Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


www.ziyouz.com kutubxonasi Кожуров


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet47/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   43   44   45   46   47   48   49   50   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

98
www.ziyouz.com kutubxonasi


Кожуров
Орынбек
1910-1954
Орынбек Кожуров— шебер дилмаш, белгили филолог.
О. Кожуров 1910-жылы Төрткүл қаласындатуўылған. 1930- 
жылы Ташкент Политехникумын тамамлап, 1932-жылға шекем 
суўхожалығы тараўында ислейди. 1932-жылдан “Қызыл Кдра- 
калпакстан” газетасында аўдармашы, жуўаплы хаткер болыў ме- 
нен бирге карақалпақ аўызеки әдебиятын жыйнаўға белсене 
кдтнасады, 1945-47-жыллары Илим изертлеў институтында кзра- 
қалпак фольклоры секторын басқарады. 1947-49-жыллары 
“Қызыл Қарақалпақстан” газетасынын бас редакторы, 1949- 
жылдан өмиринин акырына шекем Қарақалпак мәмлекетлик 
баспасынын социаллык-экономикалык бөлиминин баслығы 
болды. О.Кожуров Л.Толстойдын “Хажымурат”, АЛолстойдьщ 
“Ғәлле”, М.Горькийдин “ Изергилькемпир”, “Сункархаккын- 
дажыр”, “Даўылпазҳаккындажыр”, Вишневскийдин “ Бирин- 
ши атлы” шығармаларын қарақалпактилине аўдарып бастыр- 
ған. О.Кожуров 1947-жылы Москвада биринши ретбасылып 
шықкан “Русша-Карақалпакша сөзлик”ти дүзиўшилердин бири.
1938-1939-жыллары “Карақалпақстан әдебияты ҳәм искусство- 
сы” журналында О.Кожуровтын Қ. Айымбетов пенен бирге- 
ликте жыйнаған хәм изертлеген қаракалпақ әдебиятына тийис- 
ли материаллары “Кдракалпак әдебиятынын түрлери” деген ат 
пенен басылып шықгы. О. Кожуров “Кырк кыз” дәстанын рус 
тилине биринши сөзбе-сөз аўдарды.
Онын шығармаларынын айрымлары “Шығармалар” деген 
ат пенен 1990-жылы басылды. О. Кожуров Кдракалпақстан 
Республикасы Жоқарғы Кенесинин Ҳүрмет жарлығы менен 
сыйлыкланған, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеце- 
синин депутаты болып сайланды.
О. Кожуров 1939-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы.
99
www.ziyouz.com kutubxonasi



Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   43   44   45   46   47   48   49   50   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling