Б- бабинского рефлекс
Download 100 Kb.
|
Б АЙСАНЕМ
- Bu sahifa navigatsiya:
- Бабухина опыт
- Базальные ганглии
- Базедова болезнь
- Базетта формула
- Бактерии рубца
-Б- Бабинского рефлекс- Бабин рефлекси, 2-2,5 жастағы нәрестениң ҳәм нерв жүйеси аўырыў ересек адамның табанын қытықлағанда, оның аяғының бас бармағы қайқайып, басқа тармақларының тырбыйып кетиўи. Б.р көбинесе жулынның пирамидикалық өткизгиш жанына тиккелей байланыслы. Б.р. жас балларға тән ол ержеткенлерде болса, нерв жолының аўырыўға ушырағанын көрсетеди. Бабухина опыт - Бабухин тәжирийбеси, нерв талшығындағы қозыўдың еки тәрепке теңдей жүретуғынын көрсететуғын тәжирийбе. Бул тәжирийбеде Бабухин электр тоғын беретуғын балықты пайдаланған. Базальные ганглии - базаллы ганглиялар (ganglion basali). Б. г.-ға қуйрықлы ядро (nucleus caudatus) , қабыршақ ядросы (h. putamen), ҳәм түссиз шар ядросы (globus palligus) жатады. Б.г. үлкен ярым шардың ишинде , оның төменги жериндеги маңлай бөлеги менен аралық мийдың ортасында орналасқан. Б.г. хызмети ҳәрқыйлы экстрапирамидалық жүйе қурамы арқалы қозғалыўды ҳәм көтериңкилик, ядта сақлаўдың толығыўын (жетисиўин) басқарады. Базедова болезнь- Базедов аўырыўы (morbus Basedowi), қалқанша бездиң гормон шығарыўының көбейиўинен болады. Б. а. адамларда қалқанша бези шамадан артық гормон шығарғанлықтан , тамаққа тоймайтуғын көздиң қарашығы үлкейип, жүреги көбирек қысқаратуғын, денеси азғын, ысығыш ҳәм тез ашыўланатуғын болады. Базетта формула- Базетта формуласы, электрокардисграмманы жүректиң қысқарыў (систола) ўақтын (S) математикалық усыл менен есаплаўға қолланылады. S=0,37 √Сс-в сек. Бактерии рубца–қурамалы асқазанның бактериялары, тийкарынан от жемниң қурамына ҳәм ас писириў системасының характерине қарай отырып анаэроблық жол менен раўажланатуғын микроорганизмлер, яғный әпиўайылар ҳәм бактериялардан ибарат. Қурамалы асқазандағы химустың қурамында бир грамында 10¹º дәрежесинде келеди. Бактериялардың өсиўи ҳәм көбейиўи автолиз усылы менен иске асып бир нешше группаларының өлими болса, қурамалы асқазанда тири микроорганизмлер, бузылып баратырған түрлери ушырасады. Download 100 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling