Б- бабинского рефлекс
Download 100 Kb.
|
Б АЙСАНЕМ
- Bu sahifa navigatsiya:
- Бинауральный слух
- Бинокулярное зрение
- Биоритмология
- Биологическая единица
- Б. значимость условных рефлексов
- Б. Константа
- Б. реакция
Бета(β) ритм- бета(β)-ырғағы (тербелиси) . Б.т.электроэнцефалограм-
маға жазылатуғынмий қабығындағы биотоктымий қабығындағы биотокты тербелисине жатады. Мий ырғағы секундына 12-13 рет, бийиклиги 20-50 мкв-ке теӊ болады. Б.т. адамға күшли жақтылық түсиргенде, қатты ойлағанда (әсиресе есап шығарыўда) қатты қуўаныў, күйиниўде ҳәм тағы басқада усын- дай жағдайларда жақсы жазылады. Биливердин-биливердин (Billiverdinum, лат billis-ѳт , verdе –қызыл), ѳт бояўы (пигмент). Б-ниӊ түри жасыл-кѳк болып, шѳп жейтуғынлар менен , суўық қанлылардыӊ ѳтинде кѳбирек болады. Б.билирубинниӊ окислениўинен пайда болады. Билирубин-билирубин (Billirubinum, лат. billis-ѳт, ruger-қызыл). Б. ѳттиӊ бояўы. Ол қызыл қан түйиршиги бузылғанда ондағы гемоглобиннен пайда болады. Б.кислоталы орталықта кѳкшил түсли биливердинге ѳзгереди “Биливердин” –дегенди қараӊыз. Бинауральный слух-еки қулақ пенен бирдей еситиў (bunauralis лат. bini-екеўден, auris-қулақ) .Усылайынша еситкенде адам сес шыққан жаққа бурылып қарайды, ал бир қулағы тѳмен еситетуғын болса , сес шыққан тәрепке саў қулағын қаратып басын бурып ты қулағын қаратып басын бурып тыӊлайды. Бинокулярное зрение-еки кѳз бенен бирдей кѳриў (visus binocularis). Оны диплоскоп деген әсбап жәрдеминде анықлайды. Биокибернетика - биокибернетика , биолбогиялық кибернетика , биологиялық обьекттеги қайта байланыс ҳаққындағы илим. Биоритмология-биоритмология, биологиялық қубылыслардыӊ белгили дәрежеде ритмли тербелиси. Бисексуальность-еки жыныслық ўәкиллерине қызығыўшылықтыӊ болыўы. Биологическая единица-биологиялық мѳлшер (ѳлшем). Б.ѳ.деп дәри-дәрмақт ыӊ (препаратты (препараттыӊ) белгили мѳлшерин орагнизмге бергенде онда физиологиялық Озгерис пайда болатуғын дәрежесин айтады. Б. значимость условных рефлексов-шәртли рефлекслердиӊ биологиялық мазмуны Ш.р. түрли жағдайда қалиплесиўи арқалы организмниӊ сыртқы орталыққа , жәмәәтке дурыс ийкемлесиўине жағдай жасайды. Организмниӊ сол жағдайға ийкемлесиўине мүмкиншилик береди. Ш.р. арқалы организм Озгериўге ямаса ѳзгертетуғын жағдайға ийкемлесиўине мүмкинлик береди. Б. Константа-биологиялық турақлылық (констант) Мс: дене жыллылығын , қан басымын , клетка суйықлығын , натрий, калий, кальций, хлор, фосфат ҳәм белок, қант т.б ионлардың турақлылығны айтыўға болады. Б. реакция- биологиялық қубылыс. Б.қ. деп түрли титиркендириўши- лердиң себебинен организм хызметиниң ҳәм дүзилисиниң өзгериўин айтады. Б.қ. түсиниги оғада кең терең мағанада қолланылады. Download 100 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling