Б- бабинского рефлекс


Download 100 Kb.
bet3/10
Sana13.12.2022
Hajmi100 Kb.
#999985
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10
Bog'liq
Б АЙСАНЕМ

Барьерная функция – тосқынлық жасаўшы хызмет. Т. х. организмниң ҳәм жеке бир ағзаның қолайсыз жағдайдан сақлап турыўшылық қасийети. Т. хеки түрли: 1. Сыртқы тосқаўыллар (тери ас сиңириў жоллары), яғный организмди сыртқы ортадан сақлап турады. 2. Ишки тосқаўыллар ( ишки орталық қан, лимфа клетка аралық суйықлықлардың турақлылығы), яғный организмдеги ишки орталықтың тәсийринен сақлап турады. Мс: баўыр, талақ, қан, лимфа ҳәм т.б. хызметлерди айтыўға болады.
Б. функция печени- баўырдың тосқынлық хызмети . Б. т. х. нәтийжесинде уўлы затлар (индол, скатал, фенал т.б. зыянлы затлар) оның өзинде иркилип уўсызландырылады.
Батмотропное действие- батмотроплық ҳәрекет (грек. batbmos бағана, tropos-бағыт) Б. ҳ нерв тәсири арқалы жүректиң хызметин төменлетеди ҳәм арттырады.
Безусловный раздражитель-шәртсиз титиркендириўши.
Безусловные торможение условных рефлексов - шәртли рефлекслердиң шәртсиз иркилиўи. И. П. Павлов сыртқы ҳәм шамадан тыс иркилиўлердиң бир-бирине оғада уқсас болыўына байланыслы оларды иркилиўлер деп атаған.
Б. рефлекс- шәртсиз рефлекс (лат. Instinctus-сезимниң ояныўы) Ш. Р. нәсилден нәсилге берилетуғын ҳәм бир түрге тән қәсийет. Ш. р . турақлы сонлықтан олар қәлиплескен, үйренилген (адеквантлы) титиркендириўшилерге ( тамақ жарақ температуралық факторлар т. б) мийдағы белгили рецепторлық бөлимлер алаңлар арқалы жуўап берип отырады. Ш. р. көбинше туўмалы кемис, оның гейбиреўлери оғада кеш пайда болады. Мс: соңғысына жыныс рефлекслерин айтыўға болады. Ж. р. И. П. Павлов инстикти шәртсиз рефлекске киргизеди.
Белла-Мажалди закон-Белла- Мажонди нызамы. Б.- М. з. бойынша арқа мийдиң алдыңғы түбири (корешок) арқалы ҳәрекетке келтириўши қозыўлар , ал артқы корешоклары сезиўши қозыўлар өтеди.
Белковое голодание- Белоклық ашаршылық. Б. а. аўқаттың қурамында азлығынан ямаса белоктың биологиялық жақтан қуўатлылығының төменлигинен пайда болады. Организм б. а. –қа ушыраса, бала өспей қалады, ересек адам азып , мәдары болмайды, өлимге алып келеди.

Download 100 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling