Сода өнимлерин өндириў технологиясы


Download 0.65 Mb.
bet11/14
Sana18.12.2022
Hajmi0.65 Mb.
#1026832
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   14
Bog'liq
8-лекция

Артықша кернеўлилик. Электролиз процессинде артықша кернеўлилик электрод-ларға берилген кернеў (потенциаллар айырмасы) менен галваникалық элементтиң, қайтымлы реакцияға сәйкес келиўши, э.қ.к. (потенциаллар айырмасы) арасындағы айырмаға тең болады. Ол электролизди өткериў ушын зәрүр болған кернеўдиң практикалық ҳәм теориялық шамаларының айырмасы сыпатында анықланыўы мүмкин. Артықша кернеўлилик ҳәдийсесин үйрениў ушын водородтың атомлық ҳалаттан молекулалық ҳалатқа өтиўинен пайдаланыўға болады. Сыртқы бет жүзесинде, артықша кернеўлилик ҳәдийсеси (өзгериске ушыраў) әмелге асатуғын бир қатар катализаторлар белгили. Водород молекуласы пайда болғанда ажыралып шығыўшы жыллылық муғдары, бул өзгериске ушыраўдың критериясы сыпатында хызмет етеди. Металлар активлиги бойынша төмендегише қатарға жайласқан:
Активлик кемейеди

Артықша кернеўлилик артады

Pt → Pd → Ag → W→ Fe → Cr → Cu → Pb → Hg


Жоқары артықша кернеўлилик мыста, қорғасында, ең көби сынапта бақланады. Геўекшели бет жүзесине ийе электродларды қолланғанда артықша кернеўлилик азаяды. Санаатта каустикалық сода өндирисиниң өсип барыўы электрохимиялық усылдың раўажланыўы есабынан әмелге асады, буның жәрдеминде хлорға болған талап толық қанаатландырылып келмекте, соның менен бирге арзан каустикалық сода өндириледи. Бир тонна натрий силтисин өндириўде 840 кг Cl2 ажыралып шығады.


Ҳәзирги ўақытлары хлор – хлорлы ҳәк известь, хлорид кислота, қатар органикалық затлардың синтези ушын алюминий хлориди ҳ.т.б. тараўларда қолланады. Хлорды силти-ли металлардың дузларының еритпесинен ямаса балқытылған жағдайында электролиз өткериў жәрдеминде өндиреди. Биринши жағдайда өним сыпатында хлор, водород ҳәм силти алынса, екинши жағдайда – жеңил металлар менен хлор алынады.
Деви 1807 ж. ас дузы еритпесинен электролиз усылында хлорды биринши мәрте алған. Санаат көлеминде болса XIX әсирдиң ақырына келип силтили металлардың дузлары электролизлене баслаған ҳәм 1909 жылы Россияда өндириске енгизилген. Силтили металлардың дузлары суўда жақсы ерийди, еритпеси электр тогин жақсы өткереди. Сонлықтан олардың еритпеси арқалы жетерли дәрежеде электр муғдарын өткериў ушын қолайлы шараят жаратылады.



Download 0.65 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   14




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling