Ибрайым юсупов үмит жағасы


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet31/36
Sana13.05.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1456689
TuriПоэма
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Umit jagasi (1990)

УЗАҚ ЖУЛДЫЗЛАР 
Патша ҳәм Онесия-2
Патша 
Жат жағысқа тиккен скиф шатырына
Жуўсанның хош ийисин әкелди самал... 
Онесия-2 
(Қолы жоқ Венераның статуясьша табынып.) 
Асыраўшы анажаным Ақшолпан,
Қуяш қызы Тумариса ҳақкына
Жалынаман, аман сақла ярымды... 
 
(Патша келип, қыздың шашын сыйпайды.) 
Талға жарысып, шынар ийилмес болар.


123
Бизди қойың, шаҳым, өз күнимизге...
Сиз уллы патшасыз, халықтың атасы. 
Патша 
Маған ҳәзир патшалықтан да гөре,
Сениң жүзлерине телмириў абзал,
Мәңги суўдан дарыған бул мәңгиликти
Саған дийдарласқан бир дахиқаға
Алмастырар едим жан деп мен ҳәзир:
Жети ықлым патшалары диз бүккен
Қәддимди қартайған нардай шөктирип,
Алдыңда бас ийиў—маған ғәнийбет. 
Бул дүньяға уллы патша болғаннан,
Муҳаббат гедайы болыў жақсы екен. 
(Диз бугеди)
 
Онесия-2 
 
(Патша жам етип қолына тутқан тәжди алып) 
Көзден тамған қанлы жасыма қосып,
Бул шарапты жаным менен ишемен... 
Патша 
Сениң бүлбилгөя тил-зибаныңнан
Еситилип турған бул дуўалы сөз,
Рио де Жанейро фестивалына
Биз таярлап атқан "Мәңги суў" атлы
Спектакль ролинен болса да,
Тәнҳа маған арнап айтылмаса да,
Бахытка бөленемен ҳәр еситкенде,
Келгендеймен қулындағы кәддиме... 


124
Онесия-2 
(Патшаның ақ араласқан шашын сыйпап.) 
Сиз гөззал адамсыз, патшайым мениң... 
(тәжди патшаға қайта кийгизеди) 
Бул ғәлетий спектакль кем-кемнен
Бизиң өмиримизге сиңип бармақта... 
Патша 
"Бул дүнья—бир сахна, адамлар—актер",
Депти бизден соңғы бир дана шайыр.
Онесия-2 
"Бизден соңғы" емес, бизден көп бурын
Айтып кеткен буны Шекспир дана.
Киси өмири менен жасаў бәрҳама,
Жанға тийди, шаҳым, қатты шаршадым. 
(Басын патшаның көксине қояды) 
Патша 
Бул жери жоқ еди спектакльде...
Ғәплет уйқысынан оянған жүрегим,
Дуўшар болажақсаң қандай күнлерге! 
Онесия-2 
Әййемги эраның жәҳәнгир шаҳы
Керек емес маған, уллы патшайым,
Роль питти, шешин мүйизли тажды,
Шешиң бул әййемги патшалық липасты... 
(шешиндиреди) 


125
Аҳ, қандай сүйкимли сулыў адамсыз,
Мен сизди сүйемен, әзиз патшайым! 
Патша 
Мәртебе, муҳаббат, сулыўлық, ығбал,
Заманында көп қызғаныш туўдырар.
Жүрек жараланар насақ сөзлерден,
Қанлы жаслар ағар қара көзлерден.
Биз екеўимиз еки дәўир адамы,
Қорықпайсан ба журттың насағынан сен? 
Онесия-2 
Насақ сөз деген бир ызғырық самал.
Гүўлеп есип-есип, бир күни тынар,
Ҳәммеси бийҳуўда. Ўақытша булар...
Шын кеўилден сүйген ўақта адамлар,
Жас жоқ, ғаррылық жоқ, теппе-тең олар.
Биз екеўимиз сөзге болсақ та қайым.
Мен сизди сүйемен, уллы патшайым! 
(еркелейди ) 
Патша 
Жулдызлар не деген сырлы хәм узақ!..

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling