Аргументлестирилген эссе қалай жазылыўы керек


Download 71 Kb.
bet2/5
Sana13.04.2023
Hajmi71 Kb.
#1352667
1   2   3   4   5
Bog'liq
Аргументлестирилген эссе қалай жазылыўы

Екинши басқыш: Дәлийллерди жыйнаў.
Аргументлерге оларды тастыйқлаўшы кушли дәлийллер зарур. Исендириўши эссени жақсы жазыўды қалеўшилер ҳар турли дереклерден көплеген мағлыўматларды топлайды. Бундай дәлийллер сыпатында изертленип атырған тараў бойынша авторитетлер (абрайлы қанийгелер) пикирлери, статистикалық мағлыўматлар, және тәжрийбе ямаса изертлеў даўамында топланып қайта исленген мағлыўматлар хызмет етиўи мумкин. Дәлийллеўдиң төрт турли усылын көрсетип өтиўге болады. Белгили бир тәртипти қоллап қуўатлаўшы дәлиллерди изертлеўде жазыўшы төмендеги талапларға жуўап бериўи керек.
Дәлийл усы мәселеге тийисли болыўы керек.Дәлийл жаңа болыўы ҳәм мағлыўмат алынған дерек көрсетилиўи шарт.
Бириншиден пайдаланып атырған дәлиллердиң дереклери исенимли болыўы тийис. Сизиң келтирген дәлилиңиз жумысыңызда көрсетилип өтилген деректе тан алынғанавторитет тәрепинен жазылған болыўы зарур. Дәлил егер ел исенимли емес деректен келтирилген болса, оқыўшы сиз келтирип өткен пикирди өзи тексерип көриўи мумкин болмаса, онда сизиң дәлийлиңиз гуманлы болып болып көриниўи мумкин.Жақсы жазыўшы пайдаланылған барлық мағлыўмат дереклерине силтеме берип өтеди ҳәм ҳәмме ўақытта газета ҳәм журналлардан, интернеттен алынған мағлыўматлар шын мәнисинде обьектив болмайтуғынлығынан хабардар болады. Бугинги куни көпшилик мағлыўмат электрон дереклерден алынатуғын болғанлықтан, эссени жазып атырғанлардан усынылып атырған мағлыўматларды дурыс бахалап билиўи талап етиледи.Газета ҳәм журналлар статьялары басылып шығыўдан алдын көплеген редакторлаў ҳәм баҳалаў басқышларынан өткериледи. Бул ис мағлыўмат дерегиниң исенимлилигин анықлаў ушын алып барылады. Ал, электрон дереклер бундай қайта ислеў басқышларынан өтпейди сонлықтанда, биз интернеттен алынған мағлыўматты өзиниз қайтадан тексерип көриўди мәсләхат етемиз. Тәжирийбели китапханашылар эссе жазыў ушын исенимли мағлыўмат дереклерин излеўде сизлерге жардем бериўи мумкин. Гуманлы мағлыўматтан пайдаланыў жазыўшыға жазыўшыға деген исенимин жоғалыўына алып келиўи мумкин. Керисинше ҳәр түрли исенимли мағлыўмат дереклеринен пайдаланыў жумыс авторына деген исенимди арттырады.
Екиншиден, эсседе пайдаланылып атырған мағлыўматлар усы изертленилип атырған тараўға тийисли болыўы керек. Аргум. Эссени жазыў даўамында бул тараўға тийисли болмаған мағлыўматлардан пайдаланыў арқалы сиз өзиңиздиң аргументиңизге исенимсизлик оятыўыңыз мүмкин.
Үшиншиден, эссени жазыўда өзлериниң изертлеў тараўы бойынша илажы барынша жаңа мағлыўматлардан пайдаланыўға ҳарекет етеди. Ескирген мағлыўматлардан пайдаланыў сизиң аргументиңиздиң исенимлилигин төменлетиўи мумкин. Мысалы. Егер мен А.И.Ж.С. (СПИД) изертлеўлерин қаржы менен таминлеў ҳаққында жазбақшы болсам, мен өзимниң эссемде 1990 жылғы статистикадан пайдаланбаған болар едим, себеби ол ўақтында бул кеселликти жуқтырғанлардың саны ҳәзиргиден әдеўир аз еди.Жазыўшы өзи жазып атырған тараўдағы өзгерислерден хаьардар болыўы керек. Сиясатшылар өз көз-қарасларын өзгертиўи мумкин. Жаңа статистикалық мағлыўматлар пайда болған болыўы мумкин.ол жаңа изертлеўлер келтирилип атырған аргументке және биркушли далил болып хызмет етеди. Интернеттен пайдаланыў ең жаңа статистикалық мағлыўматлардан пайдаланыў мумкиншилигин арттырады. Оқытыўшылар өз студентлеринен жаңа мағлыўмат излеўдебасламалар көтерип шығыўын кутип қалады.
Аргум эссе жазыўшы оқыўшыға теманы усыныў ушын қандай ҳәм қанша изертлеўлер алып барыўы тийис екенлигин билиўи тийис. Фонлық ямаса улыўма мағлыўмат бериўши кирисиў бөлими кейинги жыллар даўамында ўақыялар қандай раўажланғанлығын көрсетип өтиў ушын зарур болыўы мумкин (теманың изертлениў дәрежеси)
Төртиншиден, пайдаланылған мағлыўмат дереклери қабыл етилген цитата келтириў қағыйдаларына муўапық турде көрсетилип өтилиўи керек.
---Цитаталар_бул, автордан өз сөзлериниң анық узиндилери. Олар барлық ўақытта бул цитата алынған жерге силтеме менен берилиўи зарур.
---Пикир келтириў- белгили бир автордың идеяларынөз сөзлери менен жеткерип бериў. Пикир келтириўде сиз идеяны сақлап қаласыз бирақ оны өз сөзлериңизге өткересиз. Барлық пикир келтириўлер дурыс алып барыўы зарур.
---Туўрыдан-туўры цитата келтириў ямаса пикирлер келтириў (перефрозивание) пикир ямаса идея алынған даслепки мазмуннан басқаша турде қолланғанда оларды өзгертиўге ҳәрекет етсеңиз қәте цитаталаған боласыз.
-- Ҳәмме ўақытта сиз ислетип атырған мағлыўмат ол баршаге мәлим факт ямаса мағлыўмат болғанынша бул мағлыўмат жеке өзиңизден шығып атырған жоқлығын көрсетип өтиң. Мысалы: Сизге Хиндистан Уллы Британиядан 1947 жылы өз ғәрезсизлигин қолға кириткенлиги ҳаққында мағлыўматқа силтеме бериў шәрт емес.Бирақ халық есабын алыў бойынша статистикалық мағлыўматлар ямаса алып барылған изертлеўлер нәтийжелери аргументти тастыйқлаў ушын қолланылғанда мағлыўмат дереги көрсетилип өтилиўи шарт. Дәлийллерди жыйнаўда, барлық мағлыўмат дереклери бойынша жазыў алып барың. Сиз өзиңиздиң жумысыңызда барлық дереклерди келтирип өткергениңизди тексерип көриң. Плагиятқа жол қоймаўға ҳарекет етиң. Сырт еллердиң барлық колледж ҳәм университетлеринде плогиат ушын қатаң жазалар белгиленген.

Download 71 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling