Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк
Жыл-лар Жылыққайтафинанс-лаўставкасы
Download 2.93 Mb.
|
Макро экономикалык анализ 23
- Bu sahifa navigatsiya:
- Юридикалық тәреплердиңсўмдағымүддетлидепозитлери бойынша орташа белгиленген ставка
Пул-кредит сиясатының тийкарында экономикаға пул-кредит сиясатының тәсир етиў процесслерин үйрениўши пул теориясы жатады. Усы теорияны еки тәреплеме үйрениўши экономистлер ортасында көп жыллардан бери тартыслар жүзеге келмекте. Буларға неокейнсчилер теориясы ҳәм заманагөй пул муғдарының теориясы тәрепдарларын киргиземиз. Бул еки теория тәрепдарлары да пул усынысының номинал УИӨ ге болғант тәсирин жоққа шығармайды, бирақ бундай тәсирдиң әҳмийетин ҳәр қыйлы баҳалайды. Кейнсчилердиң пикиринше, монетар сиясатты жүргизиўде процент ставкасының дәрежесине, монетаристлердиң пикири бойынша болса, пул усынысының дәрежесине тийкарланыў тийис. Кейнсчилер базар экономикасын тәртипке салыўда мәмлекеттиң араласыўы шәрт деп есаплайда, монетаристлер болса оны артықша деп есаплайды. Кейнсчилер пул усынысының УИӨ ге болған тәсири төмендеги избе-изликте иске асады деп есаплайды: пул усынысының өзгериўи процент ставкасының өзгериўине алып келеди; процент ставкасының өзгериўи өз гезегинде, инвестицияларға болған талапты өзгертеди; инвестицияларға болған талаптың өзгериўи улыўма шығынлардың өзгериўине себепши болады; талаптың өзгериўи өндиристиң муғдарына ( УИӨ ге) тәсирин тийгизеди. Монетаристлер болса пул муғдарының өзгериўи менен УИӨ өзгериўи ортасында жақын байланыс бар; яғный, пул муғдарының өзгериўи тиккелей УИӨ ниң өзгериўине алып келеди деп есаплайды. Буны олар пулдың муғдарлық теориясының теңлемеси менен түсиндиреди. Соның менен бир ўақытта монетаристлер пулдың айланыў тезлигин турақлы деп есаплайды, кейнсчилар болса, керисинше турақсыз деп атайды. Ҳәзирги ўақыттағы монетаристик сиясаттың моделлери бул еки көз-қарасты синтез ислеген, ягный, бундай түсиниктиң унамлы тәреплерин бирлестиреди. Пул кредит сиясатының узақ мүддетли мақсетлерге ерисиўи ушын монетаристлик көз-қарастан пайдаланылады. Соның менен бирге қыска мүддетли дәўирде процент ставкасына тәсир етиў усылынан ўаз кешпейди. Орайлық Банк бир ўақыттың өзинде ҳәм пул массасын, ҳәм процент ставкасын өзгертпестен услап тура алмайды. Пулға болған талап жокарылағанда, тийкарғы мақсет процент ставкасының турақлылығын тәмийинлеў болса, Орайлық Банк пул усынысын жоқарылатыўға мәжбүр болады. Бундай илаж жумсақ пул кредит сиясаты деп аталады. Пул массасының көбейип кетиўине жол қоймаў ушын пул усынысын шеқлеў сиясатын қолланыў, процент ставкасының жоқарылаўына алып келеди ҳәм бул сиясат қатаң пул кредит сиясаты деп аталады. Егер пулға болған тпалап, инфляцияның тәсиринде көбейсе, катаң пул кредит сиясатын қолланыў мақсетке муўапық болады. Егерде пулға болған талап өндирис ҳәм дәраматлардың жоқарылаўы нәтийжесинде көбейсе, жумсақ пул кредит сиясатын қолланыў орынлы болады. Пул кредит сиясатының өндиристиң көлемине тәсири биринши параграфта айтып өтилгениндей пул усынысының өзгериўиниң процент ставкасының дәрежесине, процент ставкасы өзгериўи болса инвестиция шығынларының муғдарына (бул арқалы улыўмалық шығынлардың муғдарына) ҳәм улыўма шығынлардың өзгериўиниң өндирис яғный улыўма усыныстың көлемине тәсиринде басқышпа-басқыш жүз береди. Процент ставкасының пул усынысының өзгериўине тәсиршеңлиги, ямаса инвестициялық шығынлардың процент ставкасының өзгериўине тәсиршеңлигиниң төмен болыўы, пул кредит сиясатын иске асырыўда машқалаларды пайда етеди. Пул-кредит сиясаты фискал ҳәм саўда сиясатлары менен тығыз байланыслы. Егерде Орайлық Банк белгиленген валюта курсын услап турыўды мақст етсе, ғәрезсиз (ишки) пул сиясатын жүргизиўи мүмкин болмай қалады. Себеби алмасыў курсын тәмийинлеп турыў ушын валюта резервлерин көбейтип ямаса азайтып турыў, экономикада пулдың көлемине тиккелей тәсирин тийгизеди. Пул-кредит ҳәм фискал сиясатларды муўапықластырыў менен байланыслы қыйыншылықларда бар. Егерде мәмлекет экономиканы, мәмлекетлик шығынларды жоқарылатыў аркалы қоллап-қуўатлаўды иске асырмақшы болса, оның табыслы иске асырылыўы көбирек пул-кредит сиясатының характерине байланыслы болады. Себеби, бундай шығынлар, қымбат баҳалы қағазлар (ягный, облигациялар) ды шығарыў арқалы иске асырылса, пулға болған талап көбейеди ҳәм нәтийжеде процент ставкалары жоқарылайды. Бул өз гезегинде инвестициялық шығынлардың азайыўына алып келеди. Ямаса Орайлық Банк, ҳүкиметтиң жокарыдағы сиясатын қоллап-қуўатлаў ушын пул усынысын белгили бир муғдарда асырса, пул қәдирсизлениўи мүмкин. Улыўма, турақлы пул-кредит сиясаты ҳүкимет тәрепинен жүргизилетуғын фискал сиясатқа барлық ўақытта да сәйкес келе бермейди. Download 2.93 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
ma'muriyatiga murojaat qiling