Бердақ атындағЫ Қарақалпақ МӘмлекетлик университети
III-Бап. В.Н. Ягодинниң Үстирт көшпели қәўимлер естеликлерин изертлеўдеги хызметлери
Download 404.5 Kb.
|
Шыгыс Устурт естеликлери
III-Бап. В.Н. Ягодинниң Үстирт көшпели қәўимлер естеликлерин изертлеўдеги хызметлери
3.1.Үстирттеги көшпели қәўимлер ҳаққында археологиялық ҳәм этнографиялық мағыўматлар Үстирт естеликлери, соның ишинде бизди айрықша қызықтыратуғын Чинк-қыр бойлап жайласқан қалалар, қорғанлар, кәрўан-сарайлар, кәрўан жоллары тек ғана ХХ-әсирдиң 40-50-жыллары ғана археологиялық усылда изертлене басланды. Бул археологиялық изертлеўлердиң биринши шөлкемлестириушиси белгили археолог, тарийхшы С.П.Толстов болды. Соңынан бул жумысты Қарақалпақстан республикасы археологлары В.Н.Ягодин (курганлар), М.М.Мамбетуллаев (Үлкен Айбуйир кала), Ю.П.Манылов, М.-Ш.Қдырниязов, О.Ж.Юсупов ҳәм Б.Саипановлар даўам етти, қазыў жумысларын алып барды (Белеўли, Ай ата, Қалы Гумбез, Қуланлы кәрўан сарай, қоныслар). Бул Изертлеўшилер Үстирттиң Қарақалпакстан аймағындағы Белеўли, Ай Ата, Киши Айбуйир қала, Қуланлы, Үлкен Айбуйир, Пулжай жанындағы естеликлер- кәрўан сарай ҳәм минарларды да изертленди1. Кейин Өз ИА ҚҚБ тәрепинен 1962, 1963, ақырында 1964-жылы усы Бөлимниң Н. Дауқараев атындағы тарийх тил ҳәм әдебияты институтының археология отряды тәрепинен изертленген маршрутларда Үстирт қыры бойында жайласқан көплеген естеликлер есапқа алыңған.2 Бул жумыслар Устүр қырында жайласқан Пулжай, Үлкен Айбуйир, Шемаха қала, Топрақ кала (Қоңырат), Сексеуил сай усаған қалалар менен қатар қарауыл төбелер («сигнальные башни») Волга бойына баратуғын арқа-батыс жолда барлық жол бойында кәрўан-сарайлар менен үскенеленген болғанын анықлады.1 В. Н. Ягодин 1972-жылдан баслап Үстирт кенислигиниң Қарақалпақстан аймағында қазыў археологиялық қазыў жумысларын шөлкемлестиреди. Бирақ ол өзи көшпелилерге тийисли курган-қабирлерди казыўды алып барады ҳәм шөлкемлестирди. Ал усы Үстирт қырындағы қала-қорғанлар, кәрўан сарайлар Қарақалпақстанлы археологлар М.М.Мәмбетуллаев, М.-Ш.Қдырниязов, Г.Х.Хожаниязов, О.Ж.Юсупов, Ж.Т.Турманов, С.А.Уталиев ҳәм т.б. ХХ әсирдиӊ 70-80 жж. «Устюрт», «Айбуйир қала» экспедициялары қурамында қатнасып жумыс ислеўи нәтийжесинде қазып изертленди. Олар Үлкен Айбуйир кала, Ғалы кумбез, Қуланлы, Ай ата естеликлериндеги изертлеўлерге белсене қатнасты. Олардан М.-Ш. Қдырниязов, О.Ж. Юсупов, Б.С.Саипановлар Орайлық Үстирт кәрўан сарайларын қазыўға да катнасып өзлериниң мийнетлери менен белгили болды. Бул изертлеўлер Үстирт пәстегислиги, қырға-чинкқа коңсы жайласқан естеликлерден алынған материалларды усы аймақ ҳаққында жазба дереклердеги аз сақланған мағлыўматлар менен салыстырып изертлеўде әҳмийетли есапланады. Бирақ археологиялық изертлеўлер, тексериўлер натийжесинде топланған гүлалшылық өнимлери арнаўлы топланып изертленбеди. Тек ғана В.Н.Ягодин Үстирттеги ҳәм Арал бойы жерлери көшпели дала кауимлери менен байланыс орынлардағы (курган-қабирлер) ушрасқан керамика өнимлерин азлы-кемли сөз еткен2. Үстирт кеңислигинде жайласқан әййемги ҳәм орта әсирлерге тийисли көшпели қәўимлердиң естеликлерин изертлеў өткен әсирдиң жетписинши жыллардың басларынан басланады. Бул естеликлерди В.Н.Ягодин кошпели қәўимлердиң Шығыс чинктеги естеликлери, Барсакелмес қулаўының арқа батыс бөлегиндеги естеликлер, Чурук массивиндеги естеликлер ҳәм олардың типологиясы деп бөледи. Бунда ол Дуана, Сулама, Байтуре, Жийдели булақ, Ақбулақ, Ақтумсық, Қорғанша, Узыноба, Қурыққарақайыр, Қаракебир, Қызылқайыр, Урге, Тайлы, Қыяжол, Судочье, Қраўмбет, Сексеўилсай, Ақшолақ, Пулжай, Қасқа жол, Айбуйир, Қумлмуғанбет, Қуланлы, Чаштепе, Сүбетемираланкүркиреўик, Алан, Қарақудық сыяқлы онлап ҳәрқыйлы естеликлерди изертлейди. Олардың ишинде көпшилиги усы изертлеўлерден кейин илимде биринши мәртебе белгили бола баслайды1. Орта Азия Арал бойы изертлеўшилер мийнетлеринде Үстирт кеңислиги ямаса Каспий-Арал теңиз арасы деп аталған кең майданның археологиялық естеликлери соңғы ўақытларға дейин толық айтылмаған. Ертедеги авторлар менен саяхатшылардың дереклеринде Хорезмниң арқасында Манғышлақ тәрепте көшпелилер мәканы болған Үстирт ҳаққында еске түсириледи. Орта әсирлердеги Үстирт ҳаққындағы мағлыўматларды араб, персиялы авторлар шығармаларында ушыратамыз. 922-жылы Бағдат халифатының елшиси Ахмед Ибн Фадлан Арал-Каспий аралығындағы Үстирт ҳаққында былай дейди» «Бизлер түрклер мәканына қарай жылыстық ҳәм төбеликлер жоқ шөлистан далада бизлерге ҳешким ушыраспады. Усылай етип бизлер 10 күн жол жүрдик ҳәм үзликсиз қарлы боранлар, қатты суўық, қыйыншылықлардан кейин таслы үлкен таўға келдик. Таўдан өтип, соңынан бизлер гүзлар деп аталған түрк қәўимлерине ушырастық»2. 930-933 жыллары өз китабын жазған ал-Истахри Арал жағалаўларына жақын жайласқан Үстирт кеңислигиндеги гузлар жөнинде пикир айтады. «Халиджан (Үстирт-М-Ш-К) тәрепте гузлар жери жайласқан, парахатшылық жыллары олар усы тәрептен Баратегин аўылына келеди» Х-әсирдиң биринши ярымында жасаған бағдатлы тарийхшы-географ Абу-ал-Хасан Али ал-Масуди өз мийнетлериниң биринде («Китаб ат-Танбих ва -и-ишраф») «Онда гузлар қыслаўлары болып, оларға шөлистандағы тюрклерде жатады», десе, Х-әсирдиң соңғы шерегинде жасаған Персиялы аноним автор Худуд ал-Алем: «Каспий теңизи, оның шығысындағы шөлистанлық гузлар мәканына, Хорезмге ҳәм Хазарларға тутасады, және Хорезм теңизи Оның дөгерегиниң барлығы гузларға тийисли деп жазған»1. Үстирт кеңислиги жөниндеги ерте әсир мағлыўматлары усы менен шекленеди. Системалы жүргизилген археологиялық изертлеўлер ғана бул дәўирге тийисли мағлыўматлар береди. Үстирттеги орта әсир Хорезм естеликлерин изертлеўлерди С.П.Толстов жолға қойды. Бирақ археологиялық жумыслар Хорезм экспедициясы тәрепинен турақлы болмады. Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң археологлары 1973-1992 жыллар аралығында орайлық: арқа-батыс Арал бойларындағы естеликлерди үйренди. Олардың қатарында әййемги тас, антик, орта әсир қоныслары, тоқтаў орны, қурған-қәбирлер, кәрўан сарайлар ҳәм ески тас өндириў кәнлерин изертледи. Әсиресе Үстирттеги ертедеги, кешки дәўирге тийисли болған көшпелилер қурғанларын изертлеў әҳмийетли болды. Себеби жаңа археологиялық материаллар жазба дереклердеги толық емес гүмилжи мағлыўматларды илимий жақтан шешиўге мүмкиншилик берди. Нәтийжеде Үстирт кеңислигинде Дуана, Сумбетимерелан Куркуреук, Қасқажол дөгерегинде көшпелилер ҳәм отырықшылар традициясына тийисли естеликлер менен «аран» тәризли қурылыслар ашылды. Булардан басқа, Үстирт кеңислигинде бурын белгисиз болған Сармат огузларға тийисли болған естеликлер изертленди2. 1973-1974 жыллары В.Н.Ягодин тәрепинен Барса келмес шорлығының дөгерегинде диний-жерлеў характериндеги Сумбетимералан Киркуреук естелиги ашылды. Қурылыс квадрат тәризли (18x18) қорғаннан турады, ишинде арқа-шығыс, арқа-батыс дийўаллары бойлап тутасқан секция-бөлимшелер жайласқан. Бөлимшелер бир-биринен қам гербиштен өрилген дийўал арқалы бөлинеди. Секциялардың есиги ҳәр түрли кеңликте. Олардың ишинде арнаўлы жағылған от қалдықларының орны бар. В.Н.Ягодинниң пикиринше бул жерде кремация-сүйекти өртеў ҳәм өлини еслеў тәртиплери атқарылған1. Секцияларда кишкене текшелер ҳәм сыпа орынлары бар. Бул жердеги табылған гүлал үлгилери жетиасар ҳәм кердерлер мәдениятына жүдә уқсас. Соңғы он жыллықларда В.Н.Ягодин тәрепинен Үстирттиң Қарақалпақстан территориясында оқ жай ушы (стреловидные планировки) тәризли аран қалдықлары изертленди. Археологиялық изертлеўлерге дейин бундай қурылыслар Арал бойларына арналған тарийхый илимий әдебиятларда белгисиз болып келди. Оқ жай ушы (аран) тәризли қурылыслар С.П.Толстов басқарған Хорезм археолого-этнографиялық экспедициясының Әжибай отряды тәрепинен Үстирттиң хантирсек тумсығындағы Ербурын-қала жанында ашқан еди. Экспедиция басшысы С.П.Толстовтың2 айтыўынша: «Үстирттиң шетки шегараларында көпшилик орынларда ҳәр тәрепке қарай кеткен ойық-арықлардан турған әжайып қурылыслар анықланды. Олар шағал таслар, плиталар, узын қашылар ҳәм дөңгелек ойықлар менен толтырылған, бәлким, олар қоршап қуўыў жолы менен аң аўлаўға пайдаланған болыўы мүмкин. Бирақ бул қурылысларды археологиялық жақтан изертлеў 1972,1975, 1981, 1983, 1986-1983 жыллары Нөкисли археологлар тәрепинен иске асырылды. Нәтийжеде бундай қурылыслардың Қарақалпақстан территориясындағы Үстирт кеңислигинде бес группасы: Арқа Үстирт, Ай бүйир-Сары қамыш, Жарын қудық, Кендирли-сай, Бейнеў ашылды1. «Оқ жай ушы» тәризли қурылыслар әдетте Үстирт чинкинан ишке қарай қурылған. Оның қуйрық тәрепи қарлығаш тәризли айрылып, бас бети қаўсырыла келип сопақ үшмүйешли тумсықты пайда етеди. Тумсық мүйешлеринде дөңгелек қара үй орны тәризли «ойық уялар» бар. Бундай қурылыслар жәрдеминде көшпели қәўимлери ҳәм отырықшы халықлар кең далада сайғақ, қулан, арқар, кийик усаған ҳайўанларды көплеп аўлаўда пайдаланған. Этнографиялық ҳәм жаңа дәўир авторларында бундай қурылыслардың үлгисин «аран» деп атаған. Аран жәрдеминде қулан, сайғақ аўлаған. Қарақалпақ халық фольклорында атап айтқанда «Ер Зийўар», «Қырқ қыз» дәстанларында «аран» аң аўлаў қурылысларының бири ретинде теңеўде пайдаланады2. Аран этимологиясы XIX әсир Қарақалпақ классик шайыры Бердақ Ғарғабай улы (1827-1900) «Шежире» тарийхый шығармасында: «Шөллерде гезер жераны. Жеранға қурған араны» деп, аран қурылысын аңшылыққа байланыстырады3. В.Н.Ягодин өзиниң жоқарыда аталған «Үстирттиң стрела тәризли қурылыслары (Ташкент, 1991-ж.) мийнетинде оқ жай ушы тәризли қурылыслардың қазақ, қарақалпақлардағы аңшылық традицияларына байланыслы екенин әдебий дереклер негизинде дәлийллеп өткен. Бирақ В.Н.Ягодин бул естеликлердиң қайсы хронологиялық дәўирде пайда болғанын анықлай алмаған, ал ол жөниндеги болжаўлар полемикалық-тартыс түринде ашық қалған». Download 404.5 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling