Бердақ атындағЫ Қарақалпақ МӘмлекетлик университети


Үстирт аранларының хронологиясы ҳәм типологиясы. Арка Үстүрт топары


Download 404.5 Kb.
bet10/13
Sana23.02.2023
Hajmi404.5 Kb.
#1223905
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13
Bog'liq
Шыгыс Устурт естеликлери

3.3. Үстирт аранларының хронологиясы ҳәм типологиясы. Арка Үстүрт топары
Бул ушқырсыман қурлыс топары тегис ойпатта Арка Үстурт депресиясы тереториясында жайласқан.
Ойпатлық ҳәзирги заманагой қумлықты классфикациялай нәзеринен, комплексли қумлығынан турады.
Ушқыр сыман планировкалардың жиңишке ҳәм дөнгелек ойларда пайда болған тегис ҳәм тәбиий ойпатлықлар батыс тәрептеги ойпатлықлар менен бирдей. Бул жерде қум жерлерде өспейтугын ҳәр қыйлы дала өсимликлери өсип турған.
Арка устурт топарының ушқырсыман аран тәризли курлыслары структурасы Ландшафт структурасы ҳәм факторларына қарай белгиленеди. Ол № 3 ушқыр сыман планировкадан 1,5 қубладан басланады , 1-ши под системада ҳәм тегис ойпаттан 50 км арқа батысқа созылған. Төменлик әййемги шуқырлы жер сынығында жайласқан.
Қубла-шығыс жағынан төменлиликтиң шетлери түбинен 1,0-1,5 м бәлентликке ийе. Бирақ арқа-батысқа қарай ойпатлылықтан шетлепри әсте -ақырын бәлентилике өсип ҳәм шетлериниң бийиклиги төменге теңлестирилгенде 10,15 метрге жетип, сондай болсада қыялықлар алдындағыдай сақланып қалған ойпатлыққа уқсас төменлиликтиң асты тақыр менен қаплаған, шетлери Мелкозем менен қапланып, айрым жерлеринде дефелецияға ушыраған. Ойпат сыман төменликтиң шетлериниң айрым жерлеринде билинбейтуғын жер ағымлары қәлиплескен.
Арқа үстурт топарының ушқыр сыман қурлысларында алып барылган изертлениў жумыслары оның тапографиялық бир қурлыс система екенин белгилйди ҳәм еки под системаға бөлинип I-II, бирдей уқсас элементлерден-ушкырсыман плпнировкалардан ибарат екенин көрсетеди. Планировкалар бир-бирине стандарт тең болып тек айрым детальлары ҳәм размери бойынша бир-биринен айрылып турады. Олардың ҳәр бири планда параболикалық фигура ишке қарай таратылған қаcыққа уқсас көриниске ийе. «Қапшықтың» жоқары ушқыр мүешлеринде үш мүйеш көриниске ийе еки фигура жайласкан – «Стрелы». Үшмүйешликлердиң ишке қарай топыр мүйеш болып тартылған ҳәм ортасынан жол менен (проход) бөлинген. Үшмүйешликлердиң шетлери ишке ямаса сыртқа қарай шығнқараған айрым жағдайларда туўры боып келеди. Үшмүйешликтиң ҳәр мүйешлеринде дөнгелеклер жайласкан.
Қурлыстан фото суўретлериниң жәрдеминде «Қапшық» тың ишке қарай кең, жолға (проход) орайға қарай созылган, бирақ планировкалар байланысқа ийе емес узын, тойғын қара, еридиян барысында созылған туўры сызықларды көсе болады. Бундай элементлер № 1,2,3,4,7,9,10,13 ушқыр сыман планировкаларда I под сестемада ҳәм № 1 II ши под системадан.
Аэрофото материалларын алып қарағанда айрым ушқыр сыман планировкалардың шығыс мүйшлеринен арқа шығысқа қарай ҳәм батыстан- арқа батысқа созылған туўры тойғын созылған сызықларды көриў мүмкин.
Бундай элементлер I под сестеманың № 2,3,4,5..13 ушқыр сыман планировкаларда ҳәм Iпод сестемадағы № 1-4 планировкаларда белгиленген. Егерде «Мурт» элементи сақланды. Олардың қоңсы планировкаларда бирин көриў мүмкин. Усы менен ушқыр сыман планировкалардың сестемасы қубла-шығыстан арка батысқа қарай толығы менен тегис платоны бөлип турғаны тийисли сызыққа айланады.
Барлық планировкалар бирдей орентатция ға ийе: «қапшықтың» тийкары қублаға карай үшмүешликтиң арқаға қарай тийкары бирдй өлшемге ийе. Планировканың узынлығы 600-900 м ени 400-600 м арасында өзгерип турады. «Алып барыўшының» узынлығы. Кириў алдында 600-700м «Мурт» узынлығы 400-600 м Агрофото материалларында система 43 км арқа батысқа қарай динифрофка қылынды бул ушқырсыман учаскадағы қурлыслардың көлеми белгилинеди.
Подсистема I (Суў) оның қурамындағы 15 ушқыр сыман қурлыслар жайласқан. Олардың платонының шетинде 26 км аралықта арқа батысқа карай жайласқан. Ушлары ҳәм кириси менен «Қапшықты» қарай планировкалар арқаға қарағанда тек тоникалық сынық сызығы бойлап сызылған. Бир-биринен 0,9-2,5 км аралықта жайласып турыпты.
№ I ушкыр сыман планировка шығыс чиникда жайласқан. Оның шығыс тәрепи чинк шети менен бирге қуралған. Бул жерде тек кең планировканың «қапшығынан»алып барыўшы кең жол (проход)ҳәм батыс үшмүешлик жайласқан «Қапшықтың» аўзы ортасында арқаға қарай ойппата көринбейтуғын. Тек аэрофото жәрдеминде дешифровка қылынған, «көрсетиўши» лениясы созылған. Қыпшақтың белгилери айрым жерлерде белгили көриниске ийе. Олар Шабенисто грунтовый жолық көриниске ийе болып планировканың ишки контурында жайласқан. Ишки тәрепиниң жарлық тас плитка менен қапланған излерине ийе.
Үшмүйешиликлердиң жоқары сындағы дөнгелеклер жабылған тәризли, Шабенисто грунтовым жарлық пенен пайда болып ишки тәрепинен белгили ойықларға ийе ҳәм шетлери плиткилер менен төселген. Дөнгелектиң дияметири 10 м (вал) шорлықтың ени 6 м , жарлықтың (роф) ени шама менен 4,5 м тең, үшмүйешликтиң ҳәр тәрепи 90 м 100 м шекем жетеди. Үшмүешликтиң улыма майданы 0,45 га тең. Планировкада аз муғдарда көл жасалмалы ҳәм становкы исленген кирамика табылмалары белгиленген майданда планировка тас белгилерге ийе, айрым жерлерде жоқболып кеткен. Салыстырганда тек жарлықлар ҳәм үшмүешликлердиң дөнгелеклериниң белгили излери бар.
№ 2 Үшқыр сыман планировка. № 1 планировкадан 1,5 км батыста жайласқан. Шығыс ҳәм батыс үшмүешликлердиң контырлары (2 ге бөлинген) сдвоены, айрофото суўретлеринде «Қапшық»шығыс тәрепиниң екилиги (жуплығы) анық көрсетилген. Усыған қарағанда ушқыр сыман планировка бир жерде бир-неше мәрте қайта бой тиклеген. ҳәм релифте ертеректеги планировканы контурлары (излери ) сақланып қалған. Айро фото суўретлерде шығыс ҳәм батыс үшмүешликтен шыққан «көрсетиўши» ҳәм «Мурт» лардың узын сызықшлары белгили. Бирақ майданда оларды айрып болмайды.
Үшмүйешликтиң мүйешлеринде бир дөнгелектен жайласқан. Ушқыр сыман планировканың контурлары күшли тегисленген. Жарлық ҳәм жақсы белгили «үшмүешликтеги» ҳәм дөнгелктеги жарлықлар арқалы пайда болған. дөнгелектиң ишки айлансында извенснияк ҳәм плитадан исленген вертикал көмекши дйўаллардың излери белгили. Планировка узынлығы 700 м, ени 550 м әтирапында., «Қапшық» аўзының ени шама менен 100 м «үшмүеш»шетлери 100-150 м, шығыс «Муртының» узынлығы 950 м, батыс 800м. «Көрсетиўши»450м шекем дишфрофка етилген. Планировканың улыўма майданы 19 га әтирапында. Үшмүеш майданы 0,70-0,75 га. Айрофото суўретлеринде «қапшықтың» бир-неше ақ дақлар көрсетилген. Бул жерде күли топрақ болып, кемириўшлердиң инлери менен қазып тасланған
Топырақ бетинде ҳәм кемириўшлердиң инлериниң шығындыларында керамика фрагмент табылмалары ҳайўанлардың күген қалдықлары көп табылған. дөңлерде төбе сыман бир неше дияметири 10 м тең төменликлер белгилер.
Хазирги ўақтта планировка толығы менен жоқ болып кетилген. Буған Бухара-Урал газо провод траншеясының тартылыўы ҳәм де көплеген жолардың көбийп кетиўи.
№ 3 ушқыр сыман планировка боллып, биюргун ҳәм Полин кусаниклери менен басқан ойпатлықта № 2 планировкадан 900м аралықта жайласқан. Релифтиң күшли тәризде тегислениўи, оның платоның тегис майданында айрмашлығын пәсйтеди. Аэрфото суўретлери мағлыўматлары болмаса оны айрыўы қыйын. Тек планировкада оның айрым элементлери көриўи мүмкин: шөп өспеген шебинли жарлық излери ҳәм қалың шөп пенен қапланған төменликлер, жарлықлар, арықлар, үшмүешликлердиң жоқарсындағы дөнгелеклер. Ал жерде турып планировканы толығы менен көриў мүмкин емес. Релфьте бийик баллар менен қоршалған үшмүешликлер белгили болып тур. Аэрофото түсирмелеринде планировка толығы менен анық белгили түрге ийе. № 3 ушкыр сыман планировкада айрофото түсирмелери менен бирге тофография түсирмелер ҳәм қазылмалар алып барылған. Арқа үстурт ушкыр сыман планировкаларының бирдй типке ийе екенлигин нәзерге алғанда № 3 ушкырсыман планировкаға уқсас овектлердиң италоны етип алыўымыз мүмкин. Ушқыр сыман планировканы «Қапшық» параболасы майданда анық белгиге ийе емес, айрым жерлер бул қара топырақ, ал бир жерлерде анық белгили арық түрине ийе «Қапшықтың » батыс тәрепиниң сызығы екеиленген релифте кириў сықлары анық белгиленген. Шығыс ҳәм Батыс тәреплери екиленген. Бул жерлерде бәс баллар ҳәм оның ишки тәрепинде жайласқан жарлық жай сақланған. Шелдиң ишки тәрепинде көп жерлеринде ылай плиткилерине қостырыўшы араласпасыз соғылган көмекши диўаллар сақланган.
Үшмүйешликлердиң жоқарысындағы дөңгелеклер жақсы сақланған шеллер жәрдеминде пайда болып, оның ишки тәрепи шуқыр төменликлерден ибарат. Дөңгелеклердиң ишки айналасы плиткилер менен қапланған. «Көрсетиўши» ҳәм «муртлар» бул жерде улыўма белгисиз қалған. Тек Аэрофото сүўретлердиң материаллары жәрдеминде олардың турған жерин анықлап, микрорельеф жердиң қара ҳәм өсимликтиң қурлысы қалыңлыгы арқасында белгили.
Қурлыстың узынлығы 750 м. ени 650м. үшмүйешликлердиң бийиклиги 110-120 м. үшмүйешликлердиң жарлықтың шуқырлығын есапқа алғанда Траншея 1 районындағы шелдиң бийиклиги 3,6 м бийикликте қурылған. Бирақ жасалма топырақтың қурамында шебеньниң көплиги климат факторлары, қурғақлық, күшли самаллар ҳәм температураның өзгериўшенлиги шелдиң бийиклигиниң өзгериўине алып келеди. Бул жағдайда мүйештиң қыялығын ишки тәрептен услап турыўшы көмекши дийуаллар үлкен әҳмийетке ийе. Усының менен Траншея 1 де алып барылған жумыслардың жуўмағы «үшмүйешликтиң» шел менен қоршалып ишки тәрепинен тиреўши көмекши дийуаллардың ҳәм енли шуқыр емес жарлықтан ибарат екенлигин көрсетеди.
Траншея 2 «Көрсетиўшиниң» кесесине «Қапшықтың» аўызынан 700 м арқада жайласқан. Оның узынлығы 6 м, ени 1м. Траншеяның жайласқан жеринде «Көрсетиўши» белгили емес төменлик пенен көрсетилген.
Траншея 2 материаллары «Көрсетиўшиниң» 0,5 м шуқырлыққа ийе, ени 2 м, топырақ қатламында қазылған ҳәм айырым жерлерде известнен қатламына тақалған арық көринисине ийе екенлигин дәлийлледи. Тасланба батысқа қарай жүрген, ол жерде пәс 0,2 м енсиз 1,5 м шебенли шел излери сақланған. Арық шебен ҳәм қурғақ топырақ ағымы менен толып екинши топырақ қатламын пайда еткен. Усының менен «көрсетиўши» алдын ала тар шуқыр емес, белгили емес еки жақлы шел көринисте еди.
Траншея 3. Планировканың «көпшығын» батыстан шегарала7шы сызығына кесесине турып, батыс « үшмүйешликтиң» қубла д54гелегине 30 км қублада жайласқан. Траншеяның узынлығы 9 м, ени 1м. Траншея «көпшиктиң» барлық кереметин шегаралаўшы жарлық пайда еткен. Оның ени 3 м әтирапында, шуқырлығы әйемги қатлам уровенине шекем 0,7 мге тең. Арықлар қазылған еди: Жоқары бөлеги топырақ қатламында 0,4 м төменги бөлеги қатты ылай менен қапланған . Тасландылар планировканың батыс тәрепине шығарылған (планировканың сыртқы тәрепи) ҳәм бул жерде бийик емес шел пайда еткен. Ҳәзирги ўақытта шел жайылып жоқ болып кеткен ҳәм оны релефьте көриў мүмкин емес. Қазылған топырақтың көлемине салыстырғанда шелдиң бийиклиги 0,6 – 0,7 м ден аспаған. Арық шелдиң аққан топырақ пенен толып қалған ҳәм оларда екинши қатлам пайда етилген.
Траншея 3 те алып барылған жумыслары нәтийжеси бойынша планировканың «қапшығы» жар ҳәм шел менен сыртқы тәрепинен шегараланған. Жарлықтың шуқырлығы ҳәм шелдиң бийиклиги 1,5 м.ге жетеди, ал ҳәр қайсысының ени 3м ге тең.
Траншея 4. Планировканың қубла бөлегиндеги №3 домалақ төменликтен өткен. Төменликтиң диаметри 12 м әтирапында, ҳәзирги қатламнан уровенинен 0,5 м шуқырлыққа ийе. Траншеяның узынлығы 8м, ени 1м. Траншея Шыгыс- Батыс сызығы бойлап жайласқан. Төменликтиң орайында траншея 2 м. ге шекем енге ийе. Ол домалақ шетлери диаметри 12м ге тең төменликти кесип өтеди. Бул шуқырлықтың диаметри бойынша қатты ылай қатламында узын енсиз, ени 2м. ге тең шуқырлық қазылған. Шуқырлық ағып түскен шебенли қурғақ қатлам менен толған. Оның төменги бөлегинде ҳайуанлардың сүйеклери ҳәм керамика фрагментлери табылған. Табылмалардың көлеми төменги бөлеклери бойлап еледе көп ушырасады. Шуқырдың толыў қатламының бир бөлеги күл менен аралас Локал күл қатламлары жаныў излерисиз белгили.
Алынған мағлыўматлар ашылған шуқырлықтың әҳмийетин белгилеўге пайдаланылады. Табылмалар жоқары уровен қатламларынан келип түскен көриниске ийе болып көринеди.
Траншея 5. Траншея 4 ашқан шуқырлықтың әтирапындағы жер бети айырым ҳайуан сүйеклери ҳәм керамика фрагментлери менен қапланған. Бул жерде жерге қазылған бир неше үлкен қатты ылай плиталар ҳәм жайласқан. 3 м узынлыққа 1 м енге ийе траншея барлық мәдений табылмалар норковый горизонтқа жайласып ҳәм жер бетине жайылыў процесинде шығыуларын көрсетип берди. Олар белгили бир жыйналмаларды пайда етпейди ҳам жайылыў майданы ҳәм белгили көриниске ийе емес. Көрсетилген жағдай бўл жерде турақлы ҳәм уақытлы қурылмалардың жоқ екенлигине гүуалық береди. Бул жерде аз уақытлы стоянка ҳаққында сөз болыўы мүмкин, оның белгисиз излери жамғыр суўларының ағымы тәсиринде жанында жайласқан шуқырға ағып мәдений тасландылар кирген суглинисто-шебнистый горизонт пайда етти.
№4 Ушқырсыман планировка №3 Ушқырсыман планировкадан 1км қубла-батыс аралығында жайласқан. Оның контуры пераметри бойынша анық белгили ҳәм аэрофото сүуретлерде ҳәм жерде оның белгили көриниске ийе екенлиги анықланды.
Планировка бир-неше мәрте қайта қурылған: Аэрофото сүуретлерде «қапшық» шаршар сыман ауызынан шығыс бөлеги екенлиги анық көринисте көрсетилген ҳәм «үшмүйештиң» екинши контуры белгили. «Үшмүйештиң» ҳәр бир мүйеши дөңгелек ишелге ийе. Бул ушқырсыман планировка батыс «үшмүйеште» жайласқан. «Көрсетиўши» ҳәм «Мурт» меридианс сыяқлы түрге ийе. Олар майданда тек ғана микрорелефте белгили.
Планировка ауызы менен арқаға қарай ориентация етилген. Оның улыўма узынлығы 850 м, ени 500 м. «үшмүйештиң» ҳәр тәрепинин узынлығы 120-140 м, «көрсетиуши» 4000 м узынлыққа ийе. «Мурттың» узынлығы 400 м. Ауыздағы ени 140-150 м. Майданы 21 гектар әтирапында, «үшмүйештиң» майданы 0,8 гектар.Планировкадан тысқарында оның қубла бөлегинде диаметри 10-12м домалақ төменликлер табылған. Оның әтирапында керамика фрагментлери ҳәм ҳайўан сүйеклери табылған.
Ушқырсыман планировка №5 ҳәм №4 Ушқырсыман планировкадан 1 км арқа батыс аралығында жайласқан. Планировка бир неше мәрте қайта қурылған. Шығыс «үшмүйешликтен» 150-160 м арқа-батысында релефте және бар. «үшмүйешликтен» контуры белгили. «үшмүйешликлердин» ҳәр бир мүйешинде шел менен қоршалған дөңгелек шуқырлықлар белгили. Батыс «үшмүйешликтен» «мурттың» белгисиз излери болған.
Планировканың сакланыўшылығы жүдә жаман аўҳалда, оның қубла бөлеги жоқ болып кеткен. Планировканың сақланыўы бетон қудыктын ҳәм шарўа турғынларының пайда болыўлары менен жәнеде жаманласты. Аэрофото сүуретлер өлшеми бойынша планировканың улыўма узынлығы 800м, ени 600 м, ауызының ени 150мс әтирапында. «Үшмүйешликлердиң» тәреплериниң узынлығы 100-120 м. Майданы 24 гектар. «үшмүйешликтин» Майданы 0,6 гектар. Планировка районында керамика фрагментлериниң аз жағдайда табылмалары белгили. Будан басқа планировкаланған кварц ҳәм қара тас буйымлары табылған.
Ушқырсыман планировка №6. №5 ушқырсыман планировкадан арқа батысында 1,5 км аралықта жайласқан. Оның контуры периметрии бойынша анық белгили. Аймақта тек «Үшмүйешликлер» ғана релефте белгили. «Қапшықтың» жарлығы ҳам шели релефте көринбейди. «Қапшықтың» қубла тәрепи жоқ болып кетиў қәуипинде. Шел жарлықтың сыртқы тәрепинде жайласқан. Шығыс. «үшмүйешликтиң» көп түрлери сыртына қарай шығыңқыраған. Батыс тәрепинен ишке қарай үшмүйешликтиң ҳәр бир мүйешинде дөңгелекшелер бар.
Ушқырсыман планировканың узынлығы 800 м, ени 500 м Ауызының ени 150 м әтирапында. «Үшмүйешликтиң» ҳәр тәрепиниң узынлығы 100м. Ауызы менен планировка арқаға қараған. Оның улыума майданы 20 га атрапында, «үшмүйешликтиң» майданы 0,5 га.
«Қапшық» әтирапында әсиресе қубла тәрепинде белгили бир Ренге ийе емес дөңгелек дақлар ҳәм төменликлер жайласақан. Планировканың қубла тәрепинде бир неше домалақ төменликлер жайласқан. Олардың әтирапында көп муғдарда жасалма керамика фрагментлери ҳәм ҳайуан сүйеклери табылған. Олардың көби күйик көриниске ийе.
Ушқырсыман планировка №7. №6 ушқырсыман планировкадан батысында 2,5 км аралықта жайласқан. Оның контуры аэрофото сүуретлерде ҳәм майданда анық белгили. «Көрсетиўшинин» қыя линиясы белгили. Ал батыстағы ойлы-дөңес контурға йие. «Қапшықтың» ауызы арқа шығысқа ориентадаланған. Ушқырсыман планировканын узынлығы 800м әтирапында, ени 500 м аслам, «үшмүйешликтиң» тәреплеринин узынлығы 100 м қапшыққа кириў ени 120-140 м, «көрсетиўшиниң» узынлығы 600 м, майданы 20 га әтирапында. «үшмүйешликтиң» узынлығы 0,5 га әтирапында.
Ушқырсыман планировка №8. №7 ушқырсыман планировкадан батысынан 1,8 км әтирапында жайласқан. Аэрофото сүўретлерде оның контуры анық көринисине ийе.
Майданда тек ғана релефте үшмүйешликтиң шел ҳәм жарлықтың излери белгили. «Қапшықтың» сызығы анық белгили емес. Планировканың индивидуал айырмашылығы «үшмүйешликтиң» арқа жоқарылығында еки дөңгелек шелге ийелиги.
Планировканың узынлығы 9000 м, ени 700м «үшмүйешликтиң» ҳәр тәрепиниң узынлығы 150-200м аўызының ени 110-120м. Майданы 31га әтирапында, «үшмүйештиң» майданы 15га ға тен.
«Қапшықтың» қубла жағында 10-1өм диаметрге ийе бирнеше домалақ төменликлер жайласқан. Олардың әтирапында керамика фрагментлери ҳәм ҳайуан сүйеклери қалдықлары көп. Бул жерде тас, кремень, Кварц, қара слану пародаларынан исленген буйымлардың фрагмент лери белгили.
№9 ушқырсыман Планировка. №8 ушқырсыман планироовкадан 1,4-1,5 км арқа батысында жайласқан. Жерде ҳәм аэрофото сүуретлерде периметрии бойынша анық излерге ийе. Бирақ «қапшықтың» контур релефи жайылып кеткен, бул уақытта шел ҳәм жарлық анық белгили «Үшмүйешлик» контуры аз муғдарда дөңге ийе. Аўыздан арқаға қарай аэрофото сүуретлерде белгили емес, «көрсетиўши» сызығы созылған.
Планировканың индивидуал айырмашылығы, батыс «Үшмүйешликтиң» арқа жоқарылығында бир емес ал еки дөңгелек шелге ийелиги. Планировканың бир индивидуал айырмашылығы шығыс «Үшмүйешликтиң» арқа ҳәм батыс дөңгелек шеллерде қорғансыбан бийикликлердиң барлығы, олар Айбүйир-Сарықамыш ушқырсыман планировкалардың группасына сыяқлы. Планировканың және бир айырмашылығы «Үшмүйешликтиң» контурлары бир емес ал арасында жарлық бар еки шеллерге ийе.
«Қапшықтың» мойынында –сыртқы тәрепинде шелге ийе. Ал ишик тәрепинде – жарлық бар. Ауыздаң еки 10м диаметрге ийе жайылып кеткен шуқырлар белгили.
Планировканың узынлығы 750 м, ени 500 м ауыздың ени 100 м, «Үшмүйешликтиң» тәреплериниң узынлығы 110-120м. Майданы 19га әтирапында, «Үшмүйешликтиң» майданы 0,65-0,70 га. Планировканың узынлығы 800 м, ени 500 м әтирапында. «Үшмүйешликтиң» тәреплериниң
Узынлығы 150 м, ауыздың ени 100 м аслам. Майданы 20 га атирапында. «Үшмүйешликтиң» майданы 1,0-1,1 м тең. «Үшмүйешликлердиң» шеллеринде аз ушырасатуғын керамика фрагментлери табылған. «Қапшықтың» шегарасынан шетинде 12-14м диаметрге ийе бирнеше домалақ төменликлер ҳәм еки шуқырлық шаршарсыман шуқырлықлар жайласқан.
Атирапында керамика фрагментлери, ҳайуан сүйеклери ҳәм тас сынықлары табылмалары жүдә көп.
№11 Ушқырсыман планировка №10 Ушқырсыман планировкадан шама менен 1,4 км арқа батыста жайласқан. Алдыңғы планировкалар тектан сызығы бойлап ойпаттың туба менен өткен тақыр линиясынан арқа тәрепинде жайласқан болса, №11-15 планировкалар қубла тәрепинде жайласқан. Параметр бойлап контуры анық белгили, ауызы менен планировка арқа тәрепке қараған. Узынлығы 750 м әтирапында, ени 500 м, «Үшмүйешлтктиң» тәреплеринин узынлыгы 150м әтирапында, ауызының ени 100м шамалас. Майданы 19 га, үшмүйешликтиң майданы 1,0-1,1 гектарға тең.
№12 Ушқырсыман планировка №11 V.II. 600 м арқа-арқа-батыста жайласқан. Аўызы менен арқаға ориентацияланған түсирилген сүўретлерде «үшмүйешликке»батыс үшмүйешликтиң контуры еликленген.
Әйемги белгисиз контурда үшмүйешликтиң ҳәр мүйешинде бир дөңгелектен ибарат. Планировканың ени 800 м әтирапында, кириў ени 120-130 м. Батыс үшмүйешликтиң тәреплериниң узынлығы 200 м алдыңғы шығыс үшмүйешликтиң -150 м. Шығыс дийуал 150 м атирапында, үшмүйешликлердиң майданы 1,5 га
II – подсистема Оның басы I подсистемадан 6 км арқада жайласқан.
II – подсистемадан кубла шыгыска арка-батыска созылган 6,0-6,5 км әтирапында төрт ушқырсыман планировкалар жайласқан.
№1.VII. Контур сүўретте параметри бойынша анық көриниске ийе. Ауызы менен арқаға қараған. Үлкен Үшмүйешликлери меен айырылып турады. Планировка узынлығы 9000 м атирапында, ени 700 м шамалас, ауызының ени 110-120 м, шетиниң узынлығы 200 м әтирапында. Көрсетиўшиниң узынлығы 1км әтирапында, «Мурттың» узынлығы 400 м әтирапында. Қайта қурылыс излери белгили. Шығыс дөңгелек «Қапшықтың» дамбалары арқаға қарай жылжыған.
№2 Ушқырсыман планировка №1 УП шама менен 2,2 км арқа батысқа жайласқан. Контурдың қубла тәрепи сүўретлерде көринбейди. Ауызы менен арқаға қарай ориентацияланған. Ени 600 м әтирапында ауызының ени 200м аслам. «Үшмүйешликлердиң» шетлериниң узынлығы 150-160м.
№4 қорғаншасыдан 90м қубласында жайласқан жыра жалықтан 15-20м аралығында жайласқан.
Айтылып өткен қурылыс өзи менен тең тәрепли үшмүйешлик қәлпине ийе. Оның бийиклиги 100-120 м. қурайды. Тийкарының узынлығы 60-65 м Үшмүйешликтиң тийкары ишке қарай дөң болып ҳәм ортасынан қорганның ишине қарай алып баратуғын ени 8м болған шаршарсыман ауызға ийе. Ауызы арқаға қарай ориентацияланған. Қорған бир қатарға дүзилген тас плиталардан соғылған.
Үшмүйешликтиң қублаға қорған жоқарылығында 6 м диаметрге ийе еки дөңгелек қорган жайласқан. Ал қалған еки жоқарылығында бир-бирден аналог қорғанлар жайласқан. Шығыс қорғанның ортасында бир қорған болып, ол үшмүйешликтиң ишине алып баратуғын өткеликке ийе.Үшмүйешликтиң тийкарында анық арқа-батыс жоқарылығында үлкен (диаметри 10м бийиклиги 1,2-1,5 м) қорғансыман қатты таслы үйиншик жайласқан. Жыраның шетинде бирге олар Үшмүйешликтиң ауызына алып баратуғын ени шаршар пайда ететугын сызық пайда етеди. Оның майданы 0,4 га. Қурылыстың улыўма майданы қуйрық ҳәм жыра аралығын есапқа алғанда 2,5 гектар әтирапында. №1 ушкырсыман планировкадан 8-9 км қублада арқа үстирт системасында жайласып типологиялық ҳәм хронологиялық тәрепиенен ажыралып турады.
Айбүйир – Сарықамыс топары. Үстирт шығыс жырасында 90км майданда жайласқан. Бийик-жыра бул жерде өзиниң тегислигин жойтып гей жерлерде сынып ҳәм өз бағдарын көп жерлерде жоғалтқан.

Download 404.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling