Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


-кесте Тармақ ҳәмтараўлар бойынша жумыссызлықтың дәрежеси жокары болған аймақларда иске асырылатуғын жойбарлар


Download 2.93 Mb.
bet12/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

2.2-кесте

Тармақ ҳәмтараўлар бойынша жумыссызлықтың дәрежеси жокары болған аймақларда иске асырылатуғын жойбарлар


Жойбардың аты

Жойбардың саны(дана)

Жеңил санаат

85

Тери-аяқкийим

31

Қурылыс материалларын таярлаў

16

Электротехника

17

Фармацевтика

18

Азық-аўқат

78

Бундай жойбарлардың толық ҳәм избе-из иске асырылыўы нәттйжесинде жумыссызлықтың дәрежеси жокары болған аймқлардабәнтликттиң дәрежеси көтериледи, аймақлардың потенциялы жақсыланады.
2.2 Макроэкономикалық анализдиң әҳмийети ҳәм оның басқарыўдағы орны.Макроэкономикалық анализдиң өзине тән өзгешеликлери
Халық-аралық экономикағаинтеграцияласыў,Халық-аралықВалютафонды, Дүнья-жүзилик, Азия раўажланыў банки сыяқлы,халық-аралық финанслық шөлкемлерге қатнасыўбирқаншақағыйдаларға бағыныўды талап етеди.Булардыңбириболып мәмлекеттиң социал-экономикалықраўажланыўын анализ ислегендемакроэкономикалықкөрсеткишлердибирдей усылда есаплаўлар киреди
Өсимниң сегиз процентлик пәтлерин тәмийинлеў ҳәмэкологиялық қәўипсизликти тәмийинлеген түрде экономиканы структуралық жақтан реформалаў, раўажланыўдың, ресурслардан нәтийжели пайдаланыў моделине өтиў мақсетке муўапық болады деп атап өтеди журт басшымызШ.М.Мирзиёев2.
Мәмлекеттиң экономикалық жағдайын, иске асырылып атырған илажлардың зәрүрлигин, нәтийжелигин баҳалаўда экономикалық анализ үлкен әҳмийетке ийе. Анализдиң әҳмийетли ўазыйпаларының бири болып, мәмлекетте болып атырған процесслердимоделлестириўдиң сапасын жақсылаў, өткерилип атырған экономикалық сиясаттың нәтийжелерин анықлаў болып есапланады.Макроэкономикалық анализ, көрсетилген экономикалық агрегатлардың өзгерислерин түсиндирип, экономикадағы күтилмеген өзгерислердиң алдын алыў илажларын көриў ушын мәмлекеттиң администрациясына машқалаларды көрсетиўди мақсет етип қойған.
Мәмлекеттеги болып атырған жағдайлардың анық анализи ҳәм оннан кейинги зәрүр болатуғын сиясатты ислеп шығыў,анық экономикалық ҳәм статистикалықмағлыўматлардыңсистематикалық түрде топланыўын талап етеди.Макроэкономикалық анализ сондай қурал болып оның жәрдеминдемакроэкономикалық анализ,информация пенен тәмийинлеў,реалсектор,төлембалансы,бюджет-салық сиясаты, пул-кредит сиясаты, бәнтлик, жумыссызлық ҳәм инфляциядәрежеси үстинен қадағалаў мүмкин болады.
Xалық-аралық ҳәммиллийэкономикатәжирийбелеринен белгили,базар катнасықларындамүликшилик ҳәм хожалықты жүргизиў формасының қандай екенлигине қарамастан кәрханаларда өндиристи нәтийжели шөлкемлестириў, ең дәлеп, системада баскарыўдың ролин туўры белгилеў ҳәм оны илимий шөлкемлестириўден басланады. Себеби басқарыў куралындакәрхана өзиниң алдындағы ўазыйпаларды табыслы шешеди ҳәм белгиленген мақсетлерге ериседи.
Кәрханада басқарыў системасы өзиниң объекти ҳәм субъектинен ибарат болады.Басқарыўобъекти–бул өндирислиқ ҳәрекет,субъекти болса оныңбасқарыўшылық дүзилиси болып есапланады.Объектҳәмсубъектбасқарылатуғын ҳәм дебасқарыўшы киши ссистеманы пайда етеди. Олардың ҳәр бири өзлерине жүклетилген функцияларды орынлайды. Бирақ бундай киши системаларбир-бири менен үзликсиз ҳәм тығыз байланыста болып, бирден-бир системаны пайда етеди.
Кәрханадағы басқарыўсубъекти–басқарыўобъектиниң үлкен-кишилиги ҳәм өзине тән өзгешеликлеринен келип шығып шолкемлестириледи. Бирақ басқарыў субъекти бәрҳама өндирислик ҳәм хожалық процесслериниң өзгериўине карап объекттиң түри ҳәм оған тәсир етиўши усылларды белгилейди ҳәм де жетилистирип барады.Баскарыўшы киши система, басқарыўобъектин тәртипке салады, мақсет ҳәм бағдарламаларды басқарыў функциясы бойынша ислеп шығады ҳәм оларды қадағалайды.Демек,басқарыўсубъектикәрхана системасында активролди орынлайды екен. Және баскарыў субъекти,басқарыўдың жетекши функцияларын:маркетинг,жобаластырыў,буxгалтериялық есап, макроэкономикалық анализ, тәртипке салыў, кадағалаў ҳәмаудитти иске асырады.
Соны да атап өтиў орынлы, бүгинги күнде кәрхананың ҳәрекетин шөлкемлестириў ҳәм жүргизиўди маркетинг нызамлары, тәртиплери ҳәм принциплерин билместен турып иске асырыў мүмкин емес. Себеби маркетингилими тийкарында ең мақул болған бағдарламалар ямаса жобалар ислеп шығылады.
Басқарыў системасы ретинде маркетингтиң тийкарғы принциплери төмендегилерди өз ишине алады:
Бириншиден, өндиристиң базардың талабына сәйкес болыўы;
Екиншиден,базардағы жағдай ҳәм кәрхананың ҳақыйқый өндирислик имканияты;
Үшиншиден, карыйдар ҳәм буйыртпашылардың талабын толық қанаатландырыў;
Төртиншиден,анықбазарларда өним ҳәм хызметлерди нәзерде тутқан көлемде ҳәм белгиленген мүддетте сатыў;
Бесиншиден,өндирис ҳәм коммерциялық ҳәрекеттиң узақ мүддетли рентабеллиислеўин тәмийинлеў;
Алтыншыдан,таңлап алынғанмаркетингстратегиясы ҳәмтактикасына қатаң бағыныў (базардың жағдайын есапқа алған түрде);
Жетиншиден, бәрҳама өзгерип турыўшы базардың жағдайына ҳәм қарыйдардың талабына сәйкеслесиў.
Жоқарыдағы санап өтилген принциплерге бағыныў ҳәммаркетинг бағдарламасын таярлаў ҳәм де иске асырыў тиккелей аналитикалық есап-санақлар менен тығызбайланыслы. Бундай процесслер тийкарында жүдә көплегенмакроэкономикалық анализлер орынланады. Олардың тийкарғылары төмендегилерден ибарат:
Бириншиден,кәрхананың экономикасына сыртқы ҳәм ишки орталықтың тәсириниң анализи;
Екиншиден,базардың жағдайы(кең ассортименттегитовар группалары ҳәм айрықшатоварларбойынша);
Үшиншиден, тутыныўшылар ҳәм сатып алыўшылардың анализи;Төртиншиден, бәсеке жағдайының анализи;
Бесиншиден, базардағы баҳа ҳәм де өзиниң баҳасын белгилеў тактикасының анализи;Алтыншыдан, финанслық нәтийжелердиң анализи.
Үйренип шығылған сыртқы ҳәм ишки орталық ҳәм де жағдай, бар болған имканиятлардан келип шығып кәрхананың өндириси ушын ҳәрекеттегибизнес-жоба дүзиледи.
Бизнес-жобада ҳәрбирэлементпуxта анализлеў тийкарында белгиленеди. Себеби оларреал келешеги бар ҳәм де ең тийкарғысы нәтийжели болыўы шәрт.
Кәрханадабизнес-жоба төмендеги бөлимлерден ибарат болады:

  1. Кирисиў–резюме.

  2. Өндиристиң мақсети–жетистирилетуғын өнимлердиң дизими (олардың абзаллығы ямаса парқы басқа өндириўшилер менен салыстырылады.

  3. Өним сатылатуғын базардың жағдайын белгилеў(зәрүрли мағлыўматларды топлаў ҳәм оларды анализлеў).

  4. Тийкарғы көрсеткишлер бойынша бәсекелеслерди анықлаў(өндиристиң көлеми,сатыў көлеми, өнимниң сапасы,баҳаның дәрежеси, орташа пайда).

  5. Маркетингстратегиясы.

  6. Өндирислик жоба(өндиристиң қуўатлығы, шийки-зат ресурслары, қәнийгелер).

  7. Шөлкемлестириўшилик принциплер(өндирислик хызмет, оларды муўапықластырыў, өз-ара ҳәрекет ҳәм бирин-бири қадағалаў тәртиби).

  8. Коммерциялық тәўекелшилик.

  9. Финанслық жоба.10.Финанслық стратегия.

11.Товар-материал менен тәмийинлеў ҳ.т.б.
Бизнес-жобаның ҳәрбирбөлими есап-санақ исленип,улыўмаластырылғанда кәрхананың өндиристен алатуғын пайдасы, тармақтың орташа пайдасынан төмен болмаўы керек. Соның ушын жобаның ҳәр бир басқышы ҳәм де оның элементлери анализ исленип турады
Демек, белгиленген жобадағы мақсетке ерисиў ушын, басқарылатуғынобъекттиң нәтийжели функциясының бағдары анық етип белгиленеди.
Белгиленген жобаның ҳақыйқатта қандай орынланып атырғанлығын ямаса өндиристиң барысы ҳаққындағы реал жағдай буxгалтерия есабы жәрдеминде үйрениледи.Буxгалтерия есабындағы мағлыўматлар басқарыўдың мүтәжликлери ушын пайдаланылады. Басқарыў қарарлары болса анализ мағлыўматларына тийкарланады.Демек,макроэкономикалық анализ жоба,базардың жағдайы ҳәм буxгалтериялық есап мағлыўматлары тийкарында объекттеги өзгеристи муғдарлық ҳәм сапа жағынан үйренеди ҳәм де баҳалайды. Оның жәрдеминде жол қойылған кемшиликлер анықланады ҳәм де сапластырылады, объектти буннан былайда раўажландырыўдың жоллары белгиленеди ямаса нәтийжеликти тәмийинлейтуғын бағдарларға өткериледи.Бул болса,басқарыў қарарларының қаншеллиреалқабыл етилиўине тийкар жаратады.
Демек,буxгалтериялық есап ҳәм есабатлармакроэкономикалық анализ жәрдеминде қайта көрип шығылады екен. Солай етип макроэкономикалық анализдиң басқарыўдағы орны анық көзге тасланады.
Басқарыў процессиниң тәртипке салыўфункциясы–басқарыўшысубъекттиң ең нәтийжели карарларының кабылланыўында үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады. Буның жәрдеминде белгиленген объект комплексли үйренилип, пүткил бир системаның унамлы ҳәм унамсыз тәреплери есапқа алынған түрде ең мақул болған илажлар белгиленеди. Нәтийжеде басқарыў объектиндеги ямаса бағдарламадағы унамсыз жағдайлар сапластырылады ҳәм баскарыўға анықлық киргизиледи. Бундай жумыслар тиккелеймакроэкономикалық анализ жәрдеминде иске асырылады. Себеби тәртипке салынып атырған ҳәр бир объект ҳәр тәреплеме терең үйрениледи.
Басқарыўдың исенимлигин тәмийинлеўде қадағалаў жүргизиўдиң роли үлкен. Оның жәрдеминде, процесстиң орынланыўы, олардың қаншелли ҳақыйқыйлығы тексериледи.Тексериў процессиниң сапасы, иснимлигин асырыў ушын анализдиң усыллары, принциплеринен пайдаланылады ҳәм тийисли жуўмақ шығарылады.
Мысал ушын,кәрханадааудиторлық тексериўлерде финанслық жағдай;финанслық турақлылық; финанслық нәтийжелер ҳ.т.басқалар үйрениледи.
Жокарыда көрсетип өтилген басқарыўдың барлықфункцияларыкәрхананың экономикалық раўажланыўы ушын хызмет етеди. Бирақ, кәрханаға тек ғана экономикалық система деп қараў, оған бир тәреплеме түсиникти келтирип шығарады. Себеби оның өзине тән материаллық -теxникалық, социаллық,экологиялық ҳәм басқа да тәреплери бар.
Демек,кәрхана системасындаматериаллық-теxникалық, социаллық,экологиялық процесслерди анализ ислеў оның жөнелисиндеги ҳақыйқый жағдай ҳәм оны жетилистириў мәселелерин үйренеди ҳәм оларға тәсир етеди.
Нәтийжеде басқа да тәреплердиң экономикалық процесслерге көрсетип атырған тасири анықланады.
Пикиримизди улыўмаластырған түрде соны айтыў мүмкин, макроэкономикалық анализ кәрхананы баскарыўдың әҳмийетлифункцияларының биринен есапланады.
Оның жәрдеминде:

  • Басқарыў карарларыныңилимийжақтан тийкарланғанлығы тәмийинленеди;

  • Мүлик ҳәм ғәрежетлерден пайдаланыўдың альтернатив шәртлерин белгилейди ҳәм басқарыўшы олардың арасынан өзи ушын мақул болған оптималвариантларды таңлайды;

  • Келешектеги басқарыў ушын тийкар жаратады.

Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling