Б- бабинского рефлекс


Download 100 Kb.
bet5/10
Sana13.12.2022
Hajmi100 Kb.
#999985
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10
Bog'liq
Б АЙСАНЕМ

Бета(β) ритм- бета(β)-ырғағы (тербелиси) . Б.т.электроэнцефалограм-
маға жазылатуғынмий қабығындағы биотоктымий қабығындағы биотокты
тербелисине жатады. Мий ырғағы секундына 12-13 рет, бийиклиги 20-50
мкв-ке теӊ болады. Б.т. адамға күшли жақтылық түсиргенде, қатты ойлағанда
(әсиресе есап шығарыўда) қатты қуўаныў, күйиниўде ҳәм тағы басқада усын-
дай жағдайларда жақсы жазылады.
Биливердин-биливердин (Billiverdinum, лат billis-ѳт , verdе –қызыл), ѳт бояўы (пигмент). Б-ниӊ түри жасыл-кѳк болып, шѳп жейтуғынлар менен , суўық қанлылардыӊ ѳтинде кѳбирек болады. Б.билирубинниӊ окислениўинен пайда болады.
Билирубин-билирубин (Billirubinum, лат. billis-ѳт, ruger-қызыл). Б. ѳттиӊ бояўы. Ол қызыл қан түйиршиги бузылғанда ондағы гемоглобиннен пайда болады. Б.кислоталы орталықта кѳкшил түсли биливердинге ѳзгереди “Биливердин” –дегенди қараӊыз.
Бинауральный слух-еки қулақ пенен бирдей еситиў (bunauralis лат. bini-екеўден, auris-қулақ) .Усылайынша еситкенде адам сес шыққан жаққа бурылып қарайды, ал бир қулағы тѳмен еситетуғын болса , сес шыққан тәрепке саў қулағын қаратып басын бурып ты қулағын қаратып басын бурып тыӊлайды.
Бинокулярное зрение-еки кѳз бенен бирдей кѳриў (visus binocularis). Оны диплоскоп деген әсбап жәрдеминде анықлайды.
Биокибернетика - биокибернетика , биолбогиялық кибернетика , биологиялық обьекттеги қайта байланыс ҳаққындағы илим.
Биоритмология-биоритмология, биологиялық қубылыслардыӊ белгили дәрежеде ритмли тербелиси.
Бисексуальность-еки жыныслық ўәкиллерине қызығыўшылықтыӊ болыўы.
Биологическая единица-биологиялық мѳлшер (ѳлшем). Б.ѳ.деп дәри-дәрмақт ыӊ (препаратты (препараттыӊ) белгили мѳлшерин орагнизмге бергенде онда физиологиялық Озгерис пайда болатуғын дәрежесин айтады.
Б. значимость условных рефлексов-шәртли рефлекслердиӊ биологиялық мазмуны Ш.р. түрли жағдайда қалиплесиўи арқалы организмниӊ сыртқы орталыққа , жәмәәтке дурыс ийкемлесиўине жағдай жасайды. Организмниӊ сол жағдайға ийкемлесиўине мүмкиншилик береди. Ш.р. арқалы организм Озгериўге ямаса ѳзгертетуғын жағдайға ийкемлесиўине мүмкинлик береди.
Б. Константа-биологиялық турақлылық (констант) Мс: дене жыллылығын , қан басымын , клетка суйықлығын , натрий, калий, кальций, хлор, фосфат ҳәм белок, қант т.б ионлардың турақлылығны айтыўға болады.
Б. реакция- биологиялық қубылыс. Б.қ. деп түрли титиркендириўши- лердиң себебинен организм хызметиниң ҳәм дүзилисиниң өзгериўин айтады. Б.қ. түсиниги оғада кең терең мағанада қолланылады.

Download 100 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling