Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Экономикалық анализметодологиясының сыпатламасы


Download 2.93 Mb.
bet16/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Экономикалық анализметодологиясының сыпатламасы


Индукция ҳәм дедукция категориялары экономикалық анализдиң әҳмийетли методологиялық тийкарларын қурайды. Бул категориялар экономикалық анализдиң избе-излигин тәмийинлейди.Мәселен,индукциядегендеүйренилип атырғанобъекттиң жеккеликтен улыўмалылыққа қарай үйренилиўи түсиниледи. Буған мысал етип мийнет өнимдарлығының анализин көрсетиў мүмкин. Оған ўақыт көз-қарасынан қарайтуғын болсақ, оныбирсаатлық мийнет өнимдарлығы,биркүнлик,онкүнлик,бир айлық,бир кварталлық,ярым жыллық,тоғыз айлық,бир жыллық мийнет өнимдарлығыдәрежесине шекем улыўмаластырыў мүмкин. Ямаса усы көрсеткишти,бир адамның мийнет өнимдарлығы,бирбөлимниң мийнет өнимдарлығы ҳәм пүтин мийнет коллективиниң мийнет өнимдарлығы дәрежесине шекем үйрениў мүмкин.
Дедукцияметодында анализ исленип атырғанобъектулыўмалықтан жеккеликке қарай,яғный улыўмаық көрсеткишлерден жеке(киши)көрсеткишлерге қарай үйрениў түсиниледи.Бул усылға мысал етип бирлеспедегм пайда жобасының орынланыўын көрсетиў мүмкин. Бул көрсеткиш дәслеп пүткил бирлеспе бойынша үйрениледи, кейин ала оның айрықша кәрханалары(фирмалары)бойынша, олардың айрықша бөлимлери бойынша избе-изликте үйренилип, улыўмалық нәтийжеге кайсы буўына ҳәм бөлимлериниң унамлы ямаса унамсыз тәсир еткенлиги ҳаққында жуўмақ шығарылады.
Индукцияҳәмдедукцияусылларыныңбир-бири ҳәм әмелият пенен байланысын төмендеги схемада көрсетиў мүмкин:
3.1 кесте

Индукция

Дедукция

Объектти жеккеликтенулыўмалыққа қарай үйрениў

Объекттиулыўмалықтан жеккеликке қарай үйрениў



Мәканҳәмзаманкатегориялары да экономикалық анализдиң әҳмийетлиметодологиялық тийкарларының биринен есапланады. Себеби,барлық экономикалық процесслермәканда (хожалық жүргизиўши субъектте) белгили бир заман шеңберинде (ўақытта) жүз береди. Сол себепли заманның өтиўи менен мәкандағы нәтийже өзгереди ҳәм оның тескериси, яғный мәканның өзгериўи менен заман өткеннен кейин нәтийже баскаша болыўы мүмкин.
Мәселен, мәканға кәрханаларды, жумыс орынларын, фирма сыяқлы хожалық жүргизиўшисубъектлерди мысал етиў мүмкин.Булар анализдиң объекти. Заман дегенде олардың белгили бир есап бериў дәўири түсиниледи. Мәканда жүз берген процесслер белгили бир есап бериў дәўири (заман) өткеннен кейин топланады ҳәм улыўмаластырылады. Бул да усы есап бериў дәўирин анализлеўде мағлыўмат дереги болып есапланады.
Мәкан ҳәм заман ортасындағы ҳәм де олардың әмелият пенен байланысынтөмендегише сүўретлеў мүмкин:


Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling