Ибрайым юсупов үмит жағасы
Download 0.84 Mb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Umit jagasi (1990)
ОЛИМПКЕ ЖОЛ
Және сол патша шатыры Искендер патша, Әрасгу, сарай адамлары. Негр баласы шарап әкелип жур. Патша Абиҳаят суўын таппағаншелли, Жыйылмас бул жерден мениң шатырым... Әрасту Қырғын урыс қылып, елден еллерди Жаўлап алып жүргениңизден көре, Бунда скиф шатырында отырып, Мәңги суўды күтиў—унайды бизге... Патша Күнлер усар шарап тамшыларына, Бәрҳа бир көринис тийди жаныма. Гүзе көтерискен варварлар келер, Мәңги суў екенин дәлиллей алмай, Үмитимди алдап, шығып кетисер. Қолымда шайпалар сабыр кәсасы... Әрасту Көп шайпалған кәса төгилер болар... Патша Аҳ, устаз, фәлсафаң тийди жаныма... (ишеди) 85 КӨРИНИС Птоломей. келеди. Патша О сен Птоломей, мәрт әскер басым! Ҳаў, белде қайысың буўаз бийениң Айылындай түсип кеткен бе, қалай?... Птоломей (иренжип) Аўа, тақсыр, буўаз бийе... Узамай Қулынлап та қалар бул жүрисинде... Излегеннен көре жоқ мәңги суўды, Қанлы саўаш урысқа кирип ҳәр қүни, Жорықта жүргеним ғәнийбет еди. Әрасту Я Зевс тәңирим, сол мәңги суўды Ким ишсе де, Птоломей ишпегей... Тап қыямет қайым болғанға дейин, Бул дүньяға урыс оты түспегей... П ат ш а Ашыўыңды бас, сәрдар. Не жаңалық бар? Птоломей Сизге қарсы қозғалаңды басқарған Сүўретшини, пәрманыңызға бинаан, Буғаўдан босатқан едим, патшайым. 86 Сол келип тур бир гүзе суў көтерип... Патша Аязханның қызы Онесия сулыў, Мақтаўын жеткизип сүўретши күйеўиниң, "Мәңги суўды сол табады" дегенсоң, Босаттырған едим буғаўдан оны... Қәне, кирсин козғалаңшы сүўретши! КӨРИНИС Қолына кишкене нағыслы гузешени көтерип Асқар келеди. Асқар Самалды самал тербетер, Самал булытты тербетер. Булыт жамғырды тербетер, Жамғыр көк шөпти тербетер, Көк шөп бийени тербетер, Бийе қымызды тербетер, Кымыз жигитти тербетер, Жигит сулыўды тербетер, Сулыў бесикти тербетер, Бесик баланы тербетер, Бала... дүньяны тербетер!... Патша (орнынан турып) О не деген қүдиретли сөз, тәңирим! Әрасту Инсан руҳының гөззаллык күши, 87 Поэзия! Табынаман мен саған! Патша Исянкар сүўретши, айт кеўлиңдегин! Асқар Сиз сондай дүньяны тебиренткен шаҳсыз... Абиҳаят суўын әкелдим сизге. Патша Сеннен илгериде көплер әкелген, Ал, тыңлайық сениң ертегиңди де... Асқар Таў басында қәўипли Кийик соқпақта, Жети рет өлип, жети тирилдим. Таўып оның алтын аслаў булағын, Толтырып аларда мына гүзени, Мен ишпедим шөлден аңқам кепсе де... Патша Қорқасаң ба, жигит, мәңги жасаўдан? Асқар Абиҳаят—мәңги тиришилик суўы, Инсан ушын емес... Патша Ким ушын онда? 88 Әрасту Адам мәңги емес, тәбият—мәңги, Бул суў эликсири сол мәңгиликтиң... Патша Инсан—тәбияттың перзенти, устаз, Анасы менен мәңги жасаўға ҳақылы... Әрасту Туўылыў, жаңарыў, тынбай өзгериў, Тәбият-ананың мәңгилик иси. Ал мәңгилик деген бул шексиз ўақыт, Ол—космос, жаны жоқ, биймәни бослық... Асқар Тутың тақсыр, мына қақпаш балықты, Өз қолыңыз бенен салың гүзеге. Буннан бир жыл бурын мен бул сазанды, Оксиана теңизинен аўладым. Анам өз қолынан дузлаған сонда, Ол теңиз нәпесин алып қайтадан, Ҳәп заматта тирилгенин көресиз. Бирақ та бек болың жүрегиңизге!... Патша Я тоба! Қайдағы Фракиядан Ҳиндстанға қәдер жети ықлымды Жаўлап аларымда қалтырамаған, Алмас қылыш тутқан мықлы қолларым, Неге қалтырайды? Айтшы, устазым! 89 Әрасту Мәңгилик деген бул шексиз океан, Бул ислериң оған бир тамшы суўдай... Патша Екиленип көрмеп едим мен бундай... Download 0.84 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling