Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк
-мақсет: Аймақларды мүнәсип раўажландырыў арқалы аймақтың экономикасын 1,4 - 1,6 есеге асырыў
Download 2.93 Mb.
|
Макро экономикалык анализ 23
- Bu sahifa navigatsiya:
- 34-мақсет: Аймақлардың инженерлик-коммуникация ҳәм социаллық инфраструктура системасын ҳәм де хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўларын раўажландырыў.
- 35-мақсет: «Өзбекстан бойлап саяхат етиң» бағдарлаасы шеңберинде жергиликли саяхатшылардың санын 12миллионға ҳәм де республикаға келиўши шет еллик туристлердиң санын 9 миллионға жеткериў.
33-мақсет: Аймақларды мүнәсип раўажландырыў арқалы аймақтың экономикасын 1,4 - 1,6 есеге асырыў.
14 аймақ бойынша район ҳәм қалаларда ислеп шығылған бес жыллық аймақлық бағдарламаларды иске асырыў. Социал-экономикалық раўажланыўдың рейтинг көрсеткишлери «қанаатландырарсыз» болған қала ҳәм районлар бойынша әмелий илажлар бағдарламасын таярлаў ҳәм иске асырыў. Аймақларда халықтың жасаў жағдайларын жақсылаў ушын урбанизация сиясатын буннан былайда жетилистириў. Самарқанд ҳәм Наманган қалаларын келешекте «миллионлық қала» ларға айландырыў илажларын көриў. 450 мың халыққа арналған Жаңа Андижан қаласының дәслепки бир неше кварталларын қурып, пайдаланыўға тапсырыў. Қашқадарья областының урбанизация дәрежесин 50 процентке жеткериў. Қалалардағы халықтың жасаў тәрзин баҳалаўшы «Қалалардың қолайлығы» индексин енгизиў. Қалаларды санластырыў, қурылыс ҳәм жойбарлаў жумысларының сапасын асырыў ҳәм «Ақыллы қала» концепциясына муўапық раўажландырыў. Ташкент каласында курылған «INNO» инновациялық оқыў-өндирислик технопаркин 4 аймақта шөлкемлестириў. Инновациялық аймаққа айландырылып атырған районларда жоқары қосылған қунды жарататуғын инновациялық өнимлерди жетистириўши технологияларды өзлестириў. Жоқары оқыў орынларында архитектура-қурылыс тараўындағы илимий излениўлерди әмелият пенен бирлестириў. Қурылыс тараўын тәртипке салыў. Халық жасайтуғын пунктлердиң қала қурылысы ҳүжжетлерин тарлаў системасын түптен жетилистириў ҳәм қала қурылысы ҳүжжетлери менен тәмийинлеў бағдарламасын ислеп шығып оны иске асырыў. Халықты орналастырыўдың бас схемасын таярлаў. Реновация ҳам турақ-жай багдарламалары тийкарында калалардағы гөнерген үйлердиң орнына 19 миллион квадрат метрден артық заманагөй турақ-жайларды қурыў, 275 мыңнан аслам шаңарақтың таза массивлерге көшип өтиўи ушын жағдай жаратыў. 34-мақсет: Аймақлардың инженерлик-коммуникация ҳәм социаллық инфраструктура системасын ҳәм де хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўларын раўажландырыў. «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңбериндеаймақлардың «өсиў точкалары» нан келип шығып, инженерлик-коммуникация ҳәм социаллық инфраструктура объектлерин қурыўға айрықша дыққат қаратыў. Республика аймақларында 80 мың километр магистрал ҳәм бөлистириўши электр тармақлары, 20 мыңннан аслам трансформатор пунктлери ҳәм де 200 ден артық подстанцияларды қурыў ҳәм жаңалаў. Республика халқының ишимлик суў менен тәмийинлениў дәрежесин 87 процентке жеткериў, 32 ири қала ҳәм 155 район орайларында канализация системасын жаңалаў. Суў менен тәмийинлеўши трубалардағы суўдың ағып кетиў точкаларын жасалма жолдас технологиясы арқалы аралықтан зондлаб анықлаў ҳәм оңлаўға заманагөй технологияларды енгизиў. Ташкент каласында канализация суўын тазалаў системасын каладан шетке шығарып, мәмлекетлик-жеке шерикшилик тийкарында таза имаратларды қурыў. Аймақларда хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўларын раўажландырыя аркалы кейинги 5 жылда хызмет көрсетиўдиң көлемин 3 есеге көбейтиў ҳәм бул бағдарда жами 3,5 миллион жаңа жумыс орнын жаратыў. Қала ҳәм район орайларында халықтың күнделикли мүталиклери жокары болған турмысық ҳәм коммунал хызметлерин раўажландырыўда пуллы сантехника, электрик, хожалық буйымларын оңлаў, кейтеринг сыяқлы хызметлерди көрсетиўши пунктлерди раўажландырыў. Республиканың аймақларында саўда ҳәм жол бойы хызметлерин раўажландырыў аркалы 130 заманагөй базарлар ҳәм саўда комплекслери, сондай-ақ, жол бойы инфраструктурасын раўажландырыў бойынша 65 ири ҳәм де 5000 киши хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестириў. Сервис тараўындағы жасырын экономиканың үлесин 3 есеге қысқартыў. Хызметлер тараўының нәтийжелигин жокарылатыў мақсетинде тараўдағы исбилерменлик субъектлерине қосымша жеңилликлерди жаратыў. 35-мақсет: «Өзбекстан бойлап саяхат етиң» бағдарлаасы шеңберинде жергиликли саяхатшылардың санын 12миллионға ҳәм де республикаға келиўши шет еллик туристлердиң санын 9 миллионға жеткериў. Тосқынлықсыз туризм инфраструктурасын мәмлекеттиң тийкарғы туризм қалаларында кең енгизиў. 2026-жылға шекем туризм тараўында бәнт болған халықтың санын 2 есеге көбейтип, 520 мыңға жеткериў. Туризм ҳәм мәдений мийрас объектлериниң инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм де 8 мыңнан аслам мәдений мийрас объектлеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша мәмлекетлик бағдарламаны қабыллаў. Зомин, Фориш, Бахмал районлары ҳәм «Айдар-Арнасой» көллер системасында қосымша туристик зоналар ҳәм дем алыў орынларын қурыў, 300 миллион АҚШ долларына тең жойбарларды иске асырыў, 25 мың жумыс орнын жаратыў. Самарқандты «Туризм дәрўазасы» на айландырыў арқалы келесе бес жылда туризм хызметлериниң көлемин кеминде 10 есеге жокарылатыў. Туризм тараўында 40 мң адамның бәнтлигин тәмийинлеў. 2022-жылы «Мәңгилик қала» тарийхый комплексин өз ишине алған Самарқанд туризм орайын ҳәм зәрүрли инфраструктураны шөлкемлестириў. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Арал бойында экотуризмди раўажландырыў бойынша айрықша бағдарламаны иске асырыў. Бунда, Мойнақтың таза аэропортының имканиятларынан кең пайдаланыў. Хорезм областында туризмниң, таза жумыс орынларын пайда етиўинде тийкарғы драйвер тараў болыўы ушын айрықша бағдарлама қабыллаў. Бухара областында туризмди жедел раўажландырыў бойынша айрықша бағдарламаны иске асырыў. Наўайы областында зиярат ҳәм экотуризм потенциялынан нәтийжели пайдаланыў. Ташкент қаласында туризм инфраструктурасын буннан былайда жақсылаў. Ташкент областында туризм потенциялын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша айрықша бағдарлама таярлаў. 36-мақсет: Барлық транспорт түрлерин өз-ара байланыстырған түрде бирден-бир транспорт системасын раўажландырыў, ири қалалар ортасында күнлик транспорт қатнаўлары тийкарында мәнзилге жетип барыў ҳәм қайтып келиўге имканият жаратыў. Ташкент қаласы ҳәм аймақларда жәмийетлик транспорт системасын жетилистириў ҳәм оның инфраструктурасын раўажландырыў. Қалалар аралық ҳәм қала әтирапындағы темир жол қатнаўларының ҳәрекетшеңлигин асырыў. Транспорт ҳәм логистика хызметлери базары ҳәм инфраструктурасын раўажландырыў, темир жол инфраструктурасын электрлестириў дәрежесин 60 процентке жеткериў ҳәм автомобиль жоллары тармағын жедел раўажландырыў. Транспорт тараўында сыртқы саўда ушын «жасыл коридорлар» ҳәм де транзит имканиятларын кеңейтиў ҳәм транзит жүклериниң көлемин 15 миллион тоннаға жеткериў. 649инвестициялық жойбарларды иске асырыўды нәзерде тутыўшы тармақ бағдарламаларын өз ўақтында иске асырыў белгиленбекте. Download 2.93 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling