Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet141/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   137   138   139   140   141   142   143   144   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

Бегдияр албырап маңлайын услайды. 
Аҳа, шығып па еди еле есиңнен,
Неге маңлайыңды усладың бирден?
Қалай, ҳакыйқатлық душшы ма екен?
Ол тыртық өшпейди сыйпаған менен,
Ол мəңги қалады маңлайыңызда.
Енди жүре алмассаң сен арамызда,
Ҳəй, сен қой терисин жамылған гəззап. 
Б е г д и я р
Болды, хей саллақы, өш, аўзыңды жап! 
А р ы ў х а н
Неге қалтырайды қолларың сонша? 
Б е г д и я р 
Билдим мен де сени, тикенли ғунша,
Жулып кетермен-аў тамырын менен. 
(Албырап, жалтаўлап.


334 
Арыўхан, əпиў ет ... абайсызда мен ...
Онша шаплықпашы сен, қарындасым.
Мен жаўың емеспен, олла ырасым.
Елестире берме не болса соны.
Нəлет болғыр байдың үйинде қонып,
Мəс болғаным ырас ишкен соң арақ,
Саямды салмадым ол ийтке бирақ ...
Сабаңа түс қайтып, периштем, тыңла,
Ағаң үлкен басын ийер алдыңда,
Шын айтсам, «мақтадың» дейсен, сөгесең:
Басқалар бир шуқыр, сен бир төбесең ... 
А р ы ў х а н 
Енди сол төбениң шығып басына,
Бир самаллап қалғың келген екен-дə. 
Б е г д и я р 
Жоқ, баўрында сол жасыл төбениң,
Өмир бойы қалғым келеди мениң ... 
А р ы ў х а н 
Ҳаял-қыз төбе еди бир гезде ғана,
Ким көринген шықты оның басына,
Бирақ та ендиги қызлардың бүгин
Айтайын төбеден өзгешелигин:
Төбеге мине алар қəлеген адам,
Самаллар, гүл терер оның баўрынан,
Ал, қызлар - азат қус, услатпас енди.
Өзи келип гүлиңе қонбағаншелли.
Саған ең ақырғы буйрығым мениң:
«Ким басын усласа еки кемениң,
Суўға кетер» деген. Сен ғарры сағал,
Халыққа кимлигиңди айтпасаң дəрҳал,
Ертең өз териңди өз көзиң менен
Малақай базарында көре бергил сен.
Хош ҳəзирше енди, шириген түбир.
Жəне ушырасамыз иретинде бир ... 
Б е г д и я р
(жолын тосып
«Ҳаялдың, шашы узын, ақылы келте» деп,
Бабамыз дурыс айтқан. Қаншық, бийəдеп.
Саған көрсетермен ким екенимди.
Сөндирип кетейин жақты күниңди. 
А р ы ў х а н 


335 
Ол күн сен сыяқлы жарғанатларды
Күйдирип өлтиреди ... 
Б е г д и я р 
(тисин қайрап
Ҳəссений, дарды 
Безеп турар еди-аў бул сулыў денең ...
Жоқ, сендей нашардан пəнт жемеспен мен.
Мениң, де ең соңғы буйрығым саған:
Мына бүлкилдеген ақ тамағыңнан 
Бир аўыз сөз шықса ертең далаға,
Көк көйлегиңдеги нағыслы жаға
Дардың жиби деп бил. Мына қолларым
Сол күни жумсайды билекте барын.
Ҳəй, сен азат қатын, жаўыз душпаным,
Мына маўзер сениң қай туўысқаның?
Үңирейген аўзына қарап ал дурыслап ... 
А р ы ў х а н 
Аҳ, сен, қанға жерик, алдамшы, гəззап ...
(қорқып кетип, талып жығылады). 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   137   138   139   140   141   142   143   144   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling