Ибрайым юсупов жети асырым
Download 0.8 Mb. Pdf ko'rish
|
jeti asirim
ЖЕТИ АСЫРЫМ
Сазла бақсы дуўтарыңды Жети асырым намасына. Ушыр қыял суңқарыңды Ай ҳәм жердиң арасына. Қыял қусың пәрўаз етсин 29 Жулдызларға барып жетсин. Даңқымызды дәстан етсин Кең әлемниң қуяшына. Бизлер өскен бул заманда Шынлық жүйрик қыялдан да. Қанат питкен алтын таңда Азат адам баласына. Жоллар алыс, белес-белес, Албаўлық ҳеш дәркар емес, Уллы жолда уллы гүрес Орнасын халық санасына. Желбиретип қызыл туўды, Қаҳарман халық белин буўды. Асып өтсек жети асыўды, Жетсек бәлент шың қасына. Ағысындай тасқын селдиң, Ҳәўижленер жерге келдиң, Алғыс болсын азат елдиң Жол баслаўшы данасына. РИЦА КӨЛИ Көрмеген болсаң Рида көлин, Бийкар Кавказды көрдим дегениң... Онда алып барар айнадай тас жол, Таўлар мунарланып турар оңлы-сол. Қулар жар басынан сарқырамалар Ҳәм муздай қурдымға сүңгип жоғалар. Әне, ески черкес соқпағы менен Туристлер баратыр ғаздай дизилген. Тегис, кыңыр-кыйсық жолдың бойлары 30 Салланған Пицунда қарағайлары. Бәлент жарқабакта түксийип ойшаң, Бүркит уясында қылтыяр храм. Төменде кең алап, ал оннан ары Ағаш шәрдәрели абхаз жайлары. Бзипи дәрьясының шоқ ҳарылдысы, Көк көл жанындағы көпирдиң тусы Бәрҳа ийрим тартып қайнаўытлаған. Әсирлик ағашлар тамырын жуўып, Таўдың асты менен суў келер оған. Миңе, ҳей жолаўшы, абайлап кара Ашылды алдыннан гөзал Юпшара! Жасыл путаларды, гүллерди тербеп, Шабар бул қыснақта тасқын суў гүрлеп. Жүзиктиң көзиндей тар туннеллерден Өтер мәрт шоферлар епшиллик пенен. Ҳәм жылдам айланып, ҳеш гүдиксинбей, Машина жүйиткийди таў кийигиндей, Қандай сулыў едиң, о абхаз жери. Зерли касадағы шараптай көлиң. Ержүрек шоферға, айтта раҳмет, Отыр глиссерге, көлди сайран ет. * * * Көрмеген болсаң Рица көлин, Бийкар Кавказды кердим дегениң... Онда тәбияттың мәңги байрами, Онда саяҳатшыл жаслар сайраны. Тәбият сулыўлығы жеткен кәмалға, Ҳәм ол мийрас болған жаңа адамға, Енди кең ўатанның түпкирлеринен, Сибирь, Латвия, өзбек жеринен, Ҳәр күни келер бунда ўатанласларым. Өз туўған жериндей аралар бәрин. Айна көл бетинен өз жүзин көрип, 31 Қызлар муҳаббетин еске алар күлип. Сетемшил маралдың аңқаў елиги Шошаңлап ойнап жүр иси еригип. «Шайтан таяғы» деп аталған шыңнан. Иймеқ тумсык бүрқит суқланар оған. Ақ баслы асқар таў шыңын көргенде, Ақыллы-Гулия ғарры бул жерде, Желбегей жамылып тоғай — бурқасын, Шегип ақ дуапнан ол трубкасын, Ойлайсаң жанбаслап жатырмекен деп, Арыў Рицаның дәстанын сөйлеп. * * * «Көк теңизге асыққан Юпшаранын жағасында, Дәўлердей ийин тирескен Таўлардың арасында Өсти Арица сулыў, Мақтанышы Абхазияның Сүйди Арица қыз Әрманлы Абхазиясын, Күйди ышқы отында, Гегоның ышқысында. О, бирақта жас батыр Өлди қанлы саўашта. Өлди ол туўған жериниң Қалқаны етип көксин. Сонда ол кешки жулдыздай — Әрманлы Хулпы Яцадай. Жигери күйген қайғыдан Азалы Арица қыз Изледи тынбай таўлардан Гегоның жас қәбирин, Қәбирин сүйген ярдың Шарқ урып изледи ол. 32 Изледи... Таппады бирақ Ярының кәбирин ҳеш Ҳәм терең суўға тик жардан Өзин сонда таслады қыз. Жылады жасыл таў сонда, Жылады кешки жулдыз. Жылады арыўды жоқлап Ачарпан — абхаз сазы. Қыз өзин таслап өлген Дәрьяға кулады таў Ҳәм көмди кесе белден Ашыўлы тасқын суўды. Усылайша жасыл таў сонда Рица көлин туўды Әне, сол қүннен берли Басында бәлент таўдың Көл пайда болды сөйтип, Оған адамлар келди. Арица өлген күни. Қайғыдан көгерди күн. Ҳәм оның көгис сүўретин Көл мәнги сақлап қалды. Соннан берли Рицаның Суўлары көк түс алды. Ал оның тереңлиги Қаншелли десең егер, Әрманлы Арицаның Гегоға болған ышқы . Қаншелли терең болса, Көл сондай түпсиз терең». Абхазия, 1955-жыл. Download 0.8 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling