Б- бабинского рефлекс


Биостанция-биостанция, биологиялық тәжирийбе жасайтуғын мекеме. Биосфера-


Download 100 Kb.
bet7/10
Sana13.12.2022
Hajmi100 Kb.
#999985
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10
Bog'liq
Б АЙСАНЕМ

Биостанция-биостанция, биологиялық тәжирийбе жасайтуғын мекеме.
Биосфера-биосфера (био+грек. sphouze–шар,шеңбер). Б. жер бетиндеги тиришиликтиң бар жери, яғный жерди қоршаған тиришилик қәсийети бар қабат. Тиришилик қәсийети бар қабатқа, белгили дәрежедеги, қалыңлығы ийе болған жер қабаты, суў ҳәм ҳаўа қабаты жатады. Бул қабатлардың белгили тереңлигинде ғана тиришилик болады.
Биотин-биотин (Н витамин) Б. витамини адамларда жетиспесе тери аўырыўына ушырап, аўқатқа иштей болмайды, уйқы басып , шаршағыш болады. Б. ферментлердиң қурамына кирип, ол ишекликтеги бактерия жәрдеминде пайда болады. Мәйекти шийкилей көбирек пайдаланғанда, сульфаниламид дәрисин бирқанша ўақыт даўамында пайдаланғанда Б. авитаминозына ушырайды.
Биоэлектрические токи-биоэлектрлик тоғы. Ҳайўанлар, адамлар ҳәм өсимлик организмде биологиялық ток болады. Б.т. тири организмде клетка мембраналарының ишки ҳәм сыртқы жағындағы электрлик элементлердиң (анионлар, катионлар муғдарына байланыслы пайда болады. Б. т-ң муғдарын Гальвонометр қуралы менен анықлайды.
Бластоциста, бластоциста, морула фазасында пайда болатуғын зародышлық қапшыққа айтылады.
Блефароспазма-блефароспазм (blepherophimoris таралыў) Б көз қабығы шеңберли булшық етлериниң бирлесип қысқарыўы. Б.ниң белгили жарықтан көзди қорқыўына көздиң тор қабатына, қан тамырының қабатына ҳәм көзге басқа денениң түсиўи себеп болады.
Ближайшая точка ясного видения-көздиң анық көретуғын ең жақын точкасы. Адамның көздиң аккомадациялық қәсийетин толық пайдаланып (зейин қойып) көздиң ең жақын жердеги затты анық көретуғын точкасы к. а. к. т анықлаў арқалы көздиң аккомадациялық (ийкемлесиўшилик) қәсийетин изертлеп билиўге болады к. а. к. ж. т адамның жасына қарай өзгерип отырады.
Близорукость-жақыннан көргишлик ж.қ көздиң жақтылқ сәўлесин дурыс сындырмаўынан пайда болатуғын кеселликтиң бир түри. Булл кеселликте көздиң сәўле нурының сыныўының фокусы тор қабаттың үстине емес алдына түседи, соның салдарынан ж.қ. адамлар алыстан төмен дәрежеде көреди. Бул кемшиликти дүзетиў ушын ойыс әйнекли (-) көзилдиргиш қолланылады.
Блоковой нерв-уршық нерви (n.trachlearis) мийдан шығатуғын ΙV –жуп нерв. у.н. көз алмасын қыймылдататуғын нервлер қатарына киреди. У. Н. көздиң жоқары аралас булшық етин басқарады.

Download 100 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling