Август 2020 8-қисм


Download 1.81 Mb.
Pdf ko'rish
bet80/87
Sana13.04.2023
Hajmi1.81 Mb.
#1352207
1   ...   76   77   78   79   80   81   82   83   ...   87
Bog'liq
8.Adabiyot 1 qism

Август 2020 8-қисм
Тошкент
ҲӘЗИРГИ ҚАРАҚАЛПАҚ ӘДЕБИЯТЫНДА ЕӉ КИШИ ЛИРИКАЛЫҚ 
ФОРМАЛАР 
Мамбетирзаева Несибели Муҳаммедсадиковна,
«Еркин Қарақалпақстан» газетасы бөлим баслығы
Тел: +99894 590 72 90 nesibeli-1106@mail.ru
Резюме: Бул мақалада ҳәзирги қарақалпақ әдебиятында ушырасатуғын ең киши 
лирикалық формалар ҳаққында сөз етилген. Мисра, фард, үшлик, төртлик киби лирикалық 
формалар тарийхы ҳәм оның қарақалпақ шайырлары дөретиўшилигинде раўажланыў 
басқышлары көрсетилген.
Таяныш сөзлер: Лирикалық форма, мисра, фард, үшлик, төртлик.
Әдебиятта түр ҳәм олардың жанрларын анықлаўда қайсыдар мәниде көлем тийкарғы 
орын ийлейди. Мысалы, драма, проза ҳәм поэзияны белгили көлемсиз көз алдымызға 
келтириў қыйын. Гүрриңде қаҳарман өмиринен бир эпизод, повестте қаҳарман биогра-
фиясынан бир дәўир, романда қаҳарманның пүткил өмири көрсетиледи. Қосықта болса 
лирик қаҳарман өмириниң бир деми, бир ҳалаты сәўлеленеди. Соның өзинен көринеди, 
үлкен көлем лирикаға тән емес. Лирика әйне пайыттағы сезим-туйғыға сүйенгени ушын 
ең қысқа көлемдеги әдебий түр саналады. Қосық қысқалыққа умтылыўы менен гөззал. 
Бул ушын шайырдан үлкен шеберлик талап етеди. Он төрт, сегиз яки төрт қатарда 
бериў мүмкин болған ой-сезим, пикирди еки, үш қатарда бериў ушын қәбилет қатары 
излениўшилик, мийнет талап етиледи. Мысалы, сөздиң қаймағы саналған, аз сөз бенен 
көп мәни билдириўши нақыл-мақаллар да дәсепки қосық формаларына уқсайды. Шайыр 
Ибрайым Юсуповтың «Жаман жолдастан таяқ жақсыдур» деген «Таяқтағы жазыў» эпи-
граммасы формасы бойынша мисра (бир қатарлы қосық - монострих) есапланады. Бир 
қатарлы бул қосық ибратлы сөз, нақылға күтә мегзес.
Ең киши лирикалық формалардан және бири – фард. Бир бәйттен, яғный жуп қатардан 
ибарат лирикалық түр. Еки қатар уйқасып келеди, тамамланған бир мәнини билдиреди
ибратлы (афористлик), бийғәрез әдебий шығарма саналады. Фард негизи халық аўызеки 
әдебиятында (фольклорда) кең тарқалған. Көп нақыл-мақаллар әйне усы формада 
дөретилгенлигин көриў мүмкин. Саъдий, Ҳапыз, Наўайының көплеген фардлары нақыл-
мақалға айланып кеткенлиги бул жанрдың күнделикли турмыс тәсирлери негизинде, син-
тез, жуўмақ, узақ жыллық тәжирийбе сыпатында жүзеге келгенлигин аңлатады.
Бул еки форма қарақалпақ әдебиятында еле толық изертленбеген. Ҳәзирги күнде шайыр-
жазыўшылардың қысқа қатарлы ибратлы пикирлери жүдә көп. Буны поэзия яки проза 
жанрына киргизиў мәселеси көрип шығылыўы зәрүр изертлеў жумысларынан саналады.
Қарақалпақ әдебиятында анық фард талапларына жуўап беретуғын қосық формасын 
табыў қыйын. Лекин әпиўайы екиликлер (еки қатар жупласыўынан дөрелген) көплеп 
ушырасады. Шайыр Бахтияр Генжемуратовтың «Профессор Қурбанбай Жәримбетовтың 
шәкиртине тәселлеси» қосығы еки қатардан ибарат: 
«Үш» алған студент далада қалмас.
Ол директор болар, муғаллим болмас…
Фард тийкарынан ибратлы, дидактикалық мәниге қурылады. 
Жақсылық алдында абайлы болың,
Жаманлық алдында абайлы болың!
Лекин сатирик жазыўшы Муратбай Нызановтың да:
Шуқлап кемис таба алмадым,
Кейин аўызша жаманладым, деген екилиги бар.
Көрип турғаныңыздай, еки қатарлы қосықлар әдебиятымызда азда болса гезлеседи. 
Лекин, еки қатардың жупласып келиўинен дөреген үлкен көлемдеги қосық, поэмалар 
баршылық. 
Бул гүзгиң таңғы шығы,
Көңлимниң алданшығы.
Ағарып боз думанлар,
Өзиңди сөз қыларлар!


91

Download 1.81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   76   77   78   79   80   81   82   83   ...   87




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling