Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Download 2.93 Mb.
bet15/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Системаластырыў(тәртиплестириў)дегенде, үйренилип атырғанобъекттини үйрениў ушын оған логикалық избе-изликти тамийинлеген түрде тәртипке салыў түсиниледи. Себеби, ҳәр қандай экономикалық процесслер жүдә қурамалы болып, бир-бири менен тығыз байланыста ҳәм иске асырылады. Сол себепли оларды ҳәр тәреплеме, терең үйрениў ушын избе-из түрде тәртиплестирип, толық анализ ислеў тийис болады.Мәселен,макродәрежедеги нәтийже көрсеткишлери өзгериўине жүдә көплеген факторлар тәсир етеди. Барлық факторлар нәтийжеге унамлы ямаса унамсыз тәсир етиўи мүмкин.Булардың тәсири избе-излик пенен есаплап шығылады ҳәм толық анализ исленеди. Усындай жағдай экономикалық-социаллық процесслерди,олардың өзгерисинмакродәрежеде анализ ислеўди талап етеди.
Үйренилип атырған объектти анализ ислегенде улыўмаластырыўусылынан да пайдаланылады. Улыўмаластырыў дегенде, объект ямаса процессти ҳәр тәреплеме үйренип толық жуўмақ шығарыў түсиниледи.Бундай жуўмақ үйренилип атырған объектти раўажландырыўға тийкар болады. Бул болса, анализдиң басқарыўфункциясынан келип шығады.Басқарыў ушын керекли илажларды ислеп шығыўда анализ мағлыўматларынан пайдаланылады. Ерисилген унамлы көрсеткишлерди қандай сақлап қалыў жоллары, унамсыз факторлардықалайынша унамлы тәрепке айландырыў мәселеси көрип шығылады. Усылар арқалы үйренилип атырғанобъект ҳаққында тийисли ҳәм дәлилленген жуўмаққа келип,басқарыў қәрарлары қабылланады.
Экономикалық анализдиң методологиялық тийкарларының классификациясы төмендеги схемада келтирилген (3.1-схема).

3.1.-схема.Экономикалық анализдиңметодологиясының классификациясы


Бул схемадабиринши бағдардағы категориялардың қысқаша мазмуны соннан ибарат, үйренилип атырған барлық экономикалық процесслер бир-бири менен тығыз байланыста, ҳәрекетте ҳәм өзгеристе деп түсиниледи. Булардың қурамына индукция ҳәм дедукция, себеп ҳәм ақыбет, форма ҳәммазмун,муғдар ҳәм сапа сыяқлыкатегориялар киреди.
Бундағы екинши бағдар, тиккелей үйренилип атырғанобъектке үзликсизликти тәмийинлеген түрде системалы қатнаста болыўдан ибарат. Үйренилип атырған объектти қурамалы экономикалық процесслердиң комплексинен ибарат деп баҳалап, олардың барлық бөлимлериниңбир-бири менен тығыз байланыста екенлигинен келип шығып, оларды үйрениўдиң барлық тәреплерин тәртипке салған түрде анық жуўмаққа келгенге шекемги исленетуғын ҳәрекетлер экономикалық анализдиң системалы қатнас методологиясын пайда етеди.Булдеталластырыў, системаластырыў ҳәмулыўмаластырыўдан ибарат.
Бундай ҳәрекетлер анализ процессинде төмендеги басқышларды өз ишине алады:объекттиүйрениў ушынинформациялады топлаў,информацияларды ҳәр қыйлы усыллар менен қайта ислеў, унамлы ҳәм унамсыз жуўмақларға келиў,басқарыў қарарларын қабыллаў ушын тийисли илажларды ислеп шығыў ҳәм булардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша кадағалаўды иске асырыў. Бундай жағдайдың барлық басқышларында информациялардан пайдаланылады. Себеби анализдиң туўры иске асырылыўында ҳақыйқый ахборатлардың әҳмийети үлкен.

    1. Download 2.93 Mb.

      Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling