Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Макроэкономикалық анализде макроэкономикалық көрсеткишлер,информацияобъекти


Download 2.93 Mb.
bet23/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

4.3 Макроэкономикалық анализде макроэкономикалық көрсеткишлер,информацияобъекти сыпатында
Мәмлекеттимакроэкономикалық анализ ислеў, экономиканың раўажланыўынағы машқалаларды ҳәм де оны буннан былайда раўажландырыў илажларын ушынМиллий есап системасындағы бир катар көрсеткишлерден пайдаланылады.Бундай көрсеткишлердиң тийкарғыларынң бири болып, улыўма өним ямаса оныңмодификациясы болған улыўма ишки өним есапланады.
УМӨ ди есаплаў усылларын уйрениўден алдын макроэкономикалық жағдайды сәўлелендириўши тийкарғы көрсеткишлерге тоқтаймыз.Бул көрсеткишлерге төмендегилер киреди:
-УМӨ, УИӨ, таза миллий өним, миллий дәрамат, жеке дәрамат, ийелигиндеги дәрамат;
-мәмлекетлик бюджеттиң жетиспеўшилиги,дефлятор, тутыныў қунының индекси,инфляцияның өсиў пәтлери;
-жумыссызлықтың дәрежеси ҳәм жумыссызлардың саны, халықтың жумыс пенен бәнтлик дәрежеси;
-халықтың материаллық байлық ҳәм хызметлерди тутыныў көлеми, олардың аманатлары, ис ҳақының төменги дәрежеси ҳәм басқалар киреди.
Бул көрсеткишлер экономикалық системаның улыўма жағдайын ҳәр тәрептен сәўлелендирип, жәмийетлик өндиристеги барлық қатнасыўшылар яғный, кәрхана, тармақ, аймақ, мәмлекет ҳәм үй хожалығының нәтийжелери тийкарында анықланады.
Миллий есаплар системасы (МЕС)макроэкономикалық мағлыўматларды үйрениў ҳәм олардымакроэкономикалық анализ ушын системаластырылған көринисте усыныў ушын бухгалтерия есабы ретинде ислеп шығылған. Ол миллий экономиканың көрсеткишлерин анализлеў, баҳалаў ҳәм мониторингин иске асырыўда зәрүр болғанинформациятың үзликсизлигин шөлкемлестириў ушынхалық-аралық бирге ислесиўдеги тән алынған базаны өзинде жәмлейди9.
Миллий есап системасы – қатаң белгиленген дәўирдеги реалөндтиристиң көлемин ҳәм барлық тийкарғысекторларҳәм өндирислик факторлардың, мәмлекеттеги улыўма өндириске қосқан үлесин белгилеўши ҳәр қыйлы ҳәрекет түрлерин есқа алатуғын статистикалық система.
Соныда атап өтиў орынлы, МЕС ның макроэкономикалық анализ ушын жүдә әҳмийетке ийе екенлиги төмендегилерде көринеди. .Бириншиден, МЕС макроэкономикалық анализ ушын зәрүр болған база болып, өзиниң бираз сәйкеслениўшилиги ҳәм қолайлылығы менен ажыралып турады.Раўажланыўдың ҳәр қыйлы басқышларындағы мәмлекетлер ушын есап-санақларды иске асырыўда дерек болып хызмет етеди, ҳәм де анализ ҳәм прогнозушын информациябазасы болып есапланады.
Екиншиден,МЕС тек ғана қатаң белгиленген дәўир емес, алдинамикада да ең әҳмммийетлимакроэкономикалық орташа көрсеткишлер(мәселен өндиристиң көлеми ҳәм бәнтликтиң дәрежеси)ҳәрекетлерди бақлаўға имкан беретуғын системаны өзинде жәмлейди.
Үшиншиден,МЕС–халық-аралық салыстырыўларда ең әҳмийелиинформация дереги болып есапланады, себеби халық-аралық шөлкемлерге, миллий есаплар бойынша мағлыўматларды,халық-аралықстандартларға жуўап беретуғын тарифлер ҳәм стандартларды усыныўда пайдаланылады. Бундай мағлыўматлар көпшилик жағдайда, мәселен, жеңиллетилген жәрдес алыў ҳуқықын белгилеўде, ХВФ на ағза мәмлекетлердиңквоталарын есаплаўда, сондай-ақ ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң миллий есапларын салыстырыўға имкан береди67.
Миллий есап системасында, макроэкономикалық көрсеткишлерди анықлаўдың тийкары макроэкономика - бул мәмлекет масштабындағы материаллық өндирис ҳәм материаллық емес тараўлардыбир пүтин етип бирлестириўшимиллийxожалық дәрежесиндеги экономика болып есапланады. Макроэкономика өз ишине xалық-хожалығын материаллық ҳәм материаллық емес өндирис ҳәм де xизметкөрсетиў тараўларын алады.
Миллийэкономикада өндирис,xызмет көрсетиўдиң көлеми ҳәм олардың өсиўи бир қатар көрсеткишлер системасы арқалымакроэкономикалық дәрежеде анықланып, анализ исленеди.Макроэкономикалық көрсеткишлер арқалы пүткил экономиканың жағдайы, оның өсиўи ямаса арқаға кетиўи анализ исленип, тийисли жуўмақ шығарылады. Олардың жәрдеминде мәмлекет өзиниң экономикалық сиясатын белгилейди.
Макроэкономикалық көрсеткишлер системасы. УИӨ ди оның ҳәрекетиниң барлық басқышларында, яғный өндирис, бөлистириў, қайта бөлистириў ҳәм пайдаланыў басқышларында көргизбели түрде сәўлелендириўге имкан береди.
Ақырында бундай көрсеткишлер системасы, бар болғанресурсларҳәм олардан пайдаланыўдың сәйкеслиги (теңлиги) бақланғанда мәмлекеттеги улыўма экономикалық теңсалмақлықты сәўлелендиреди.
Белгиленген мәмлекеттиң экономикалық жағдайын сәўлеледириўши көрсеткишлер,макроэкономикалық көрсеткишлер деп аталады.Макроэкономикалық көрсеткишлермуғдар ҳәм сапа көрсеткишлерине бөлминеди.Макроэкономикалық муғдарлық көрсеткишлер, қатаң белгиленген мәмлекетлердиң экономикасын сәўлелендирсе, сапа көрсеткишлери бундай мәмлекетлердиң экономикасын салыстырмалы түрде сәўлелендиреди.Макроэкономикалық муғдарлық көрсеткишлерге төмендегилер киреди: Улыўма ишки өним (УИӨ).Таза ишки өним(ТИӨ), миллий дәрамат (МД), жеке дәрамат (ЖД), ийелигиндеги дәрамат(ИД) ҳәм басқалар.Макроэкономикалық сапа көрсеткишлерге төмендегилер киреди: инфляцияның өсиў пәтлери, жумыссызлықтың дәрежеси, халықтың жумыс пенен бәнтлиги, халықтың жан басына туўры келетуғын улыўма ишки өними ҳәм басқалар68.
Бундай көрсеткишлер экономикалық системаның улўмалық жағдайын сәўлелендирип, жәмийетлик өндиристеги барлық қатнасыўшылардың (кәрхана, тармақ, аймақ, мәмлекет) ҳәрекетлериниң нәтийжесинде анықланады. Олар мәмлекеттиң экономикалық мүмкиншиликлерин, оның социал-экономикалық раўажланыў келешегин анықлаўда пайдаланылады.Базар экономикасына өтип атырған мәмлекетлерде жәмийетлик өндиристиң кеңейтилген түсиниги қолланылады. Сол себепли, жәмийетлик өндирис – экономиканың пайда келтириўши барлық тараўлары болып есапланады. Бул жерде материаллық өндирис тараўларынан басқа,пуллыxызмет көрсетиўши тармақлар(финанс, камсызландырыў, ден-саўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм басқалар) жәмийетлик өндириўшилерге киреди. Сол себепли базар экономикасына өткен мәмлекетлерде жетистирилген жәмийетлик өнимниң курамынатоварларҳәмxызметлер,миллийдәраматта болса,товарларды сатыўдан,xызмет көрсетиўден алынған дәраматлар есапқа алынады, жәмийетлик өндиристен тысқарыда тек ғана бийпулxызмет көрсетиў процесси калады. Себеби бийпулxизметлерди көрсетиўши тармақларда дәрамат жаратылмайды ҳәм барлық мәмлекеттебундай тармақлар мәмлекеттиң есабынан хызмет көрсетеди. Жәмийетлик өндирис түсинигиндеги парықтың нәтийжесинде, мәмлекетлер өзлериниң мазмуны бойынша ажыралып туратуғын көрсеткишлерден пайдаланылады, оларды есаплаўдың ҳәр қыйлы усыллары қолланылады.
Макроэкономикалық муғдар көрсеткишлери ортасындағы өз-ара байланыстымиллий есаплар системасы арқалы төмендегише анықлаў мүмкин:

  1. Барлық тармақлардың улыўма өндириси – аралық тутыныў – Улыўма ишки өним.

  2. Улыўма ишки өним-амортизация=таза ишки өним.

  3. Таза ишки өним -бизнестеги салықлар=миллийдәрамат.

  4. Миллийдәрамат-социаллық қамсызландырыў төлемлери–корпорацияның пайдасына салықлар – корпорацияның бөлистирилмеген пайдасы + трансферттөлемлери= жеке дәрамат.

  5. Жеке дәрамат – жеке тәртиптеги салықлар = ийелигиндеги дәрамат.Миллийдәрамат–бул,миллийөндиристен алынған дарамат ямаса жәмийетлик өндиристеги барлық дәрамат түрлериниң жыйындысы.

Улыўмамиллийдәрамат төмендегише есапланады:
УМД УИӨ+ шеттен алынған факторлы дәраматлар– шет елликлердиң усы мәмлекеттен алған факторлы дәраматлары10. Жеке дарамат ҳәм миллий дәраматтың бир-биринен өзшешелиги соннан ибарат, өндиристе ислеген мийнети арқалы алынған дәраматлардыңбир бөлеги (социалық қамсызландырыў төлемлери,корпорацияның пайдасынан салық ҳәмкорпорацияның бөлистирилмеген пайдасы) тиккелей үй хожалыгына келип түспейди. Үй xожалығына келип түсетуғын дәраматлардың бир бөлеги.Мәселен.(трансферттөлемлери)

  • Мийнеттиң нәтийжелерин билдирмейди. Трансферт төлемлерине – камсызландырыў шөлкемлери тәрепинен төленетуғын,яғный қартайғанда ҳәм бахытсыз ҳәдийселерге сондай-ақ социаллық бағларламаларға тийкарланған түрде жумыссызларға төленетуғын напақалар, майыпларға төленетуғын ҳәр қыйлы төлемлер, жумыссызларға ҳәм пенсионерлерге төленетуғын напақалар. Тутынўшылар ҳам мәмлекеттәрепинен төленетугын процент төлеплери ҳәм басқа да төлемлер киреди.

Жеке ийелигиндеги дәрамат деп, индивидуал салықларды төлегеннен кейингиқалған дәраматлрға айтылады.Индивидуалсалықлар–дәрамат салығы, жеке мал-мүликлерге ҳәм мийрас қалған мүликлерге салынатуғын салықлардан ибарат.

Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling