Ибрайым юсупов жети асырым
Download 0.8 Mb. Pdf ko'rish
|
jeti asirim
ШЕТКЕРИДЕГИ ХАТА
12 Көзлеримди ашып бирден, Тум-тусыма нәзер салдым. Қайда жатырғанымды мен, Билмей ҳайран болып қалдым. Ақ төсекке көмилип тек, Жатырман сым кроватьта. Дийўалдағы саат — әтшөк Үш шақырды ҳәпзаматта. Стол жапқыш, сүлги, перде Бәри-бәри нағысланған. Еки офицер ана жерде, Күлимлер зер рамадан. Гүл нарыслы обой менен, Безеп шыкқан екен жайды. Жайдың ашық әйнегинен Бир түп шийе сығалайды... 12 Украина жақта жайды (ҳәўлини) «хата» дейди. И.Ю. 66 Емис-емис түсти еске Кеше жолда аўырғаным. Алып келди-аў бунда кеште Шофер достым — баўырманым. Не болғанын соннан кейин, Билмедим мен ойлансам да. Мең-зең болып аўытқып мийим, Жатырман бййтаныс тамда. «Бала-шаға, сүйген ярдың Сағынышын есиркемей, Шаңын жутып көп жоллардын, Неге алыста жүрмен бирдей? Сирә мени түрткен шығар, Саади 13 ҳасасы менен, Бәсе, маған не пайда бар Тыным көрмей ел гезиўден? Неге тыныш жатпадым мен Қара талдың саясында? Украина сүйген менен, Жамғыр сени аясын-ба!» Өкинишке дизгин берип, Жаттым наўқас қушағында. Ақ подноста чай көтерип, Кемлир қирип келди сонда. 13 Саади – ерте заманда өткен атақлы фарсы-тәжик шайыры. Ол ел аралап, журт көриўден тоймаған деседи. И.Ю. 67 Қарапайым адам екен, Жайдары жүз атқан таңдай. Ҳал-жағдай сорап меннен, Аймалады өз анамдай. «Ел аралап адам жаста, Жер көрмесе болар әбес. Қапа болма, улым, ҳасла, Аўырыў, бул-айып емес. Жүрегим де, есигим де Дослар ушын ашық мудам. Ҳәтте сени әлле кимге Шырамытып турман балам... Украина ол күнлерде Ыңыранды жаў колында... Арқалап бир офицерди, Балам ақшам келди бунда. Телекке тез төсек салың, Жасырдық-та, емлей бердик. Полиция сетем алып, Үйимизди аңлып жүрди. Ҳәтте былай болды сонда: Бир ақшамы келди сатқын, Еки фашист жүр касында, — - Улын келген шығар бәлким? - Деп сорады ғаррымыздан, Үндемеди ғаррым бирақ, Коммунисттиң әкеси ҳәм Партизансаң деп калтырап, — 68 Тис қайрады бизге сатқын, Қасындағы фашист сонда Қолайлады автоматын, Бояў ушын бизди қанға. Бирақ тамнын үшегинен Еки ирет атылған оқ. Еки ийтти жайлап бирден, Жаўдын дийдин болдырған жоқ. Телектеги жарадарды Сүйеп дәрҳал түсирдик-те, Паналап тез айғабағарды, Кирдик барып қалың бүкке. Аҳ, сол гезде қаскыр ийтлер Тимискиленип тапты бизди. Көкиректе қайнатып шер, Тислеп, жыртып, қапты бизди. Тағы бизге жетти жәрдем, Улым екен жеткен бизге. Биз шегинип, Днепрден, — Өтпек болдық арғы жүзге. Ғаррым өлди оққа ушып, Жарадарды сүйредим мен. Басым келди жаўдын күши, Қолға түстик шаршап әбден... Көрежағың көп екен-аў, Талайыңа атылса тас. Қасында ийт, колда буғаў, Еки офицер – еки жолдас – 69 Турды үнсиз ийинлесип, Гестапоның пәнжесинде. Тырнағының астын тесип, Шөлге қамап урды күнде. Кейни қандай болғанын мен Еситтим урыс питкеннен сон, Шығып өлим лагеринен, Кайтып елге жеткеннен соң: Ер жүрекли еки жасты Тирилей жерге көмген екен. Ўатан ушын тигип басты, Олар, сөйтип, өлген екен». — Деп кемпир қамығып бирден, Еңкилдеди байғус анам. Еки офицер ана жерде Сығалар зер рамадан... Кеўлим толып бнр сезимге, Сүўрет турған жерге бардым. Кәпелимде мен өзим де Сүўрет қусап қатып қалдым: Кемпир мени бостан-босқа Биреўге щырамытпаған екен. Сүўреттегн еки достан, Бири мениң ағам екен. Ағам екен, урыс ўағында Хабар-атар болмай кеткен… Украина, Украина, Жүрсем де мен Шығыс бетте, — 70 Қысқа күнде қырқ айтарман Сениң мүбәрәк атыңды. Топырақтан тыс жүрсем, мудам – Сағынарман сол хатаңды. Киев —Ирпень — Нөкис 1960-жыл. Download 0.8 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling