Ибрайым юсупов үмит жағасы


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet15/36
Sana13.05.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1456689
TuriПоэма
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Umit jagasi (1990)

 
ТОҚТАҒУЛДЫҢ ТОЙЫНДА 
 
БИР АҚ КАЛПАҚ АСТЫНДА 
(Тоқтағулдың 125 жыллық тойында оқылған қосық) 
Жер сулыўы Таласта
Ат суўғарып тасқынға,
Отырғандай Манас таў,
Бир ақ қалпақ астында. 
Таў басында жулдызлар —
Айдан туўған ул-қызлар.
Өсип-өнер қырғызлар
Бир ақ қалпақ астында. 
Ала таўға усатып,
Ақка бояп төбесин,
Тигип берген уқшатып
Манастың чоң енеси. 
Суўыққа да тоңбассаң,
Ыссыға да күймессең,
Жамғырда жаўрап қалмассаң
Бул ақ қалпақ астында. 
Қанша тарийх дәўир бар,
Инабатлы өмир бар,
Кең даладай кеўил бар
Бул ақ қалпақ астында. 
Еңбекте билек сыбанған,
Қонақ келсе қуўанған,
Азамат ел қуралған
Бул ақ қалпақ астында. 


40
Қомуздан сулыў күй шығар,
Толыбайдай сыншы бар,
Тоқтағулдай ыршы бар
Бул ақ қалпақ астында. 
Астына ай-жулдыздың
Даңқын жайған қырғыздың,
Даналығы Шыңғыздың
Бул ақ қалпақ астында. 
4-октябрь, 1989—жыл. Фрунзе. 
ҚАШҚЫН 
(Ҳәзил) 
Сүйинбай Ералиевке 
Аўырыўхана дийўалынан асырылып,
Жалаңаяқ қашып келер Сүйинбай.
Сестралар шуўлап улы-тасырлы,
Қуўып келер аппақ-аппақ қуйындай. 
"Жоқ, жатпайман, келдим толық келеге,
Жазылдым" деп, даўам етер қашыўды.
"Жоқ, жатасаң бир жети күн еле де!"
Деп қышқырар сестралар ашыўлы. 
Әлбинасы кеше қашқан үйине,
Ҳаялларға қашыў деген буйымба-әй! 
Ботинкасын салып алып ийинге,
Жалаң аяқ қашты бүгин Сүйинбай.. 
Неге қашқан? Мәниси сол болғаны:
Досты келген Тоқтағулдың тойына...
Мен отырман от басында толғанып,
Усындайда нелер келмес ойыңа! 


41
Бул заманда дослық—қысқа ўақытлы,
Бузар есап, бийпарўалық, минезиң,
Усылардай досты бар жан—бахытлы,
Ол бахытлы ким десеңлер—мен өзим. 
Ошақта от, сөйлесемиз асықпай,
Арасында аз-кем шарап көремиз.
Бирин-бири сағынысқан ашықтай,
Бир-биреўди аңсаймыз да жүремиз. 
Саатлардай бирге соғар үш жүрек,
Елжиресер, сырқатларды умытып,
Бул ошақта узақ жанғай от гүрлеп,
Менидағы қайда жүрсем жылытып. 
Ҳай, адамлар—қара жердиң қайығы!
Мен тилеймен сизге бир дос жасқанбай,
Сен барғанда аўырыўдан айығып,
Больницадан жалаңаяқ қашқандай... 
16-ноябрь, 1989-жыл. 

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling