Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet68/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   64   65   66   67   68   69   70   71   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

КӨКШЕ ТАЎ 
Арқада бир ел көрдим Көкше деген.
Таўларын қыз жүгиндей текшелеген.
Бундағы өскен адам, өзге жерде-
«Жəннет бар» деп мақтасаң көксемеген.
Кел жаным, сол Көкшеге мингизейин,
Төбеңди көкше бултқа тийгизейин.
Меннен басқа сүймеген ақ жүзиңди
Таўдың жупар желине сүйгизейин. 
Журт көрмей-ақ Көкшени көп айтады,
Биреў келмей, биреўлер кеп айтады.
Гүмис көлге шомылып шыққан адам
Жарты өмирге жасарар деп айтады.
Кел жаным, шайыр тили жетпегенди
Көкше таў көркем етип айтып берсин.
Сексен көлдиң бирине бир сүңгип ал,
Менсиз өткен жасыңды қайтып берсин. 
Көкшениң сулыўлығын көп айтады,
Биреў келмей, биреўлер көп айтады.
Буўрабайда бир түнеп шыққан адам 
Ашық болмай кетпейди деп айтады.
Кел, сəўлем, тарттым саған көк кемени,
«Жумбақ таста» қалдырма жекке мени.
Сыйлай бил басқалардың барлығында,
Ашық болсаң сүйегөр текте мени. 
Бул таўда қойлар булттай көшеди екен,
Бахыт дəни бийдай боп өседи екен.
Көкше таўдың қымызын қанып ишсе,
Даўасы жоқ дəртке ем түседи екен, 
Кел жаным, ҳимметиңнен байығайын,
Қазақтың бал қаймақлы шайы тайын.


132 
Бал бармақты батырып қуй қымызды,
Өзиң жазған дəртиңнен айығайын. 
Бул Көкше таў Сəкенге сырлас дейди,
Қазақтың музасына Парнас
13
дейди.
«Оқ жетпеске» өрмелеп шыққан адам
Шынтласа шайыр болмай қалмас дейди.
Кел жаным, Айна көлде күтейин мен,
Сулыўлықта садағаң кетейин мен.
Тырмасып шайырлықтың көк шыңына,
Өлгенше сени жырлап өтейин мен. 
Тас сынығын əкеттим Сырымбеттен,
Бунда даңқлы жийеним Шоқан
14
өткен.
Оны тапқан апамнан айнанайын,
Қазаққа сондай улды сыйлық еткен.
Жазғы кеште шомылым зер қуяшқа,
Ақша кийик турады тик жар таста.
Ақ қайыңлар бий бийлеп атырғанда,
Аңсап көрген ашықлар ойнамас-па!
Кел, сүйейин муҳаббат көли болып,
Кетегөрме көлде суў пери болып,
Аўыл сырты аўлақта сырласайық,
Сен Ақтоқлы мен Ақан сери болып.
Бул жерге келсе биздей киси келгей,
Муҳаббатқа қай жанның күши келгей?
Ким сениң ығбалыңды күнлер болса,
Илайым «Оқ жетпестен» ушып өлгей. 
Көкше таў. 10-сентябрь, 1972-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   64   65   66   67   68   69   70   71   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling