Ибрайым юсупов үмит жағасы
Download 0.84 Mb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Umit jagasi (1990)
МӘҢГИЛИК БОСАҒАСЫНДА
Бизиң эрамыздың 3000-шы жыллары. Ўақыя орны өзгер- мейди—Огуз дәрьянын бойы, Қап таўының етеги. Тек ғана патша шатыры жок. Тас тәңириниң мүсини сәл қыйсайған. Үнгирден Әрасту шығады. Әрасту Сәлем Қуяш, о мәңгилик шырағы! Гүрлеп айдап отлы колесницаңды, Космос кеңлигинде еле жүрсең бе! Бәрекелла, бул зимистан дүньяға Жалғыз жақты берип турсаң ба еле! Көрип турман, қанша дәўирлер өткен, Қанша уллылықлар жоғалып кеткен. Тек сен барсаң, бар тек анаттә-бият, Ҳәм ақыл булағы—бар инсаният! Мине биз ояндық узақ уйқыдан... КӨРИНИС (Үңгирден еснеп патша шығады.) Патша Әзиз устаз, ассалаўма әлейкум! Бир жыл көрмегендей қумсадым сизди. Әрасту 95 Ўәлейкум ассалам, уллы патшайым, Аман жатып турдыңызба уйқыдан. Патша Әжайып таң екен, салқын ҳаўалы. Әрасту Бул таң, тақсыр, басқа дәўирдиң таңы... Патша Қайыл, устаз, дана ҳәзилиңизге. Сарай адамлары кай гөрге кеткен? Қайда таярлаған азанғы шайды?... (қол шаппатлайды) КӨРИНИС Үңгирден еснеп Птоломей шығады. Сақалы белине түсип, мурты қулағына оралып кеткен. Патша (әжепсинип күлип) Мынаў ким-әй, әжийне ме, гөрбар ма? Птоломеймисең? Не бәле түриң… Бәлким Дионисте Аристофанның Ойнап жүрипписең комедиясын?... Птоломей (Тайып кеткен жағын услап еснеп) Кеше көп иштик пе деймен, патшайым… 96 Есней-есней тайып кетти жақлайым. (өзинше) Аўған талғанлайға күледи деген... Қайық болып туйғандай өзиниң түйи... Әрасту О тақсыр патшайым, биз сизден алдын Ояндық уйқыдан бир ҳәпте бурын. Бир гесиртке қолтығымды қытықлап, Оятып жиберди. Аңлап қарасам, Өсип кеткен екен сақал-муртымыз. Сизиң белиңиздеги қос баўдан әсте Исфаҳаннын алмас семсерин алып, Сизиң ҳәм өзимниң сақал-муртымызды Гүзедим, тәртипке келтирдим бираз. Птоломей батырдың сақал-муртына Тиймедим. Өйткени урыспаз сәрдарға Жүдә жарасады бул сақал-муртлар... Қораздай қышқырып, оның үстине Буйрық берер ләшкери де жоқ енди... Птоломей (шоршып кетип) Неге ләшкерим жоқ буйрық берерге? Патша Устаз, не деп турсыз, есиңиз дүзиў ме? Ондай ҳәзилди қой! Айтың оннанша Шарап мәслигинде қанша уйқыладық? Әрасту 97 Биз үш мың үш жүз жыл уйқыладық, таксыр! Биз ҳаўасын жутып турған бул дәўир— Жаңа эранын үш мың биринши жылы!... Патша Устаз, бундай ҳәзил сизге жараспас, Бул өтиригиң қудды ертектегидей. Әрасту Қорықпаныз, үш мың жыл, параз етсеңиз,— Шет-шебирсиз ўақыт океанының Үш тамшысы менен ғана өлшенер... Патша (ҳәўлирип) Мәңги суўды ишип қойдым ба, сорым? Әрасту Иштиңиз... Ҳәм бизиң айтқанды қылмай, Бизлерге де зорлап ишкиздиң оны... Птоломей Эй, ырас-әй, жаңа есиме түсти, Зорлап ишкиздиңиз устазға, тақсыр. Ал мен болсам, сизиң хызметиңизге Мәңги жегилгенмен... Сол ушын, шаҳым, Сизден қалған суўды гүзе түбинде, Ишип қойдым, мирәт етпесениз де... Патша 98 Эй, сен қаласаң ба ысытқан суўдан. Тап оннан да бас жазғандай бир нәрсе! Птоломей Мәңги суўдан гөре бир кәса шарап, Жақсы болар еди-аў... Көрейин қарап... Download 0.84 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling