Ибрайым юсупов жети асырым


Download 0.8 Mb.
Pdf ko'rish
bet2/28
Sana30.04.2023
Hajmi0.8 Mb.
#1406406
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   28
Bog'liq
jeti asirim

АДАМ ҲӘМ КОСМОС 
Мақтан адам,
Қуўан жер.
Сиз мақтана аласыз.



Керек десеңиз егер,
Айға да ушып барасыз. 
Ақылы жүйрик адамзат
Ай, жулдызға бетлеген.
Адамға питкен кос қанат
Қусларға-да питпеген. 
Мақтан мениң Ўатаным
Мақтаныўға ҳақлысаң.
Тынышлык, мийнет ураның,
Сен азатсаң, жақтысаң. 
Сонлықтан сен айбатлы,
Сонлықтан сен батырсаң. 
Сол ушын сен қанатлы,
Сол ушын күнге жақынсан. 
Ҳак кеўил адам баласы
Дийдарыңды аңсаған.
Мәрт Юрийлер анасы,
Россия, даңқ саған! 
Топырағында туўылған
Калугалы муғаллим
Китаптай ашып оқыған
Тилсимли аспан сырлары. 
Қуўанып дүнья қарасын:
Қарапайым устаның
Қарапайым баласы
Жулдызға жол ашқанын. 
Жер менен зәңги қағыстың,
Жантасып айдын жанына.
«Апельсини» АҚШ-тың



Илесе алмас шаңына. 
Сезгендей күш дәрегин,
Мысалы қуяш жасқанды,
Жай коммунист жүреги
Жылытқандай аспанды. 
Алдың сен озып қатардан
Космонавт атағын.
Қосмосқа бәҳәр апарған,
Мақтан мениң Ўатаным! 
Тек ғана азат адамның
Ақылы менен жүреги
Түңлигин сырлы жаҳанның
Усылай серпип түреди. 
Юрийдей сан мың суңқардың
Қанатын жетилт үшкирлеп,
Сәлемин жас Икардың
Жулдызға жеткиз, уш гүрлеп! 
Апрель, 1961-жыл. 
ЖЕТИ ЖЫЛЛЫҚ ҲАҚҚЫНДА СӨЗ 
Жети қырлы металл—даңқтың жолдасы
Айға ушты, — жер перзенти, көрки бул.
Жети жылда жети әсирлик жол басыў —
Қыял емес, халқымыздың ерки бул. 
Еркин ушпақ кептер қустың мурады,
"Тынышлық" деп көкте жәўлан урады.
Абаданлық ҳәм гүллениў ураны
Халқымыздың қәлеп алған ерки бул. 
Шөллер күтер ырғалыўын дәнлердиң,



Сибирь күтер ийесин мол кәнлердиң,
Ангарадан алынбаған нурлардың
Алынары халқымыздың ерки бул. 
Жаңа жайлаў күтер жаңа падасын,
Жаңа көллер күтер дүркин сонасын
1
.
Егилмеген бағлар күтер мийўасын,
Буның бәри халқымыздың ерки бул. 
Қалалар бар қаланбаған тырнағы,
"Нефть бер!" деп вышка гүўлер қырдағы.
Қосықлар бар туўылмаған ырғағы,
Туўылары халқымыздың ерки бул. 
Фарҳад қазса сүт арнасын қыялдан,
Бул қыял да ҳакыйқатқа таялған.
Сорап көр сен сүт саўыушы ҳаялданз 
- Кимниң ерки? 
- Халқымыздың ерки бул! 
Толқын туўлап күшейтсе де ағысты,
Үңгий алмас бизиң беккем жағысты.
Америка бизге зәңги кағысты,
Озып өтпек—халқымыздың ерки бул. 
Ким берилсе бос қыялға, гүманға,
Илесе алмас шаңымызға, заманға.
Өрле, Ўатан, нурлы шыңлар таманға,
Партияның ерки —халықтың ерки бул! 
1960-жыл. 


Download 0.8 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   28




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling