Хіх бап. Киши жастағы оқыушының психологиялық Өзгешеликлери жастың улыўма характеристикасы. Физикалық рауажланыў өзгешеликлери
Download 37.51 Kb.
|
1-тема 357-359 бетлер
- Bu sahifa navigatsiya:
- Мектепке барыўға байланыслы психологиялық қайта қурыў.
ХІХ бап. КИШИ ЖАСТАҒЫ ОҚЫУШЫНЫҢ ПСИХОЛОГИЯЛЫҚ ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ 1. Жастың улыўма характеристикасы. Физикалық рауажланыў өзгешеликлери. 6-7 жастан 10-11 жасқа шекемги балалар киши жастағы оқыўшылар болып есапланады, бул улыўма билим беретуғын мектептиң баслаўыш классларында оқыған жылларына сәйкес келеди. 6 жас хәзирги уақытта мектепке шекемги жастан киши мектеп жасына өтиў жасы болып табылады. Бул салыстырмалы дәрежеде тыныш ҳәм тең дәрежели физикалық раўажланыў жасы. Бой ҳәм салмақ, булшық ет күши ҳәм мықлылық, өкпе әдеуир тең дәрежели ҳәм пропорционал өседи. Жүректиң булшық етлери қан менен жақсы тәмийнленеди, сонлықтанда жүрек жеткиликли дәрежеде мықлы болады, бас мий да жеткиликли дәрежеде қан алады, бул оның жумыс ислеў уқыбының зәрүрли шәрти болып табылады. Қанда да қан денешелериниң саны әдеўир көбейеди, олар организмниң кеселликлерге қарсылығын күшейтеди: 8 жастан 10 жас аралығы туўылғаннан баслап ер жеткенге шекемги дәўирде ең аз аўыратуғын ўақыт болып есапланады. Мий функционаллық жақтан жетилиседи-мий қабығының аналитик-синтезлик функциясы ўазыйпасы раўажланады. Киши жастағы оқыушының сүйек системасы қәлиплесиў басқышында болады-сегиз көз, көкирек клеткасы, жамбас, буўынлар еле қатайып бола қоймайды, сүйек системасында кемиршек тканьлер көп болады. Булардың барлығын дыққатқа алыў ҳәм оқыўшылардың дурыс жүрис-турысы, бойын тиклеп жүриўи ҳаққында ғамхорлық етиў зәрүр. Киши мектеп жасында буўынлардың ҳәм бармақлардың қатайыуўы процеси еле толық тамамланбайды, сонлықтанда қолдың бармақларының ҳәм буўынларының майда хәм анық қыймыллары әсиресе биринши класс оқыўшылары ушын қыйын және жалықтырарлы болады. Мий функционаллық жақтан жетилиседи-мий қабығының аналитик-синтетикалық функциясы раўажланады: екинши сигнал системасы айтарлықтай раўажланады, бирақ усынын менен бирге киши мектеп жасында биринши сигнал системасы өзиниң салыстырмалы дәрежеде басымлығын еле сақлайды. Тәсирлениў ҳәм иркилип қалыў процесслериниң салыстырма қатнасы кем-кемнен өзгереди: тәсирлениў бурынғысынша басым болса да иркилип қалыу процеси барған сайын күшейеди, сонлықтанда киши жастағы оқыўшылар жоқары дәрежеде тәсирленгиш ҳәм қызба болады. Олар ҳәрекетти көп тәўир көреди, оны мүмкиншилиги болғанша қанаатландырыў -тәнеписте, сабақлардан кейин сейилге шыққанда жуўырыўға ҳәм ойнаўға рухсат етиў зәрүр. Ең кейнинде мынадай жуўмаққа келиўге болады. киши жастағы оқыўшының физикалық рауажланыў дәрежесинде мектепте ҳәм үйде күнделикли системалы оқыў-таярланыў менен шуғылланыўға толық болады және олар баланы жалықтырмайды, шаршатпайды, үлкен күш болып түспейди. Мектепке барыўға байланыслы психологиялық қайта қурыў. Мектепке барыў баланың өмирине ең әхмийетли өзгерислер киргизеди. Оның пүткил турмысы социаллық жағдайы, коллективте, семьяда жағдайы кескин өзгереді. Биринши класс оқыушысының тийкарғы, жетекши иси оқыў болады, оқыў миннети билим алыў миннетн ең әхмийетли миннети болады. Оқыў-бул баланың белгили дәрежеде шөлкемлескенлигин, тәртибин, ықрарлы күш салыўын талап ететуғын аўыр мийнет. Қәлегенинди емес, ал керек нәрсени барған сайын тез-тез ҳәм көбирек ислеўге туўры келеди. Оқыўшы өзи ушын жаңа коллективке араласады, онда ол жасайды, оқыйды, раўажланады. Ал коллектив оның қызығыўшылықлары менен есапласыўды, жеке тилекти улыўма талпыныўларға бағындырыўды, өз-ара талапшаңлықты, өз-ара жәрдемди, коллективлик жуўапкершиликти, шөлкемлескенликтиң ҳәм тәртиптиң жоқары дәрежесин нәзерде тутады. Моральлық нормаларды ҳәм минез-қулық қағыйдаларын өзлестириўди муғаллим де, мектеп турмысының пүткил шөлкемн де, оқыушының коллективтеги жумысы да талап етеди. Баслауыш мектепте билимлерди өзлестириў киши жастағы оқыўшыдан бақлаўшылықты, еркин ядлаўды, шөлкемлескен дыққатты раўажландырыўдың салыстырмалы жоқары дәрежесин, анализлеп улыўмаластырыў, ойлаў уқыбың талап етеди. Оқыудың дәслепки күнлеринен баслап киши мектеп жасында рауажланыўдың ҳәрекетке келтириўши күши болған тийкарғы қарамақарсылық -оқыў иси, муғаллим, коллектив балаға, оның дыққатына, ядына, ой-пикир жүритиуине қоятўғын, мудамы артып атырған талаплар менен баланың психикалық раўажланыў дәрежеси, оның билиў пропесслерин, шахстың сыпатларын раўажландырыў дәрежеси арасында қарама-қарсылық пайда болады. Бул талаплар күннен күнге артып барады, хәм қыйынласып барады, ал психикалық раўажланыўдың бар дәрежеси талаплар дәрежесине шекем бәрқулла «илесип» барады. Download 37.51 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling