Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


ЗАМАНЫНАН КЕШ ТУЎЫЛҒАН АДАМЛАР


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet71/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   67   68   69   70   71   72   73   74   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ЗАМАНЫНАН КЕШ ТУЎЫЛҒАН АДАМЛАР... 
Заманынан кеш туўылған адамлар
Мен аяйман сизлерди.
Ҳəр күни сиз оянғанда көресиз,
Ерте турып басылған көп излерди.
«Қайда асығар бул излердиң ийеси?»
Деп атлы изинен жаяў барасыз.
Мисли жат мəжилиске кирген бир киси,
Тилге шала түсип, еснеп қоясыз.
Адамлардың ай - жулдызға ушқаны
Сизге ертек яки бир түс көргендей.
Былтырғы газеттиң бүгинги санын
Быйыл оқып «жаңалыңты» билгендей... 
Заманынан ерте туўған адамлар,
Мен аяйман сизлерди.
Төменги классқа кайтадан түсип,
Парталасқандай боласыз бизлерге. 
Сиз бир гезде оқып кеткен китапты
Журт жаңалык билип оқып атқандай.
Озық еллер басып өткен этапты
Бир калақ ел жаңа өтип атқандай.
Арман барып жеккеликтен зеригип,
Биз жеткенше сиз қайырлып турасыз.
«Туҳ, не деген асықпайтын адам» деп,
Журтқа гийне қыласыз... 


138 
Ўақтында дүньяға келген адамлар,
Қутлықлайман сизлерди! 
Апрель 1974-жыл. 
«ДƏЎИР САМАЛЛАРЫ» китабынан 
 
1982 
 
БОЛМАСА 
Қус баласы болып илинбес санға, 
Бүлбилдиң хош ҳаўаз сеси болмаса,
Сазды шерткен менен келмес намаға,
Кеўилдиң бир əндийшеси болмаса. 
Əдет қалар, бəлким қəсийет қалмас.
Елге хызмет етпей жигит сыналмас.
Көп жасаған менен ақсақал болмас, 
Парасатлы ақыл-еси болмаса. 
Биреўлер қартайса зийнети асар,
Елине сəн берип, төрге жарасар. 
Биреўлер урғашы маймылға усар,
Мəзи адам сүўрет түси болмаса. 
Кимлер жас қайтса да ақылы толған,
Кимселер зуўқылдап тил-жағы қалған.
Атқа «шуў» дегеннен басқасы жалған,
Жасы үлкенлик əўселеси болмаса. 
Кимдур тирисинде-ақ атын жоқламас, 
Инсан болып, ишкен дузын ақламас.
Бержағынан қуйған менен тоқтамас,
Аржағында бирнəрсеси болмаса... 
Сентябрь, 1980-жыл. 
ТИЛЕК 
Арыў ҳаял қарсысында 
Дизе бүгип, басын ийген 
Рыцардай
18
түскен сынға, 
Өтинемен өмир сеннен: 
Сан қүдиретли, сақый, еден, 
Асырайгөр төрт бəледен: 
Күнлемеўге үйрет мени, 
Сақла журттың өсегинен. 
Марапаттың көпшигинен, 
Мақтаншақлық ешегинен… 
18
Рыцарь – орта əсирлердеги европалы батырлар. Олар ҳаял намысын 
қорғаўды мəртебе билген. И.Ю. 


139 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   67   68   69   70   71   72   73   74   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling