Ибрайым юсупов үмит жағасы


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet35/36
Sana13.05.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1456689
TuriПоэма
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Umit jagasi (1990)

КӨРИНИС 
(Сахнаға жуўырып Асқар шығады). 
Асқар 
Онесия, жүрегимниң жарасы,
Сен енди азатсаң, арзыўлы ярым!
Дәрья жығып кеткен ески бөгетти,
Ҳәзир бөгеп атыр Искендер патша.
Қайтадан суў толып Огуз дәрьяға,
Ел абад болады, биз боламыз шад.
Онесия, айралықтан биз азат! 
(Онесия еситпей, шың басынан өзин дәрьяға таслап 
өледи. Асқар жуўырып баратыр) 
Онесия! Онесия!! Онесия!!! 
(таў жаңғырып, музыка гүңиренеди.)
 
ЭПИЛОГ—2 
Гөҳиқап таўы, Окс дәрьясынын бойы. Бийик Дәрбент 
таўдың жарқабағына суўретленген "Мәңги булақ" 
барельеф-панносы. Асқар сол бийик жар тастан жип 
зәңги арқалы тусип киятыр, Сақал-шашы ағарған, 
шаршаған. 
Аскар 
Онесия, Онесия, сүйиклим.
Әрман менен кеткен арзыўлы ярым!
Мине, сениң естелигиң ҳаққына,
Сүўретледим "Мәңги булақ" дәстанын.
Қырық жыл жип зәңгиде аштан аш турып,


139
Қырық жыл тас қашадым таў қабағында. 
(халық әсте жыйыла баслайды) 
Мине мәңги суўдың ағар булағы,
Жер ана бар онда, инсаният бар,
Жағасында мәңги өмир дарағы,
Ол мәңги мийўалап, мәңги кулпырар. 
("Өмир дарахты" саясында отырған Онесияның 
емшегинен дәрьяға нурлы суў булағы атылып қуйылып 
турар.) 
Әрасту 
Сарқылмас инсанның өмир булағы,
Ҳәр адам перзенти өз заманының,
Жақсы иси, жақсы аты менен тек
Басқа заманларда жасайды адам.
Заманыңа садық болғайсаң, инсан!
Сәлем, уллы Қуяш, мәңгилик өмир! 
Соңы 
1981—1984 жыллар. 
 
 МАЗМУНЫ 
Тырналар. 
Жылқы жылына (1990).
Корабльлер қойымшылығындағы елес.
Монокультура ҳаққында қосық.
Анемия. 
Марат Нурмухамедовты еске тусириў. 
Өмир, саған ашықпан. 
Қайтып келсе еди балалық шағым. 
Орынлы кейис. 
Эпиграммалар. 


140
Бозатаўдын жолындағы тоғайлар.
Тымырық. 
Аласар қус әңгимеси. 
Мәңгилик. 
Ана жүреги. 
Кеўил айтыў. 
Хошласыў сөзи. 
Анна Ахматованы оқығанда. 
Және бүгин ақшам түсиме ендиң. 
Тәғдир дәрьясы дер ағар мәўжирип. 
Алыс әўладларға. 
Ҳаўазың сениң. 
Бир кәса шай қолға алып. 
Жанан көринбес. 
Тал болыпты таллары. 
Александр Блокты оқығанда. 
Биз бенен ойынға тоймас Муҳаббат. 
Колларымды артыма байлап. 
Таң самалына. 
Жас достыма. 

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling