Менинбахтым”(1968), 
“Еки аяз”(1970), “Нәрўан”(1972), “Гүлдәсге” (1981), “Менсенин 
бир шақанман” (1977) сыяқлы топламлары жәрияланған. Со- 
нынан “Тандамалы шығармалары” (1981), 1985-жылы поэма- 
лар топламы ҳәм балаларға арналған “Жарлы адам ҳәм ғар- 
ғалар патшасы” китабы басылып шықты.
105
www.ziyouz.com kutubxonasi


Б. Қайыпназаров туўысқан халыклар поэзиясынан Твар- 
довскийдин “ Василий Теркин”, Ш.Рашидовтын “ Кашмир 
қосығы” поэмаларын,сондай-ак, Лермонтов, Мицкеевич, Ян 
Райнис, Шевченколардын косыкларын аўдарыўға катнасты.
Б. Кайыпназаров биринши дәрежели “Ўатандарлыкурыс 
ордени” ҳәм медальлары және Өзбекстан ҳәм Карақалпақ- 
стан Республикасы Жоқарғы Кенесинин Ҳүрмет жарлыклары 
менен сыйлыкланған.
Ол “Карақалпақстан халық шайыры” (1976) “ Каракал- 
пақстан Республикасы Бердак атындағы мәмлекетлик сый- 
лығынын лауреаты” (1984) ҳүрметли атакдарына ийе еди.
Б. Кайыпназаров 1939-жылдан Жазыўшылар аўкамынын 
ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling