Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
АЎЫЛ, АЎЫЛ!
Шайырлар аўылда туўылып, қалада өледи. (рус нақылы) Үлкен шəҳəр арқасында, Қалың терек арасында Елеспесиз бир аўыл бар, Кегейлиниң жағасында, “Туўған жерим” деген сөздиң, Мəни берип пайқасына, Қояр едим жулдыз етип, Аспандағы ай қасына... Анам туўып, ҳəййиў айтып, Сөйлеп жүрип тил үйреткен, Умытарман оны қəйтип, Ес билдирип, адам еткен! Қулдыраған соқпақларын, Сылдыраған салмаларын, Тил дүзеткен тақмақларын, Шүллик пенен аңғалағын... Бала гезде нан батырып Сары майдың тортасына, Ылақ-қозы бағып жүрип Аяқтағы арқашына, Малы менен, шөби менен Үйкелесип бир өскенмен, Ийтлериниң көби менен Ийт тилинде сөйлескенмен. Кеўлим сонда қалған уғып Керексизин, керегин де. Ойлағанман, бар жақсылық Усы жерде дөреген деп ... 145 * * * Көп аўыллар қубламызда Гөззал жəне қурғын келер, Қалалардан қашып барып, Ол жерлерде турғың келер. Бизиң аўыл бул дизимге Кирмесе де кеўли бийик. Бундай аўыл жер жүзинде Мен ойлайман жоқ па дийип. Қанəəтшил халқы сондай, Не ислесе ҳəли келер. Қыз-келини туўған айдай, Жигитлери дəли келер. Шөпкерден жай салып алса, Бир “жигули” алып алса, Қатерели қалалыға Қудамдалы болып алса; Бағ ҳəреми болмаса да, Үй қасында қорасы көп. Дийқаншылық қылмаса да, Егис жерге таласы көп. Шеңгел қора қыспалатып, Буға байлап, мал сақлайды, Арығын семиртип сатып, Базар күни шалжақлайды. Өңи түўе, түсинде де Қалаға бир барып қайтар. Гешир-пияз екпесе де, Қаўын-қəмек алып қайтар... * * * Тоқшылықтың салдарынан, Дəстүри көп ойлап тапқан. Қыз узатса аўылынан. Түскен жерин жаўдай шапқан. Той берсе де, қой берсе де, Өз пайдасын питиреди. “Ким неше сом əкелди” деп, “Көк дəптерден” өтиреди, Оннан кейин қонақлардың Басын қоспай, бөлип-бөлип, Үйлерине қоңсылардың Киргизеди ертип келип. Көрпешени ийзеп жатып, Аўқатын күтесең сонша. Аш жүрекке ақтан татып, Басың мыңғырдай болғанша... Таң алдында, қайтар ўақта. “Бақсыға шық” деп келеди. 146 “Шықпасаң да, бақсы пулын Бер” деп, көзи жеп келеди. Дуўтарының қулағына Пул қыстырсаң йошар бақсы. (Бундай бақсылардан мына, Масқарапаз маймыл жақсы.) Ал ҳаяллар сумка былғап, Дастурханлар аўмасады. “Штамповка салыпты” деп, Абысынлар даўласады... Қонақты бир жерге жыйнап, Ортадан тамада сайлап, Қосық тыңлап, тост айтысып, Отырсаң дə ҳəмме шағлап! Күйеў қайда, келин қайда? Бирге отырып тилек айтсақ, Барған киси қусап тойға, Лəззет алып үйге қайтсақ... “Биз жоқ-жуқа заманда да Бул бəлени көрмегенбиз. Аш-əптада болғанда да, Байыў ушын той бермегенбиз. Ҳүрмет пенен бетин ашып, Келиншекти сыйлағанбыз, Халық жыйналып кеўли тасып, Бақсы, жыраў тыңлағанбыз. Орыс, өзбек ҳəм басқа да Көп билимли халықлар бар. Жаңа дəўирде ҳасла да Бүйтип той бермейди олар. Бизиң аўыл неге сонша, Бундай шадлы, кең заманда, Дəстүрлерди бузып бунша, Қысым қылып атыр жанға? Бул не көргенсизлик, тоба! Ҳəр мурнында батпан самал..." Деп баяғы ата баба, Аўнап түсип жатқан шығар... * * * Аўыл, аўыл! Бəри бир сен Жақынсаң жан жүрегиме. Сүймегенде сени əбден, Бундай сөзлер келеди ме! Сени деген ўақларымда, Сағынышың молайтады, Билимсизлеў жақларыңды Мен айтпасам, ким айтады? 147 Ай-ҳай, онда ер азамат Жигитлер бар еди сондай, Илгир зейин, кеўли абад, Бектурсын ҳəм Урзымбайдай... Ол жерде көп жораларым, Асық атып, лəңки тепкен. Қыл өтпестей аралары, Ылайымыз - бир қəндектен, “Нарком” деймиз, “паррық” деймиз, Нуратдийин, Кəримин де, Нурым емес, “мурын” деймиз, Лақабы бар бəриниң де. Көрискенде жыл қусындай Үйкелесип қалысамыз. Бир үйирдиң жылқысындай Киснеп-киснеп табысамыз. Оннан кейин бир баса-бас Отырыспа басланады. Ким зейинли, ким осамас, Бəри ашып тасланады. Шағал мəслик қызып бети, Жыққын қусап урып кетер. Басқымың көп байтөбети Бир байғусқа минип кетер, Сөз ийнесин сабақласа, Қамырдан қыл суўырғандай, Ким басқыға шыдамаса, Шыға қашып жуўырғандай. Жыларыңды, күлериңди Я билмесең не дериңди, Азлы-көпли абырайдан Үзгендейсең гүдериңди. Дана болар наданың да Қарсылығың қуры кетер. Олақ деген адамың да, Солақ пенен урып өтер. Отырғызып жүресинен, Туўдырғандай енесинен... Сақла, қудай! Қарақалпақтың Басқы деген бəлесинен! Гəптиң бундай астарлысын, Мəдделисин, дастарлысын; Ҳəзил сөздиң көп қырлысын, Гулəңгирдей тепкирлисин; Ийик жонса ғаррекшидей, Дүрбезе боп шығатуғын, Шыбын тутқан өрмекшидей, Қумырысқаға талатыўын; Тилдиң сонша тереңлигин, Сөз цехының шеберлигин; Толқын болып жүгиретин, Күлкиниң бул қүдиретин – 148 Жоқ шығар деп ойлайман мен Бул аўылдан басқа жерде; Күлки журты - Габрово, Аты шыққан Ақшəҳəрде... “Ертең түсте бизиң үйде Боламыз” деп бири шығар. Екиншиси “нəўбет - бизде” Деп даўысы ири шығар. Бир дефицит таўардай ақ, Саған гезек турар бəри. Басын жойтқан байғус қонақ, Ҳəммесине болар дəри. Азанғы шай ҳалқасына Қаймақ қойып пал қасына, Қонақ келсе, қуўанғаннан Жатып ишер шалқасына. Күни-түни қонақ күтер, Дизде диңке қалмағанша, Бесжапқа бир сүңгип алып, Басты дүзеп алмағанша... * * * Қайтар ўақта үлкен жолдан Аўылыма бир қарайман. Келешегин болжап алдан, Қыял бағын аралайман. Сонда қыял бостанымда Сулыў жайлар қатар-қатар Бағ ҳəремли қыябанда, Гөззал аўыл гүллеп жатар. Комплекс өндирисли, “Бизде уллы күш” деп турған, Машиналар түрли - түсли Кнопкаға ислеп турған. Жери тегис кең тақталық, Егинлери болық сондай. Жаңа мектеп, клуб салып, Заманагөй болған қандай; Ески ата мəканларда Шашаў жатқан ҳəўлилер жоқ, Кебир менен ызғарлар да Қурытылған егис жер боп. Табысы мол, иси алық, Совхозымыз алға кеткен, Өз ўактында айлық алып, Интимақлы мийнет еткен. Фермасы жоқ, тамға сүйеп – Сыйырларын саўатуғын, От орнына сводка жеп, Қыстан зорға шығатуғын. 149 Жесир қатынның мүлкиндей Техникасы жайрап жатпас, Силпилесе күн ебиндей, Машиналар жолда батпас. Басшылар жоқ баяғыдай, Тек планын ойлайтуғын, Көмекшиге жутап удай, Оқыўшыны жумсайтуғын... Иске асады буның бəри, Ҳəзир заман соған көшти. “Гигант” совхоз таналары “Дурыс” десип мөңирести... Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling