Аргументлестирилген эссе қалай жазылыўы керек


Download 71 Kb.
bet4/5
Sana13.04.2023
Hajmi71 Kb.
#1352667
1   2   3   4   5
Bog'liq
Аргументлестирилген эссе қалай жазылыўы

Бесинши басқыш: Тон ҳәм стилди таңлаў.
Сизиң эссеңиздиң тон ҳәм стили эссени усынбақшы болған аудиторияңызға байланыслы. Аргум. Эссе авторларының көпшилиги өзлериниң эсселерин көтерилип атырған мәселеден хабардар болған саўатлы адамлар ушын жазамыз деп есаплайды. Сонлықтанда эссе тоны кеўилге тийиўши ямаса басқаларды төменге урыўшы формада болмаўы тийис. Оппонентлериңизге ҳурмет пенен қараң.
Мысалы:
Қәте: …. Ҳәр қандай саўатлы адам буны биледи.
Дурыс: …. Бул пикирге көпшилик қосылады.
Қәте: …. жас балалар ғана бундай деген болар еди.
Дурыс: …. бул пикирге қосыла алмайман.
Эссе оқылыўы аңсат болыўы да керек. Тусиниў әдеўир қыйын болған тилде ямаса ҳәдден тыс әпиўайы тилде эссениң жазылыўы сизиң пикириңиздиң исенимли шығыўына жәрдем бермейди.Аргумент эссениң көпшилик бөлеги формал тонда «мен» атлығынан аз қолланылып жазылады. Бирақ эссе усынылып атырған аудиторияның билим дәрежеси ҳәм тилеклериде улкен аҳмийетке ийе. Айырым жағдайларда исендириўши эссе ямаса докладлар белгили бир топар ушын таярланады.Бунда сол топардың өзгешелигинен келип шыққан ҳалда эссе тоны өзгертиледи.


Алтыншы басқыш: тексериў ҳәм қайта тексериў.
Эссеңиздиң жумысшы (черновой) вариантын жазып болғаныңыздан кейин сиз тексерип шығыўыңыз керек болған дизимди көрип шығың. Бул дизим менен ислесе отырып өзиңиздиң жол қойған кемшиликлериңизди табыўыңыз мумкин.
•Аргум. эссе ушын тексериўши бет
•Өз аргументимди анықлап алдыныз ба?
•Бул тема бойынша мениң дәл анықланған пикириниз бар ма?
•Сизиң тезисиңиз анық па? Оған зарурли болған тийкар бар ма?
• Сизиң эссеңиз бир путинликке ийе ме? Эссениң барлық бөлимлери тезис пенен байланысқан ба?
•Сизиң эссеңизде аргументативлик кемшиликлер жоқ па?
•Сизиң тон ҳәм стилиңиз мүләйым ҳәм бир тегис пе?
•Сиз қолланып атырған сөзлер ҳам пикирлер эссе қурылысын өзгертип жиберген жоқпа?
•Өзиңиздиң эссеңизди кушли тастыйқлаўшы гәп пенен жуўмақладыңыз ба?
•Сизиң эссеңиздиң биринши бөлими оқыўшылардың дыққатын өзине
тарта алады ма?
•Сөз ҳәм гәплердиң дурыс жазылыўын тексерип шықтыңыз ба?
•Мағлыўмат дереклерге улыўма қабыл етилген формада силтеме берип өттиңиз бе?
•Сизиң гәплериңизде иркиниш белгилерин дурыс қойып шығылды ма?


Download 71 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling