Ибрайым юсупов жети асырым


Download 0.8 Mb.
Pdf ko'rish
bet16/28
Sana30.04.2023
Hajmi0.8 Mb.
#1406406
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   28
Bog'liq
jeti asirim

 
БАЛАЛЫҒЫМ 
БӘҲӘР 
Бәҳәр, бәҳәр жан бәҳәр,
Мийман болып келипсең.
Көп раҳмет, көк жапырақ ҳəм
Гүллер алып келипсең. 
Бәҳәр келсе қуўанысып,
Бизлер күтип аламыз.
Оқыўдан бос ўақтымызда
Суў бойына барамыз. 
Суў бойында гүллер күлип,
Карлығашлар сайрайды.
Түрли қус ҳәм гүбелеклер
Қуўаласып ойнайды. 
Мектебимизге баратырып
Саз қосықлар айтамыз.
Сабақтан соң жол бойынша
Гүллер терип қайтамыз. 
Бәҳәр, бәҳәр сен келгенде
Жер кийинер жасылдан.
Бизиң кеўлимиз де бәрҳә
Сендей жайнап ашылған.


71 
Бәҳәр, сени биз сүйемиз,
Жылда қалмай келе бер.
Көк жапырақлы гүллериңнен
Бизге әкеп бере бер. 
1947-жыл.
БАҚША ҚОСЫҒЫ 
Таң уйқысы рәҳәт,
Уйықласаң қанбас мййриң.
Таңда ерте ояныў,
Билсең, оннан да шийрин. 
Мениң әдетим солай,
Бәрҳә ерте тураман.
Муздай суўға жуўынып,
Бақша бетке бараман. 
Секирип түстим бақшаға,
Көз тартты жемис толқыны.
Колларымды талдырды
Шийрин жүзим солқымы. 
Алма жедим аралап,
Тилимди үйирип кетти.
Мийнетимниң ләззетине
Жаным сүйинип кетти. 
Таңғы шыққа былғанып,
Кирдим қалың пәлекке.
Қушағыма сыймады
Өзим еккен әлекке. 
Еркелеттим суў қуйып,


72 
Бир қыйтакша гүлимди.
Шақасына қондырдым
Сайра деп бүлбилимди. 
Бүлбилим, сайра-сайра,
Бақшамда саз жаңласын.
Жаслық мийнет ләззетин
Ҳәмме мендей аңласын.
 
МАРЖАНГҮЛ МЕНЕН ГҮБЕЛЕК 
Маржангүл 
Ақ гүбелек, көк гүбелек, гүбелек,
Қайдан шықтың арысыңды төбелеп?
Көп қыдырдым сени бәҳәр келгели,
Айтатуғын сөзлерим бар, гүбелек. 
г ү б е л е к 
Сағынсаң да, излесең де бәрҳәма,
Ашыўшақ қыз, қорқытасаң соншама.
Мен де сениң даўысыңды сағындым,
Бизге арнап қосық айтып берсеңә! 
Маржан гүл 
Ой бийшара сулыў ғана гүбелек,
Қанатың бар мысал жуқа шүберек.
Саған арнап бәрҳа гүллер теремен:
Айт десең, мен қосық айтып беремен! 
Ҳа, гүбелек, гүбелек,
Кең даланың еркеси.
Гүлге тозаң себелеп, 


73 
Қурығанба диңкеси?
Қанатлары кағаздай,
Гул-жапырақ көрпеси.
Бир сөз айтсаң, өкпелер,
Суў көтермес сиркеси.
Ушаман деп алыска,
Елпең-елпең етеди;
Жел сүйкенсе қамысқа,
Ықлап ушып кетеди.
Жоңышқалықта журты бар,
Еки түйир мурты бар.
Ақ көкирек пәпелек,
Желге ушқан үпелек.
Ойнап айттым еркелеп,
Ашыўланба, гүбелек! 
г ү б е л е к 
Сулыў кызы кең бахтияр үлкениң,
Маған бахыт еркелетип күлгениң.
Бир сораўым: қалай оқып жүрипсең,
Жақсы болар еди айтып бергениң? 
Маржангүл 
Барлығынан бес баҳасын аламан,
Қосықтан да сени ҳайран қыламан.
Оны айтасаң, қәлем алсам қолыма,
Сүўретиңди айнытпастан саламан. 

Download 0.8 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   28




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling