Б- бабинского рефлекс
Download 100 Kb.
|
Б АЙСАНЕМ
- Bu sahifa navigatsiya:
- Биологические ритмы
- Биомикроскопия глаза
- Биопотенциалы
- Б. действие
Б. ценность белков-белоктың биологиялық қуннылылығы. Б. б.қ. аўқаттағы белоктың муғдарына , әсиресе оның организмге кереклигине оның қурамындағы өзгертиўге болмайтуғын аминокислоталардың қатнасына байланыслы анықланады.
Биологические ритмы-биологиялық ритмы- биологиялық ырғақ (ритм) өсимлик пенен ҳайўанлардың тиришилигинде , өсип – раўажланыўында , ағза- мүшелериниң хызметинде , зат алмасыўында, олардың улыўма белгили ўақытта ҳәм жыллар даўамында мәўсимлерде тез ҳәм әстелик пенен болып отыратуғын тәбийий қубылыс. Б. ы. сыртқы орталықтың: суткалық, ҳәптелик, мәўсимлик, жыллық , бирнеше жыллық болатуғыны анықланған. Б.ы. организмниң ишки ортасының тиришилик тәртибине, ағзалардың хызметлерине, аўқатланыўына да байланыслы қәлиплеседи. Организмдеги биоырғақты биоритмология илими изертлейди. Б. часы-биологиялық саат, организмниң белгили ўақытты күн, түн, мәўсимди аныклаўы. Қустың қайтыўы-келиўи, шаршағанды , аш болғанды сондай-ақ қораздың таң атқанда шақырыўы , пал ҳәрресиниң тиришилик тәртиби, өсимликлер гүлиниң күн менен түнниң алмасыўына байланыслы өзгериўи т.б. ўақытқа байланыслы өтетуғын тири орталықтағы өзгерислер биологиялық саатқа жатады. Биомикроскопия глаза-көздиң биомикроскопиясы. Көздиң мүйиз қабығын , алдыңгы камерасын , тор қабығын , қарашығын , шийше тәризли денени ҳәм көз түбин жарықты пайдаланыў арқалы изертлеў усылы. Биопотенциалы-Биопотенциаллар, тири тканның биологиялық токты , яғный потенцияллар айырмашылығын пайда етилиўине айтылады. Б. покоя-тыныш жағдайдағы биопотенциал, ол клетка мембранасының ишинде терис заряд (анионлар) сыртында оң зарядланған (катион) электролитлерден пайда болады. Б. действие-тәсир жасағанда пайда болатуғын, яғный тири тканды титиргенде бул тәрепте унамсыз. Тыныш бөлими унамлы келеди. Биопрепарат-биопрепарат , жуқпалы аўырыўларды анықлап, емлеў, алдын алыў ушын қолланылатуғын биологиялық зат. Биопсия-биопсия (biopsia. грек. opsis-көрип түсиниў). Б. тири ҳайўанның ямаса адамның денесинен оғада кишкентай муғдарда , кишкентай бөлимин кесип алыў. Б. сол дене бөлегиниң кеселликке байланыслы морфологиясын изертлеў мақсетинде алынады. Download 100 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling