Аргументлестирилген эссе қалай жазылыўы керек
Download 71 Kb.
|
Аргументлестирилген эссе қалай жазылыўы
- Bu sahifa navigatsiya:
- Төртинши басқыш: Эссени жобаластырыў
Үшинши басқыш: Оппозицияны бийкарлаў
Жәнеде исенимлирек болыўы ушын аргум эссе авторлары тек ғана өз пикирлериниң туўрылығын дәлиллеп ғана қоймастан өз пикирине берилетуғын сынды да бийкарлайды.Аргументлерди ислеп шыға отырып жазыўшы өз пикирине қарсы көз-қарасларды да уйрениўи керек ҳәм өзиниң жумысында оларды бийкарлаўы керек.Басқа жазыўшының көз-қарасына гуман туўдырыў арқалы, сиз өзиңиздиң аргументлериңиздиң туўрылығы ҳаққында далиллерди жәнеде беккемлейсиз. Бул бир неше усылда ислениўи мумкин. Бириншиден, жазыўшы оппоненттен цитата келтириўи ҳәм кейиншелик оны басқа дереклерден цитата келтириў арқалы ямаса басқа статистикалық мағлыўматлар жәрдеминде бийкар етиў мумкин. Екиншиден, оппозициялық аргументти өз тажирийбеңизден мысалларға тийкарлана отырып бийкарлаў. Үшиншиден, оппозиция тәрепинен талықланган белгили ҳужжетлер ҳам фактлерге хужим жасаў. Аргум эссе авторлары дәслеп оппонентлер аргументлерин бирден бийкарлап тасламайды оларға кейиншелик жуўмақлаўда ҳужим жасайды.Егер автор бул усылдан пайдаланбақшы болса буны аргум.эссениң дәслепки басқышларында көрсетип өтиўи тийис. Автордың пикирине оқыўшыларда ҳеш қандай гуман қалмаўы ушын ең кушли пикир ҳәм дәлийллер жумыстың соңына қалдырылыўы мақсетке муўапық болады. Төртинши басқыш: Эссени жобаластырыў. Аргум эссенижазыўда тәжирийбели жазыўшы жумысты жоба дузиўден баслайды. Жоба эссениң тийкарғы идеяларын өз ишине алады.Барлық аргум эсселер өзине итибарды қаратыўдан басланады:жазыўшы қызықлы факт өзине тартыўшы пикирди келтирип отеди. Ямаса оппозициялық аргумент көрсетилип өтиледи. Аргумент эссе еки усылда шөлкемлескен болыўы мумкин. №1 усыл. Кирисиў Тезис Улыўма мағлыўмат (зарурлилик болса) Керекли далиллер менен биргелликте сизиң барлық аргументлериңиз. Оппонент көз қарасларын бийкарлаў. Ең тийкарғы көз қарасты көрсетип өтиў. Жуўмақлаў(өз көз-қарасыңыздың күшли тастыйқы менен) №2 усыл. Кирисиў Тезис Улыўма мағлыўмат (зарурлик болса) Сизиң оппонентиңиздиң биринши аргументи ҳәм оның кейиншелик мақулланыўы ямаса бийкарланыўы менен бирге Сизиң оппонентиңиз екинши аргументи ҳәм оның кейиншелик мақулланыўы ямаса бийкарланыўы менен бирге Жуўмақлаў(өз көз-қарасыңыздың күшли тастыйқы менен) №2 усыл узын эсселер жазыў ушын қолайлы,ал №1 усыл аз санлы тастыйқлаўшы дәлийллерге ийе қысқа эсселерди жазыўда қолланғаны мақул, себеби оқыўшыларыңыз сизиң пикирлериңиз изинен жетип журиў қыйын болмайды.Еки жағдайдада оппонент аргумент эссениң даслепки бөлегинде ал кушли тастыйқлаўшы пикир эссени жуўмақлаўы тийис. Download 71 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling