Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Прогнозластырыў усылларыныңклассификациясы


Download 2.93 Mb.
bet60/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   56   57   58   59   60   61   62   63   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Прогнозластырыў усылларыныңклассификациясы
Рәсмийлик дәрежеси (биринши характерли белгиси) бойынша экономикалық прогнозлаў усылларынинтуициялық ҳәм рәсмий усылларға бөлиў мүмкин.Прогнозлаўдыңинтуициялық усылларынан,прогнозлаўобъектиниңжүдә қурамалы болғанлығы себепли көплеген факторлардың тәсир етиўин есапқа алыў мүмкиншилиги болмаған ҳәм де прогноз объекти бойынша жетерлиахборот болмаған жағдайларда пайдаланылады. Бундай жағдайда экспертлик баҳалаўдан пайдаланылады ҳәм олар жеке ҳәм коллективликэкспертусылларының групасынан қуралады.

11.1-сүўрет.Рәсмийлилик дәрежеси бойыншапрогнозлаў усыллары.

Жекеэкспертбаҳалаў қурамына төмендегилер киреди:"интервью"усылы, яғный эксперт тиккелей қәнийге менен "сораў-жуўап " схемасы бойынша сәўбетлеседи; анализ усылы, яғный қандай да бир прогноз исленип атырған жағдай логикалық анализ исленеди, анализде жазба мағлыўматлардан пайдаланылады;сценарийди жасыў усылы, ягный л ҳәр қыйлы жағдайларда, ўақытта, процес сҳәм ҳәдийселердиң логикасын анықлаўға тийкарланған.



    1. Прогнозластырыўдаэкспертлик баҳалаў усыллары

Прогнозларды өткериў ушын,коллективлик экспертлик баҳалаў усылының әҳмийетинайырым қәнийгелердиң бурын дәлиллеп берген,прогнозлаўобъектин раўажландырыўдың келешектеги бағдарлары бойынша, экспертлердиң пикирлериниң муўапықлығынанықлаўдан ҳәм де баска да усыллар(мәселениң анализи,есап-санақ, сынаў ҳ.т.б.) менен анықлаўдың имканы болмағанобъектти раўажландырыўды баҳалаўдан ибарат.
Қоллективлик экспертбаҳалаў усылының мазмуны төмендегилерден ибарат.
Бириншиден,экспертлик баҳалаўды иске асырыўды шөлкемлестириў ушын, жумысшы топар дүзилип, олардың ўазыйпалары анкета өткериў,материаллардықайтадан көрип шығыў ҳәм коллективликэкспертбаҳалаўдың нәтийжелерин анализ ислеўден ибарат болады. Жумысшы топар, бундай тараўдың келешектеги раўажланыўына тийисли мәселелерди шешиўге жуўапкер болғанэкспертлерди анықлайды. Прогнозды иске асырыўшыэкспертлердиң саны, объекттиң курамалығына карап 5 тен 50 ге шекем болыўы мүмкин.
Екиншиден,экспертлерди анкета өткериў шөлкемлестириўден алдын, объектти
раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын анықлаў ҳәм баслы мақсет, оған ерисиў қуралларын сәўелендириўши матрицаны дүзиў тийис. Бунда дәслепки анализлеў ўақтында қәнийгелер группасы менен бирге ислесиўдеги ўазыйпаларды орынлаў ушын ең әҳмийетли мақсетлер анықлап алынады.Мақсетке ерисиў қуралы дегенде,илимий изертлеў ҳәм дөретпелердиң бағдарлары түсинилип, олардың нәтийжелери прогнозлаў ушын тиккелей пайдаланыўы мүмкин.Бундаилимий-изертлеў дөретпелериниң бағдарларыбир-бири менен кесилиспеўи мүмкин, бундай жағдайда өз-ара келисимге жол қойылмайды,пикирлер айрықша болыўы шәрт.
Коллективлик баҳалаўдың кейинги басқышы, сораўларды дүзиўден ибарат. Олар
кейнинен экспертлерге тапсырылады. Сораўлардың формасы жедел көринисте таярланыўы мүмкин, бирақ олардың мазмуныпрогноз исленип атырған объект ямаса тармақтың қәнийгелесиўине сай келиўи тийис,бунда сораўлар қатаң белгиленген қурамалық -иерархия схемасы бойынша дүзилиўи, яғный кең сораўлардан тар сораўларға, қурамалы сораўлардан аңсат сораўларға өтиў тийис.
Үшиншиден,экспертлерди анкетадан өткериў ўақтында арнаўлы сораўларды
дәрриў түсиниў ҳәм де экспертлердиң пикир жүргизиў еркинлигин тәмийинлеў тийис.
Төртиншиден,экспертлердиң улыўмалық пикирлери ҳәм жеке баҳалаўдың муўапықлық дәрежесин характерлеўши коллективликэкспертлик баҳалаўматериалларынқайтадан көрип шығыў жумыслары алып барылады.Экспертлердиң баҳалаў мағлыўматларын қайтадан көрип шығыў, прогнозлы гипотезаҳәм тараўдың раўажланыўвариантларынсинтезлеўде, басланғышматериал ретинде хызмет етеди.
Жуўмақлаўшы баҳалаў, барлықэкспертлердиң орташа пикирлери менен,ямаса орташа арифметикалық көрсеткиш пенен ямаса баҳалаўдың орташа дәрежесиниң нормалық көрсеткиши мененанықланады.

    1. Download 2.93 Mb.

      Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   56   57   58   59   60   61   62   63   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling