Жумыссызлықтың келип шығыў себеплери,түрлери, тийкарғы критериялары ҳәм көрсеткишлери
Экономист алымлар ортасында массалық жумыссызлықтың ҳақыйқый себеплери ҳаққында көплеген түсиниклер бар.
Ж.М.Кейнс «жумыссызлықтың даўасы ретинде ис ҳақыны азайтыў идеясын қатаң түрде бийкарлап, өзине инвестициялар, мәмлекетлик шығынлар ҳәм таза экспорттан басқа тутыныў шығынларын - бунда да кейинги – улыўмалық талаптың тийкарғы бөлегин қамтып алатуғын улыўмалық талапты келтирип өтеди». Өзбекстанда жумыссызлықтың пайда болыўы ҳәм раўажланыў тарийхы, Кейнстиң түсиниклериниң туўрылығын дәлиллейди. Жумыссызлар рәсмий дизимге алынған ўақыттан баслап, жумыссызлықтың дәрежеси белгили бир дәрежеде турақлы түрде жоқарылап барады, жумысқа жайластырыў каншелли жоқары болса, жумыссызлықтың дәрежеси соншелли төмен болады.
Жумыс пенен бәнтликтиң кескин төменлеўи экономикадағы қурамалық өзгерислер(мәмлекетлик сектордың азайыўы), инфляция ҳәмде хожалықты жүргизиўдиң альтернатив формалары (жеке кәрханалар, акционерлик жәмийетлер) ның жетерли муғдарда тез раўажланбағанлығы себепли көпшилик кәрханаларда финанслық жағдайдың жаманласыўының нәтийжесинде жүзеге келеди. Булардың барлығы, тәбийғый түрде, улыўмалық талаптың көлемине унамсыз тәсир тийгизеди: мәмлекеттиң тәсири қысқарады, инвестициялық ҳәрекет төменлейди, тутыныў шығынлары болса инфляцияның тәсиринде, күн-көрис дәрежесиниң жаманласыўының себебинен бир қанша азаяды. Демек, Өзбекстанда жумыссызлықтың көбейиўиниң тийкарғы себеби – ең дәслеп өндиристиң қысқарыўы болып есапланады. Экономикалық өсимниң динамикасы менен жумыссызлық ортасындағы тығыз байланыс бар.
Раўажланып атырған мәмлекетлерде бундай байланыс анық көзге тасланбайды. Мәселен, көпшилик раўажланып атырған мәмлекетлерде санаатың тез пәт пенен раўажланыўы жумыс пенен бәнтликтиң бир-бирине муўапық түрде кеңейиўин келтирип шығармады. Экономистлер бундай ҳәдийсени санааттағы өсим пәтлеринен бурынғы, урбанизация пәтлери ҳәм де аўыллардан қалаға көшип келип атырған халықтың маманлығының төменлигинен деп есаплайды.
Халықтың жумыс пенен бәнтлик динамикасы, УИӨ менен, жумыссызлық ортасындағы тиккелей байланыстың жоқлығы дәслепки қараста логикалық жақтан жағымсыз ҳәдийсе болып есапланады. Еки дәлил адамды ойландырады: бириншиден, жумыссызлықты УИӨ ниң жоқарылаўына салыстырмалы қысқарыўы; екиншиден, жумыс пенен бәнтликтиң \төменлеўи менен бирге, жумыссызлықтың қысқарыўы.
Do'stlaringiz bilan baham: |