Бердақ атындағЫ Қарақалпақ МӘмлекетлик университети


Үстирттеги Аран тәризли қурлысларды изертлеўлери


Download 404.5 Kb.
bet9/13
Sana23.02.2023
Hajmi404.5 Kb.
#1223905
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13
Bog'liq
Шыгыс Устурт естеликлери

3.2. Үстирттеги Аран тәризли қурлысларды изертлеўлери.
В.Н.Ягодинниң археология илиминде ислеген илимий жаңалықларының бирине Үстирттеги сырлы қурылыслар бойынша алып барған жумыслары болып есапланады. Оқжай оғы тәризли қурылыслар аты менен илимге кирген бул қурылыслар уақтында профессор С.П.Толстов тәрепинен өткен әсирдиң елиўинши жылларының басларында ашылған еди. Лекин бул қурылыслар қандайда бир себеплер менен ол өз алдына изертленилмей қалып келген еди. Жетписинши жыллардан баслап бул қурылыслар менен шуғыллана баслаған В.Н.Ягодин олардың дәўирлерин анықлайды, типлери жағынан түрлерге бөледи, қысқасы оларды толық изертлеп шығады.
В.Н.Ягодинниң анықлаўлары бойынша бул қурылыслар Арал-Каспий аралығында Үстиртти жағалап қурылған. Қурылыс ушын жергиликли қумтаслар пайдаланылған. Айрым жағдайларда олардың қапталларында қурылған қосымша қурылысларға гербишлер ислетилген. Оларға киретуғын қыснақ аўызлар ҳәмме уақыт Үстирттиң шетинен, яғный тикжар тәрептен қойылып, оның ишине кирген ҳайуанлар сыртқа шыға алмайтуғын болған.
Анықлаўлар бул қурылыслардың барлығы жабайы аңларды аўлаў ушын пайдаланылған. Буның ушын жабайы аңлар қуўып алып келип оның ишине қамалған. Кирген аңлар сыртқа шыға алмай жүрип, қурылыстың түпкирине қарай қашқанда ол жердеги қамбаларға қулайтуған болған. Қамбада қойылған найза тәризли ушқыр затлар аңға кирип олар қансырап қаша алмай қалатуғын болған. Бундай аңшылық пенен ерте уақытлардан баслап, жазба мағлыўматларға қарағанда, Хийўа ханларыда шуғылланған.
Бул қурылыслардың салынған уақтына келетуғын болсақ, анықлаўлар олардың бизиң эрамызға шекемги бир мыңыншы жыллардың орталарынан баслап бизиң эрамыздың он тоғызыншы әсирлерине шекем даўам етип келген. Бул изертлеўлердиң жуўмағы өз алдына монографиялық мийнет болып шығарылады. Бундай аңшылық түри менен қарақалпақлардың аранша руўлары шуғылланған деген пикирлер бар1.
В.Н.Ягодин тәрепинен Үстирттиң Қарақалпақстан территориясында оқ жай ушы (стреловидные планировки) тәризли аран қалдықлары изертленди. Археологиялық изертлеўлерге дейин бундай қурылыслар Арал бойларына арналған тарийхый илимий әдебиятларда белгисиз болып келди.
Оқ жай ушы (аран) тәризли қурылыслар С.П.Толстов басқарған Хорезм археолого-этнографиялық экспедициясының Әжибай отряды тәрепинен Үстирттиң хантирсек тумсығындағы Ербурын-қала жанында ашқан еди. Экспедиция басшысы С.П.Толстовтың айтыўынша: «Үстирттиң шетки шегараларында көпшилик орынларда ҳәр тәрепке қарай кеткен ойық-арықлардан турған әжайып қурылыслар анықланды. Олар шағал таслар, плиталар, узын қашылар ҳәм дөңгелек ойықлар менен толтырылған, бәлким, олар қоршап қуўыў жолы менен аң аўлаўға пайдаланған болыўы мүмкин2.
Бирақ бул қурылысларды археологиялық жақтан изертлеў 1972,1975, 1981, 1983, 1986-1983 жыллары Нөкисли археологлар тәрепинен иске асырылды. Нәтийжеде бундай қурылыслардың Қарақалпақстан территориясындағы Үстирт кеңислигинде бес группасы: Арқа Үстирт, Ай бүйир-Сары қамыш, Жарын қудық, Кендирли-сай, Бейнеў ашылды3.
«Оқ жай ушы» тәризли қурылыслар әдетте Үстирт чинкинан ишке қарай қурылған. Оның қуйрық тәрепи қарлығаш тәризли айрылып, бас бети қаўсырыла келип сопақ үшмүйешли тумсықты пайда етеди. Тумсық мүйешлеринде дөңгелек қара үй орны тәризли «ойық уялар» бар. Бундай қурылыслар жәрдеминде көшпели қәўимлери ҳәм отырықшы халықлар кең далада сайғақ, қулан, арқар, кийик усаған ҳайўанларды көплеп аўлаўда пайдаланған.
Этнографиялық ҳәм жаңа дәўир авторларында бундай қурылыслардың үлгисин «аран» деп атаған. Аран жәрдеминде қулан, сайғақ аўлаған. Қарақалпақ халық фольклорында атап айтқанда «Ер Зийўар», «Қырқ қыз» дәстанларында «аран» аң аўлаў қурылысларының бири иретинде теңеўде пайдаланады1.
Аран этимологиясы XIX әсипле Қарақалпақ классик шайыры Бердақ Ғарғабай улы (1827-1900) «Шежире» тарийхый шағырмасында: «Шөллерде гезер жераны. Жеранға қурған араны» деп, аран қурылысын аңшылыққа байланыстырады2.
В.Н.Ягодин өзиниң жоқарыда аталған «Үстирттиң стрела тәризли қурылыслары (Ташкент, 1991-ж.) мийнетинде оқ жай ушы тәризли қурылыслардың қазақ, қарақалпақлардағы аңшылық традицияларына байланыслы екенин әдебий дереклер негизинде дәлийллеп өткен. Бирақ В.Н.Ягодин бул естеликлердиң қайсы хронологиялық дәўирде пайда болғанын анықлай алмаған, ал ол жөниндеги болжаўлар полемикалық-тартыс түринде ашық қалған»3.
Оқ жай ушы тәризли қурылыслардың ашылған күнлеринен баслап олардың мақсети, әҳмийети ҳаққында әдебиятларда пикирлер айтылды. Тәбият таныў илимлериниң ўәкиллери А.А.Григорьев, С.И.Варушенко ҳәм т.б. бул қурылысларды палеографиялық мәселелерди шешиўде адамлар пайдаланған деген пикир менен бирге, «Үстирт кеңислигиндеги сүўретлер, Наски даласындағы үлгилери тәризли әлем сферасы менен байланыста бағдарлаўшы» көрсеткиш иретинде космостан келиўшилерге арналған деген пикир айтады.

Download 404.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling