47
Петекең ҳәм Сабырбайға
1
Телеграммаңыз алты сөзден,
Салды бизди "япырмай" ға.
Айтқаныңыз емес жөнсиз,
Айлық жүрмес бюллетенсиз.
Мен—айлықсыз, айлық—менсиз,
Илая бир қапылғай-дә.
Тәўир-аў месткомның бары,
Ең болмаса төлер жары.
"Қарақалпақтың шайырлары
Бюллетенсиз аўырмай-ма...
Жүрсек
аман елге барып,
Күнелтермиз қалем алып.
Ибрайым жумыссыз қалып,
Ккязлит
2
жабылғай-дә.
Айлыққа қараған күним
Күн емес ол, айтсам шынын.
Бир ВУЗ да бир жазыўшының
Кем-кетиги жабылмай-ма...
1960-жыл. Киев.
1
Қосықта
"Петекең" деп отырғанымыз пединститут дирек-
торының орынбасары Петр Игнатьевич Сенин, пақыр жақсы адам
еди. Сабыр Камалович ҳәм баска да жигитлер оған бул қосықты
оқып берип, "ал енди атың елге жайылатуғын болды" деп
ойнапты. Ол маған дәрҳал телеграмма берген. "Алағада болма,
айлығың журип турыпты. Тез саўалғайсаң. Сизиң Сениң"
деген
телеграммасы менде еле сақлаўлы.
2
Ккязлит – қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультети. И.Ю.