Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
Жетинши тараў
ЖЫЛ ҚУСЛАРЫ АҒЫЛАР ТЫНБАЙ ... 1 Ийне шаншар орын жоқ еди бунда, Турды сыймағанлар клуб аўзында, Қызыл сəтийин жапқан столда көзлер, Жаңлар түрли даўыс, түрлише сөзлер. Қанша тығылса да, адамлар қойдай – Қағысып, сыйысты тар болса да жай. Журт силтидей тынып қулақ түреди. Тек те шешен даўысы ҳүким сүреди. Сөйлер Əбдираман дəрьядай тасып, Аўзынан сөз емес, мисли дүр шашып: «Бүгин қарақалпақ театрының, Биз тойлап отырмыз ашылыў күнин. Бурын əрман етсек, бүгин көрди көз, Театр! Бул қандай қүдиретли сөз! Бул сөз еле бизиң турмысымызға Сиңисип, қан менен қарысар, сонда, - Сонда салтанатлы гүлгин сарайдың, Гөззал халық өнери тиклеген жайдың Беккем тырнағына қарап ойланып, Баҳалағыш халқым жазбастан танып, Мийримли қол менен сыйпап тырнақты, Еске алар биз өткен аўыр соқпақты ... «Таң нуры» - жаңа өмир жаршысы болды, 350 Көпке жəрдемлести көриўге жолды ... Бул нур түпкирлерге шашып сəўлесин. Қуўатлап халықтың əдил гүресин, Инсанды үйретип ийгилик ойға, Жаңа өмир көркин сиңдирер бойға ...» «Əбекең саў болсын, ур шапалақты», «Ал, мынаў ким екен жасыл қалпақлы?» «Жазыўшы Бегимов сөйлейди" дей ме?» «Сөз техникумның муғаллимине» ... Əне, президиумнан турды Арыўхан. «Сахнамыздың гүли жасасын аман» Деген хошеметлер астында күлип, Халықтың ортасында турды ол келип ... А р ы ў х а н Күни кеше қызлар гүңликте жасап, Мисли Өмирзая жуддызға усап, Жанбай атырып-ақ сөниўши едик, Тисти-тиске қойып көниўши едик. Нан орнына жедик қайғы алмасын, Суў орнына иштик көзимиздиң жасын, Ошақ басы бизиң Ўатанымыз болды, Суўдың соқпағынан басқа ҳеш жолды Бизлер ҳеш ўақытта биле алған жоқпыз, Еркинше сыңғырлап күле алған жоқпыз. Енди ески өмирдиң жулдызы батты. Енди ығбал таңы биз ушын атты. Енди хызметинде мəңги турыўға, Мен тəжим етемен, халқым, алдында ... Соннан аржағында не ислегенин Еске түсире алмас сүйиклим мениң. Тек оның есинде: тəжим еткени. Бир қүдиретли тасқын гүрлеп кеткени; Халықтың қақ айрылып жол бергенлери; Айманға бир ымлап «жүр» деген жери Ҳəм күлип, ентигип, қарамай журтқа, Айман менен бирге шыққаны сыртқа. 2 Сахнада көринген минсиз сулыўдай, Көкте жүзип барар шала толған ай, Жипек орамалы желбиреп сəўир, Билмедим, шөплерге не сыбырлап жүр, Гүўлеп гə елпилдеп, тынбай желеди, Əтираптан бəҳəр ийиси келеди. Келеди Арыўхан, көзде қуўаныш, Қайтқан ғазлар даўысы еситилер алыс. «Ҳей, қубладан келген соналы ғазлар, 351 Айтың, шын ба усы мендеги ығбал?» «Ығбалың бар» десип ғазлар ғаңқылдар. А р ы ў х а н Айман, айтшы, шын ба мениң ығбалым? А й м а н Сен өзин ығбалсаң, түсинсең, жаным. А р ы ў х а н Анаў айға қара, қандай такаббир, Жүзинде сəўлеси етеди дир-дир ... А й м а н Қəне? Көрмей турман сеннен басқа ай .. А р ы ў х а н Шайырлығың тутып турыпты-аў, пай-пай. Қəне, бас аяқты, жетейик тезирек, Билсем, əкем тегин келмеўи керек, Сагынып келдимекен қызын ырастан? Ямаса ... жоқ, бирге кетпеспен ҳаслан. Əне, ол өзи де киятыр бунда, Байғус күте-күте шаршағанды да. Аға, берман бурыл. Күттиң бе узақ? Ҳəзир жыйналыстан шыққаным сорап ... Ə к е с и Мен исенбей турман, қызым, көзиме, Сен сол Арыўханның ырас өзи ме, Я əрўағымысаң? Ба ... ба ... баўырым ... Сени «өлди» десип отыр аўылың, Мə, мына газетти оқып көр өзиң, Түсиндир ҳəм оның мына бир сөзин. А й м а н (ай жақтысына тутып оқыйды) «... Сонда актер өзин умытыўы керек, Соқсын геўдесинде басқа бир жүрек, Арыўхан ойнарда қыздың өлимин, Ҳəтте алмағандай ишине демин, Шынтлап өлип қалды» ... А р ы ў х а н Ҳа-ҳа-ҳа, қызық. 352 Ким окып берсе де айтқан ғой бузып, Сөйтпесе келмес едиң. Жүр кеттик, аға, «Тирилген» қызыңнан бир тилек саған Маған урыспайсаң ба жаңалық айтсам? Ə к е с и Урыспайман, «нəмəрт» де ўəдемнен қайтсам. А р ы ў х а н Аға, өз еркимше, ойласпай саған, Турмысқа шығып қойдым ... Айман селк етеди, Ə к е с и Қуўанышлыман. Бирақ, кимге шықтың? А р ы ў х а н Мына жигитке. Аға, бул исимди сен айып етпе? А й м а н (таңланып, албырап) Жоқ, жоқ, бизлер еле ... А р ы ў х а н ... той берген жоқпыз, Сениң келиўиңди күткен едик биз. Үйди əкел енди көширип тезден, Қартаяр гезиңде жалғыз болма сен ... А й м а н (қуўанып) Алақанымызда сақлаймыз сизди. Ə к е с и Қалайша ол жерде аўылымызды Таслап, мен қалаға көшип келемен? Күшим бар, тəндарман, қызым, еле мен. Үйден шыққан едим қашарды сатып, Мə, ал, тойға жумсаң енди уқшатып. Қоса қарығайсыз, өнип-өскейсиз, Жаңа турмыс палын бирге ишкейсиз, 353 Қайда жүрсеңиз де болғайсыз аман! 3 Ата, қыз ҳəм күйеў баратыр қатар, Ай нурына шөмип айдын жол жатар. Келер кəрўанлары жыл қусларының, Тек жалғыз мақсети бардай бəриниң: Арыўхан гөззалдың туўған жерине, Таза бəҳəр келген мениң елиме, Олар асыққандай жетиўге мудам. «Сөнбес ығбалың бар сениң, Арыўхан» Деп баратырғандай олар қыйқыўлап, Кəрўан-кəрўан болып өтеди зуўлап ... Оқыўшым, рахмет, сен көрме айып. Шаршаған шығарсаң, кел хошласайық? Тилеп сүйиклиме қайырлы қəдем, Сүйип Əбекеңниң ышқысы менен, Мен де усы жерде қалғым келеди, Тоқтап азырақ дем алғым келеди, - Тынығып, жəне жолға түсиўим ушын, Жыл қусындай узақ ушыўым ушын. 1956 - 1958-жыллар, Нөкис Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling