Б- бабинского рефлекс


Download 100 Kb.
bet8/10
Sana13.12.2022
Hajmi100 Kb.
#999985
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10
Bog'liq
Б АЙСАНЕМ

Блуждаюший нерв-адасыўшы нерв (n.vagus) А.Н. мийдың Х жуп нерви – парасимпатикалық нервлер қатарына жатады. А. н. ишки ағзалардың барлығын дерлик басқарады, хызметин пәсеңлетеди, ал асқазан ширесиниң бөлиниўин ҳәм сидиктиң бөлиниўин тезлетеди.
Болевая рецепция-аўырғанды қабыллағыш (лат. receptio-қабыллаў), шамадан тыс титиркениўден аўырғанды сезетуғын орынлар пайда болады. Аўыртып тәсир ететуғын титиркендириўшилерге жатады. А.қ ямаса аўырғанды сезиў организмниң ең исенимли қорғанышлық рефлекси. А.қ. рефлексии , түрли аўырыўды дурыс анықлап , диагноз қойыўға жәрдем етеди.
Б точки-аўырсыныў орынлары. Адамның терисин ийне менен шаншып изертлегенде , гейпара орынлар ийнениң тәсиринен оғада қатты аўырғаны анықланған. А.о. көздиң мүйиз қабығында гезлеседи.
Болезнь Аддисона-Аддисон аўырыўы. А.а. бүйрек үсти безиниң қыртыс қабатынан шығатуғын гормонлардың жетиспеўинен пайда болатуғын аўырыў. Оны 1885ж. Аддисон деген илимпаз ашқан. А.а.-ның белгили адамның териси қара дақланып , қатаяды, жүректиң булшық етиниң қуўатлылығы төменлейди, шаршағыш келеди, иштейи болмайды, көп қусады тез азады, егер дурыс ертеден емленбесе, адамның өлип кетиўи мүмкин.
Большое полушария-үлкен ярым шар мийдиң ең үлкен бөлими. У.я.ш-дың тийкарғы бөлими оның қабығы. Мий қабығы ең жоқарғы дәрежедеги сезиў, қозғалыў, ҳәрекетке келиў, жуўап қайтарыў ағзаларының орталығы.У.я.ш-дағы мий қабығының хызмети арқалы ишки орталыққа , улыўма орталыққа бейимлесиў иске асып, сана сезим пайда болады ҳәм басқарылады.
Большой круг кровообращения-қан айланыў жолының үлкен шеңбери жүректиң сол жақ қарыншасынан басланатуғын тамыры, оннан тарқалатуғын артерия тамырлары,артериоллары. Денениң капиллярлары менен веналық тамырлары , биригип еки үлкен веналық қуўысты пайда етеди, нәтийжеде жүректиң оң алдына келип қуйылыў менен тамамланатуғын қанның жүриў жолы. Қ. а. ж. ү. ш-ишиндеги төменги вена қуўыслығында қан ас писириў органлардан аўқатлық затларды сорып алғаннан кейин баўырға келип сүзилип, қурамындағы организмге зыянлы затлар нитралланады, соңынан төменги вена қуўыслығына түсип , оң жүрек алдына келип түседи. Организмде қан шәртли жабық түрде айланады. Сонлықтан қ. а. ж. у. ш –ниң дийўалы қан айланыўының киши шеңбери есапланады. «Малая круг кровообращения» дегенди қараңыз.

Download 100 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling