Ибрайым юсупов жети асырым


ПОЭМАЛАР  АКАЦИЯ ГУЛЛЕГЕН ЖЕРДЕ


Download 0.8 Mb.
Pdf ko'rish
bet18/28
Sana30.04.2023
Hajmi0.8 Mb.
#1406406
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   28
Bog'liq
jeti asirim

ПОЭМАЛАР 
АКАЦИЯ ГУЛЛЕГЕН ЖЕРДЕ
14
 
ПРОЛОГ 
 
Тас қуйының жағасында, 
(Он жыл өтти оннан бери) 
Шатыр қурып қум басына, 
Жатты рус инженери. 
Жылқышының қурығындай
Умыт қалған айдалада, 
Муҳаббеттиң урығындай,
Өсти бир түп акация. 
Гузде көшип кетти шатыр
Бос қалды қум дөгереги. 
Жол гузеткен жалғыз батыр —
Турды дузде шөл тереги. 
Терең бойлап тамыр урып,
Жапырағын жел тербеткен:
Жазы-қысы жалғыз турып,
Ол тәкаббир болып өскен. 
Шопан туркмен өз достынан 
Қалған усы естеликти
Бағып, шатыр турған жерге,
14
Поэма қысқартыңқырады (И.Ю.). 


78 
Жазда әкелип қосын тикти. 
Бардық, соған бизлер толып —
Көк шатырлы машинаға,
Таныс қоста қалдық қонып,
Ғарры туркмен бизге сонда,— 
Сол инженер достын мактап,
Таңлай қағып қылды аңыз
"Орысы терек" жырын тыңлап,
От басында отырғанбыз. 
Деди шопан — Бул жағада 
Аспан бәлент, булты узақ
Әсир бойы ынтығып суўға,
Өткинши булытқа болған мазақ. 
Мынаў қумда талай баба
Бос умитке уртын ҳөллеп,
Өлген талай суў бойында
Балықшының аты шөллеп. 
Таң гезинде ақ сағымның
Ойнағанын көрдиң бе сен?
Сағым емес, бабалардың
Әрманы ол суўға деген. 
Еситтиңбе сен шығыстың?
Ертеклерин? Онда айтылар — 
Қанатындай тоты қустың
Жасыл тоғай, гүлистанлар. 
Соның бәри күншығыстың
Күн қыдырған қыялы ғой,
Аса алмай қумның үстин


79 
Талай баба жылады ғой. 
Қумлы жолда коныраўдың
Туншығып сол мунлы сести,
Қарамындай асқар таудың
Әрман зили белге тусти. 
Сол әрманға болып тирек,
Уллы Октябрь күни туўды,
Түркменлерге туңғыш рет
Әперген ким жер ҳәм суўды? 
Олар-батыр большевиклер,
Ленинниң мәрт партиясы.
Тарыққанға нурын төгер,
Шөлге салып ҳәм саясын. 
Айтты Ильич: Бахыт—елге!
Коммунаның гул-бәҳәрин
Жайнатыңлар барлық жерде,
Шөлге нәўпир суў апарың! 
Бүгин енди ақ сағымды
Айландырып ҳақыйқатқа
Гүллендириў Қарақумды—
Бахыт ғой ҳәр азаматқа. 
Партия айтса, демек толық—
Асады ғой бәри иске! — 
Деди шопан ырза болып,
Жайпарахат күлип әсте. 
Сонда сулыў үн сыбырлап,
"Тоғай ек!"—деп—бул жағаға!
Қум койнында жалғызсырап,


80 
Турды жийрен акация, 

Download 0.8 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   28




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling