ӨзбекстанРеспубликасыОрайлықБанкиниңмәжбүрий резерв нормасы
Ҳәрекет етиў сәнеси
|
Мүддетсиз ҳәм мүддети 3жылға шекем болғандепозитлер бойынша
|
3 жылдан артық мүддетли
депозит-лер бойынша
|
Шет елвалютасындағыдепозитлербойынша
|
01.06.2019-жылға шекем
|
30%
|
10%
|
0%
|
01.06.2020-жылдан кейин
|
25%
|
10%
|
0%
|
01.09.2021-жылдан кейин
|
13%
|
13%
|
13%
|
01.11.2022-жылдан кейин
|
15%
|
15%
|
15%
|
Бундай пәсейиў, пул мультипликаторының муғдарының үлкейиўине ҳәм экономикадапул усынысының көбейиўине алып келеди. Коммерциялықбанклерде артықша резервлердиң көбейиўи, олардың актив операцияларын көбейтеди ҳәм бул экономиканың реал секторының раўажланыўына унамлы тәсирин тийгизеди.
Пул кредит сиясатының қураллары өз алдына қолланыўы шәрт емес. Керисинше, бир неше қураллардан бир ўақытта пайдаланыў, комплекссиясвтты өткериўде тез-тезден ушырап турады.
Демек,пул-кредитсиясатының ақыбетлери қандай? Мәмлекет тәрепинен иске асырылатуғынпул-кредитсиясаты УИӨ,бәнтлик ҳәмбаҳаның дәрежесине тиккелей тәсирин тийгизеди. Көз алдымызға келтирейик, экономикада өндирис қысқармақта ҳәм жумыссызлардың аны көбеймекте. Бундай жағдайда мәмлекет Орайлық Банк арқалы пул усынысын,биз жоқарыда көрип шыққан қураллардың жәрдеминде иске асырыўға ҳәрекет етеди. Нәтийжеде пул усынысы жоқарылайды, прцент ставкасы болса азаяды. Бул болса инвестицияларға болған талапты жоқарылатады ҳам өз гезегинде, УИӨ муғдарының көбейиўине алып келеди.Бул арқалы мәмлекет белгили бир дәўирде өзиниң мақсетлерине ериседи, өндиристиң кейинге кетиўи тоқтайды, жумыссызлардың саны азаяды,жәмийеттиң дәраматлары көбейеди.
Пул-кредит сиясаты ҳаққында сөз болғанда, бул сиясаттың қысқа мүддетли ҳәм узақ мүддетли нәтийжелерин парықлаў керек. Егерде қысқа мүддетли дәўирде мәмлекетпул усынысының жокарылаўы нәтийжесинде УИӨ ниң муғдарының өсимине ҳәм де белгили дәрпежеде нәтийжеге ерискен болса,узақмүддетли дәўирде бундай илажлардың нәтийжелиги төменлеўи мүмкин.
Do'stlaringiz bilan baham: |