Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet73/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   69   70   71   72   73   74   75   76   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ӨМИР ВЕКСЕЛЛЕРИ 
Өмир – ҳеш өтелмес қарыздур бақсаң… 
Ана сүти менен, аталық парыз… 
Өмиримде үш ирет өзгерди ақша,
Бирақ ҳеш төленип питпес бул қарыз. 
Ислесем жумыслар болмайды ада,
Қəлем тартыў менен таңларым атар.
Төс қалтама қол жуўыртсам, сондада -
Еле төленбеген векселлер жатар. 
Көз қыйығын салсам, жазған биринде:
«Кеше лəззет алып таң самалынан,
Шадландың бул ғəнийбетли жүримге,
Сол ушын да вексел жибердик саған». 
Мынадай деп жазған буннан бөтени:
«Ядыңда ма алған илҳамың-йошың?
Өз елинде шайыр атын көтерип,
Базда жазған тəўир қосығың
ушын. 
Бираз дос арттырдың, муҳаббат таптың,
Бул ҳəм қарыз, - төлемесең болмайды,
Суўына шомылып Кегейли жаптың,
Бийпул тыңлағансаң пошша торғайды. 


142 
Таттың ышқы отының татлы азабын,
Сырластың ақшамы жулдызлар менен,
Базда биреўлердиң кеўлиниң бабын
Таба алмай, зейнине тийдиң сен. 
Базы ўақта жылап турған баланы
Бастан сыйпап жубатпастан кеттиң сен,
Биреўлердиң кеўлиндеги жараны
Көрип турып бийпəрўалық еттиң сен. 
Ашық аспан, йошлы мийнеттиң заўқы,
Саған сая берди қаншама терек. 
Өмирде басылмас адамның маўқы,
Не алсаң, ҳəммесин төлеўиң керек...» 
Көзден уйқы, тынышымнан қут урлап,
Бир пружина серпип мазамды алар.
Жатсам-турсам шай қағаздай шытырлап,
Көз өңимде сол бир векселлер турар. 
Жан тəсаддық саған, ҳимметли өмир!
Дəўлетиң буннан ҳəм болсын зыяда.
«Инсапсыз» деп маған қылма сен жəбир,
Бергениң ядымнан шықпас сирəда. 
Өмирим бойы қарызыңды таппаға
Тырысарман, тапқанымды төлермен.
Толық төлей алмай кеткен ўақта да,
Жүзлериңе туўра қарап өлермен. 
Февраль 1980-жыл.
ПОЕЗД ЕМЕС, ЕЛДИҢ ДƏЎЛЕТИ КЕЛДИ 
(Шымбайға биринши поезд барғандағы митингте 
оқылған баяз-қосық, 22-февралъ, 1980-жыл) 
Бул заман жол салып жулдызға-айға,
Не ислеймен десе қурбети келди.
Поезд қышқырығы жаңлап Шымбайда,
Бүгин уллы тойдың сəўбети келди. 
Шайда бүлбил қонып таза гүллерге,
Хош қылықлы шийрин зибан тиллерде,
Қазы Мəўлик баяз еткен еллерде,
Бизге ҳəм мине, сөз нəўбети келди. 
Арқаның ардақлы Шымбай жайлары,
Көзге ысық Кегейлиниң бойлары, 
Қутлы болсын поезд келген тойлары,
Поезд емес, елдиң дəўлети келди. 


143 
Талай шежирелерде оқып сөзиңди,
Тарийх дəрбентинде көрдим өзиңди.
Көп заман самалы желпип жүзиңди,
Таза турмыслардың саўлаты келди. 
Тарийхыңды толғар едим бул ўақта,
Поезд бизди күтип турмас бирақта.
«Даешь, Қараөзек!», аржағы-Тахта,
Жүрип кететуғын мəўлети келди. 
Қанша көп тийесең пахта, салыңды,
Бул жол сонша қурғынлатар ҳалыңды.
Бул нағыз айдын жол, наны қалыңды,
Ишсең суў орнына шербети келди. 
Шайырлар дүр шашып шийрин тиллерден,
Заман сүйинши сорап бизиң еллерден,
Амангүл, Бағдагүл, Райгүллерден
Жолашардың қəде-қəўмети келди... 
Тəрийпин айтайын бул келген заттың,
Тепловозда күши алты мың аттың,
Абаданлық пенен мəденияттың
Ағар булақ ырыс дəўлети келди. 
Саррас рельслери солдат қайыстай,
Ушқан қустан, ескен желден қалыспай,
Таў тийесең тартып кетер қайыспай,
Уллы техниканың қүдирети келди. 
Шымбайда шай ишип шықсаң есиктен,
Поезд минип тербелерсең бесикте.
Тек болғаны минер ўақта кешикпең,
Гудок шалса, жүрер мүддети келди. 
Арба емес, бул асықпай барарға,
Такси емес саўдаласып турарға.
Заманының суў тулпары бул арба,
Сақый дəўранлардың ҳиммети келди. 
Умыт болар не қыйынлық көргениң,
Шифер излеп, тахтай сорап жүргениң,
Тақыятастан көмир тасып бүлгениң,
Бəри умыт болар əўмети келди. 
Кетсең бир купеде төрт адам болып,
Мəскеўге барарсаң еки тақ қонып.
Поезд емес, айтсам атағын толық:
Заманның көшпели жəннети келди. 
Ташкент ҳəм Нөкистиң таяр жайлары,
Сибирьдиң көк сүзген қарағайлары,


144 
Əлжир, апельсини, ҳинди шайлары, - 
Станцияңа түсер нəўбети келди. 
Раҳмет əдиллик, даналықларға,
Турмыс қандай толы жаңалықларға!
Бизлер ылақ баққан далалықларға,
Жаңа дəўранлардың келбети келди. 
Мың алғыс бул жолды салып келгенге,
Тулпарды ноқталап алып келгенге.
Заман қəдирин билип, дəўран сүргенге,
Шадлы турмыслардың зийнети келди. 
Кеўил шарлап ушқан кустай талпынар,
Уллы елдиң туўысқанлық салтына.
Азамат, мийнеткеш Шымбай халқына
Қутлы болсын айтар нəўбети келди. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   69   70   71   72   73   74   75   76   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling