Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк
Макроэкономикалық анализди иске асырыўдың методологиясы.Анализдиң методологиясын қәлиплестириўде системалы ҳәрекет
Download 2.93 Mb.
|
Макро экономикалык анализ 23
2.3. Макроэкономикалық анализди иске асырыўдың методологиясы.Анализдиң методологиясын қәлиплестириўде системалы ҳәрекетМетод дегенде ҳәр қыйлы жумысларды орынлаў усыллары, мақсетке муўапық кағыйдаларының комплекси түсиниледи.Экономикалық анализде метод дегенде, анализдиң мақсетине ерисиў ушын белгили көриниске ийе,кәрхананың экономикасын изертлеўдиңаналитикалық усыллары ҳәм тәртиплери түсиниледи54. Экономикалық анализ методын шәртли түрде еки группаға ажыратыў мүмкин:улыўмалық ҳәм жеке методқа.Улыўмалық метод-булмиллийэкономиканың ҳәр қыйлы тармақларын үйрениўдебирдей формада пайдаланылатуғын изертлеў системасынан ибарат. Жеке метод–улыўмалық методты экономиканың белгили бир тармағы, өндиристиң белгили бир түри ямаса белгиленген изертлеўобъекти бойынша анықластырылады.Комплексли анализди(КА) өткериў, әлбетте оның тәртибин анықлап алыўды талап етеди.КА ди орынлаўда төмендеги баскышларажыратып көрсетиледи: Бириншибасқышта анализдиңобъекти,мақсети ҳәм ўазыйпалары белгилеп алынады, анализдиң жобасы дүзиледи; Екинши басқышта анализдиң объекти классификацияланған синтетикалық ҳәм аналитикалықкөрсеткишлери үйренип шығылады; Үшинши басқышта анализ ушын зәрүр болған ахборатлар топланады ҳәм таярланады(иснимлиги тексериледи, салыстырмалы көриниске келтириледи); Төртинши басқыштахожалық ҳәрекетиниң нәтийжелерибизнес жоба, өткен жыл, алдыңғы кәрханалардың көрсеткишлери менен менен салыстырылады; Бесинши басқышта факторлык анализ откериледи ҳәм нәтийжели көрсеткишлерге, факторлардың тәсири анықланады; Алтыншы басқышта өндиристиң нәтийжелигин жокарылатыўда пайдаланылмай атырған ҳәм келешектеги имканиятларанықланады; Системалы ҳәрекет–бул изертлеў методының бағдары болып есапланады. Ол объекттикөп санлы ишки ҳәм сыртқы байланыслардан ибарат болған элементлерден дүзилген қурамалы система ретинде үйренеди. Системалы ҳәрекет объектти терең ҳәм ҳәр тәреплеме уйрениўге, ол ҳаққында толық түсиникке ийе болыўға, оның айрықша бирликлери арасындағы байланысларды анықлаўға имкан жаратады55. Системалы ҳәрекеттиң баслы өзгешелиги-бул система элементлериниң өз-ара тәсири, өз-ара байланысы ҳәм динамикалық характерде болыўы,комплекслиги, пүтинлиги,бойыныўшылығы ҳәм де жетекши буўынға ажыратылғанлығы болып есапланады. Системалы ҳәрекет экономикалық анализде хожалық мәселелериниңилимий тийкарланған вариантларын таярлаўда ҳәм булвариантлардың нәтийжелигин есаплаў жолы менен ең мақул болған баскарыў карарларын таңлаўға мүмкиншилик береди. Системалы анализде оны иске асырыў процессинбир неше басқышқа ажыратыў мүмкин. Бириншибасқыш. Изертлеўдиңгбул басқышындаобъект белгили бир система деп түсиниледи ҳәм буның ушын дәслеп системаның элементлери ретинде көрип шығылатуғын айрықша бөлимлер ажыратып алынады. Сондай-ақ, системаның раўажланыўының мақсети, шешилиўи тийис болған мәселелер,басқа системалар менен байланысы, айрықшаэлементлери арасындағы өз-ара байланыслары, ҳәрбир элемент ҳәм пүткил системаның ҳәрекети белгилеп алынады. Екинши басқыш.Бул басқыштың тийкарғы мақсети системаныңбарлықэлементлерине, олардың өз-ара(сыртқы ҳәм ишки) байланысларына, оның ҳәрекеттеги жағдайларына толық ҳәм сапалы баҳа беретуғын көрсеткишлерди таңлаўдан ибарат. Үшинши басқыш. Үйренилип атырған системаның улыўмалық схемасын ислеп шығыў, бул басқыштың тийкарғы мақсети болып есапланады. График көринисинде бул өз алдына бөлек дүзилген блоклардан қуралған болып, бунда ҳәр бирэлементке айрықшаблок туўры келеди.Айрықшаблокларолардың арасындағы байланысларды ҳәм бағдарларды характерлеўши стрелкалар менен байланыстырылады. Төртинши басқыш.Булбасқыш системаныңулыўмалық көринисиндги экономикалық математикалық моделди түзиўге араналады. Бунда сапа анализ арқалы системаның барлық теңлеме ҳәм теңсизликлериниңматематикалық формадағы көриниси анықланады. Бесинши басқыш.Булбасқышта"модель менен ислесиў" иске асырылады.Модельмененислесиўди ЖЭЕМ (Жеке электрон есаплаў машиналары) жәрдеминдедиалогрежиминде өткериў усыныс етиледи.Модель менен ислесиўде,бизиң пикиримизшеимитационмоделлерден пайдаланыў мақсетке муўапық болады. Download 2.93 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling