Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк
Download 2.93 Mb.
|
Макро экономикалык анализ 23
- Bu sahifa navigatsiya:
- Қадағалаў ушын сораўлар
- 9-БАП. ЖУМЫССЫЗЛЫҚ ҲӘМ ИНФЛЯЦИЯДӘРЕЖЕСИНИҢ ЭКОНОМИКАЛЫҚ АНАЛИЗИ
- Инфляцияның мәниси,түрлери ҳәм есаплаў усыллары.
Таяныш сөзлерПул кредит секторының қурамы. Пул қуралларының ағымы. Анализ есабы. Финанслық шөлкемлер. Мәмлекеттиң төлем қуралларын иске асырыўшы органлар.Пул жаратпайтуғын финаслық шөлкемлер.Пул-кредитти қадагалаўшы ҳәм пул депозит банклери. Резерв пуллар. Шет елвалюта резервлериниң анализи.Пулмассасы, мәмлекетлик секторды экономикалық анализлеў. Жеке сектор.Пулдепозитбанки.Пулкредитмәселеси. Финанслық агрегатлар.Пулмассасымуғдарының анализи.Пул-кредитпассивларин тексериў. Активлер. Улыўма сыртқы сальдо. Реал ағымлар. Финанслық ағымлар. Банк системасының активлери. Шет ел валюта депозитлери.Пулагрегатларының анализи. Қадағалаў ушын сораўларПул-кредит сиясатының тийкарғы мақсети ҳәм ўазыйпалары нелерден ибарат? Ашық базардағы операциялардыңнинг пул усынысына тәсир етиў механизмин түсиндирип бериң. Қайта финасластырыў ставкасының өзгериўи пул усынысына қандай тәсир етеди? Мәжбүрий резервлеў нормасы қандай мақсетлер ушын қолланылады ҳәм оның төменлеўиниң ақыбетлери қандай? Пул-кредит сиясатының баслы механизмин түсиндирип бериң. Жумсақ ҳәм қатаң пул кредит сиясатларын түсиндирип бериң. Фискал ҳәм пул-кредит сиясатының муўапықластырыўдың әҳмийети? 9-БАП. ЖУМЫССЫЗЛЫҚ ҲӘМ ИНФЛЯЦИЯДӘРЕЖЕСИНИҢ ЭКОНОМИКАЛЫҚ АНАЛИЗИЖОБАСЫ: Халықтың бәнтлиги сиясаты,усыллары ҳәм бағдарлары.Жумыссызлықтың келип шығыў себеплери,түрлери, тийкарғы критериялары ҳәм көрсеткишлери. Инфляцияның мәниси,түрлери ҳәм есаплаў усыллары.. Халықтың бәнтлиги сиясаты усыллары ҳәм бағдарлары Халықтың бәнтлигин белгили дәрежеде турақлы түрде услап турыў ҳәр қандай мәмлекеттиң алдында турған курамалы ўазыйпалардан есапланады.Бәнтлик тараўында базардың өзин-өзи автомат түрде тәртипке салыў процессине тәсири бәрҳама сезиле бермейди. Сол себепли экономикаға бағдарланған барлық мәмлекетлерде бәрҳама,бәнтлик тараўына тәсир көрсетиў формалары ҳәм куралларының жәрдеминде ийилиўши илажларды қоллаў тийкарында тәртипке салыў сиясаты иске асырылмақта. Халықтың толық ҳәм нәтийжели бәнтлигин тәмийинлеў ҳәр қандай демократиялық жәмийеттиң әҳмийетли ўазыйпаларының биринен есапланады. Бәнтлик сиясаты - бул жәмийет ҳәм оның ҳәрбирағзасынң социаль-экономикалық раўажланыўға тиккелей ҳәм жанапай тәсиретиўши илажларының жыйындысы болып есапланады. Бәнтлик тараўындағы мәмлекетлик сиясат төмендеги тийкарғы ўазыйпаларды шешиўге қаратылған:бириншиден, ҳәрекеттеги инвестицияланатуғын,капиталдың жумысшы күшине болған мүтәжлигин қанаатландырыў.Жедел ҳәм пайдалы болғанкапитал, жумысшы күшинен нәтийжели пайдаланыўдың ең әҳмийетли қуралы болып есапланады; екиншиден,мийнетке уқыплы халықтың нормадағы күн-көрисиниң әҳмийетли шәрти есапланған, жумыс орынлары менен тәмийинлеў. Халықтың абаданлығы ҳаққында ғамхорлық етиў, мәмлекеттиң тийкарғы ўазыйпасы болып есапланады. Мәмлекет мийнет базарында еки түрдеги сиясатты, яғный пассив ҳәм активсиясатты иске асырыўы мүмкин. Пассив сиясат жумыс излеп жүрген пуқараларды дизимге алыў, жумыссызлық напақасын тайынлаў, оны усыныс етиў системасын шөлкемлестириў, жумыссызлар ҳәм олардың шаңарақларын қоллап-қуўатлаўдыңпулсыз түрлерин иске асырыў менен шекленеди. Download 2.93 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling